«Қойбақ» та район ҳәкиминиң гезектеги көшпели қабыллаўы өткерилди

⚡️Бүгин биринши сектор баслығы А. Баймуратов «Қойбақ» АПЖ да болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.
Район ҳәкими дәслеп, мәҳәллени абат етиў, кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы исленген жумыслар ҳәм аймақта жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлар менен жынаятшылықларға тоқтап өтип, бул бойынша жумысларды биргеликте жеделлестириў бойынша өз усыныс ҳәм пикрлерин билдирди.
Буннан соң, тийисли қәнигелер район аймағындағы бос жумыс орынлары менен таныстырып, жумыссыз пуқаралар менен жасларға жаратылған шараятларға тоқталды ҳәм пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.
Онда аймақтағы таза ишимлик суўын жеткерип бериўши суўды душшыландырыўшы үскенениң насазлығы, Гүзберген аўылын да жасаўшы шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын суў насосларын орнатып бериў ҳәм Нөкис қаласы менен Қойбақ аўылы арасына жөнелисли автобус қойып бериў бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Бул билдирилген мүрәжатлардың орынланыўы бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Қараөзек районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибинде депутатлар дәслеп, Қараөзек районы Ишки ислер бөлиминиң жәмийет қәўипсизлиги хызмети бөлими тәрепинен 2024-жылдың сентябрь айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәм Қараөзек районы аймағындағы ҳәрекетсиз кәрханларды үйрениў жуўмақларын талықлаў нәтийжелери бойынша Өзбекстан саўда санаат палатасы Қараөзек районы бөлиминиң есабатлары тыңланды.
Сондай-ақ Мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша келип түсип атырған мүрәжатларды үйренген ҳалда ҳәким жәрдемшилериниң жумысларын үйрениў ҳәм үйрениў нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасы баслығының мәлимлемеси тыңланды.
Сондай-ақ, сессиясының күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген барлық мәселелер толығы менен көрип шығылып, тийисли шешимлер қабыл етилди ҳәм алдағы режелер белгилеп алынды.

➡️@QaraozekHakimligi
ДАҒАЗА!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 27-май айындағы “Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын жәнеде жетилистириў ҳаққында”ғы 5130-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң режесине тийкарланып, 2024-жылдың 21-25 октябрь күнлери мобиль маммоскрининг арқалы, Қараөзек районы медицина бирлеспесинде, график тийкарында халыққа хызмет көрсетеди.
Онда онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, ҳаялларда сүт бези қәўипли өспелериниң ерте басқышларын анықлаў бойынша маммоскринингтен өткерилиўин баслайды.
Медициналық көриктен 45-65 жастағы ҳаяллар өтиўи мүмкин.
Онда халқымызға бийпул хызмет көрсетиледи ҳәм пуқаралар өзлери менен паспорт яки ID картасы, амбулатор картасын алып келиўлери шәрт.

Қараөзек районы медицина бирлеспеси администрациясы.

👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жаңалықлар_бағдарламасы

⚡️Қарақалпақстан телеканалы "Жаңалықлар" бағдарламасында Қараөзек районындағы «Асхат-Рупат» фермер хожалығы.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi