Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибинде депутатлар дәслеп, Қараөзек районы Ишки ислер бөлиминиң жәмийет қәўипсизлиги хызмети бөлими тәрепинен 2024-жылдың сентябрь айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәм Қараөзек районы аймағындағы ҳәрекетсиз кәрханларды үйрениў жуўмақларын талықлаў нәтийжелери бойынша Өзбекстан саўда санаат палатасы Қараөзек районы бөлиминиң есабатлары тыңланды.
Сондай-ақ Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша келип түсип атырған мүрәжатларды үйренген ҳалда ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын үйрениў ҳәм үйрениў нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасы баслығының мәлимлемеси тыңланды.
Сондай-ақ, сессиясының күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген барлық мәселелер толығы менен көрип шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди ҳәм алдағы режелер белгилеп алынды.

➡️@QaraozekHakimligi
ДАҒАЗА!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-май айындағы “Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын жәнеде жетилистириў ҳаққында”ғы 5130-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң режесине тийкарланып, 2024-жылдың 21-25 октябрь күнлери мобиль маммоскрининг арқалы, Қараөзек районы медицина бирлеспесинде, график тийкарында халыққа хызмет көрсетеди.
Онда онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, ҳаялларда сүт бези қәўипли өспелериниң ерте басқышларын анықлаў бойынша маммоскринингтен өткерилиўин баслайды.
Медициналық көриктен 45-65 жастағы ҳаяллар өтиўи мүмкин.
Онда халқымызға бийпул хызмет көрсетиледи ҳәм пуқаралар өзлери менен паспорт яки ID картасы, амбулатор картасын алып келиўлери шәрт.

Қараөзек районы медицина бирлеспеси администрациясы.

👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалықлар_бағдарламасы

⚡️Қарақалпақстан телеканалы "Жаңалықлар" бағдарламасында Қараөзек районындағы «Асхат-Рупат» фермер хожалығы.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Қараөзек районында пахта теримшилер шет еллерге шықпай ақ шаңарағына дәрәмат киргизбекте.

⚡️Быйылғы пахта жыйын терим мапазында теримшилеримиз ушын белгиленген тәртипте жумыслар алып барылып, олар шет еллерге шықпастан, терим пулларының асырылыўы нәтийжесинде шаңарақларына қосымша дәрамат киргизип келмекте.
Бүгин район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президент Администрациясы ўәкиллери менен биргеликте, пахта жыйын-терими мәўсиминде фермер хожалықлары тәрепинен теримшилерге зәрүрли мийнет ҳәм дем алыў шараятларын жаратып бериў, оларға мийнет ҳақыларын өз ўақтында толық төлеў, жыйын-теримге қатнасыўшыларды азық-аўқат пенен тәмийинлеўди жолға қойыў бағдарындағы жумысларды көзден өткерди ҳәм теримшилерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Олар райондағы «С. Камалов» АПЖ да жайласқан «Бийбиназ» фермер хожалығының пахта атызларында болып, теримшилерге ҳармасын айтты ҳәм алдыңғы теримшилерди баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.
Ҳәр қандай мийнет адамы хошаметке ылайық. Әсиресе бүгингидей ғалабалық жыйын-терим ислеринде басқаларға үлги болып, мийнет алдынғысы болып киятырған пидайы пахтакешлердиң мийнетин улығлаў ең үлкен мүнәсип сыйлық есапланады.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi