Буннан соң, түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери жәмленген театрластырылған композициялар жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмет халықларының бет ашарлары, миллий дәстүрлериниң әжайып үлгилери ашылыў мәресиминиң шын мәнисинде гүлтажы болды десек алжаспаған боламыз. Бул арқалы түрли халықлардың миллий өзгешелиги көрсетилиў менен бир қатарда, халықлар дослығы, миллетлер аралық татыўлықтың үлгиси көрсетилип, бул өз нәўбетинде байрамға айланып кеткен ашылыў салтанатына өзгеше заўық бағышлады.

Бундан сўнг, турли миллат вакилларининг миллий урф-одат ва анъаналари мужассамлаштирилган театрлаштирилган композициялар йиғилганлар эътиборига ҳавола этилди.

Қорақалпоқ, ўзбек, қозоқ, туркман халқларининг бет очарлари (Келин салом), миллий анъаналарининг ажойиб намуналари очилиш маросимининг чин маънода гултожи бўлди десак, адашмаган бўламиз. Бу орқали турли халқларнинг миллий ўзига хослиги намоён этилиши билан бир қаторда, халқлар дўстлиги, миллатлараро тотувлик намунаси кўрсатилиб, бу ўз навбатида байрамга айланиб кетган очилиш тантанасига ўзига хос завқ бағишлади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Ашылыў мәресими даўамында Арал балықларынан 99 түрли тағам, қара үйлер жанында түрли миллет ўәкиллериниң көргизбелери, сүўретлеў өнери үлгилери, театрластырылған хореографиялық концерт бағдарламасы усынылып, бул өз нәўбетинде мийманларда үлкен тәсирлер қалдырды.

Очилиш маросими давомида Орол балиқларидан 99 хил таом, қора уйлар ёнида турли миллат вакилларининг кўргазмалари, тасвирий санъат намуналари, театрлаштирилган хореографик концерт дастури намойиш этилиб, бу ўз навбатида меҳмонларда катта таассурот қолдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Қаратерең» этно-туристлик комлпексиниң ашылыў мәресими болып өтти

"Қаратерең" этно-туристик мажмуасининг очилиш маросими бўлиб ўтди


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

▫️ Министрдиң финанс ҳәм экономика мәселелери бойынша орынбасары.

🔷 Тоғай хожалығы комитети:

▫️ Төрткүл мәмлекетлик тоғай хожалығы бас бухгалтери;

▫️ Тахтакөпир мәмлекетлик тоғай хожалығы бас бухгалтери.

🔷 Статистика басқармасы:

▫️ Қараөзек районы статистика бөлими бас қәнигеси.

🔷 Шымбай районы ҳәкимлиги:

▫️ Санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менежери;

▫️ Финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша бас қәниге;

▫️ “Көкши қала” МПЖ да ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Қараөзек районы ҳәкимлиги:

▫️ Санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менежери.

❗️Aрзалар 21.10.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди жибериў бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📹 Видео | «Замин» фонди кўмагида: Қорақалпоғистон Республикасидаги 180 та мактаб сув тозалаш ускуналари билан жиҳозланди; Нукусда экологик таълим фестивали ташкил этилди

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Медиабанк
«Қойбақ» та район ҳәкиминиң гезектеги көшпели қабыллаўы өткерилди

⚡️Бүгин биринши сектор баслығы А. Баймуратов «Қойбақ» АПЖ да болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.
Район ҳәкими дәслеп, мәҳәллени абат етиў, кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы исленген жумыслар ҳәм аймақта жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлар менен жынаятшылықларға тоқтап өтип, бул бойынша жумысларды биргеликте жеделлестириў бойынша өз усыныс ҳәм пикрлерин билдирди.
Буннан соң, тийисли қәнигелер район аймағындағы бос жумыс орынлары менен таныстырып, жумыссыз пуқаралар менен жасларға жаратылған шараятларға тоқталды ҳәм пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.
Онда аймақтағы таза ишимлик суўын жеткерип бериўши суўды душшыландырыўшы үскенениң насазлығы, Гүзберген аўылын да жасаўшы шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын суў насосларын орнатып бериў ҳәм Нөкис қаласы менен Қойбақ аўылы арасына жөнелисли автобус қойып бериў бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Бул билдирилген мүрәжатлардың орынланыўы бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Қараөзек районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi