Ертең районның барлық аймағында газ өшеди.

Қараөзек, Тахтакөпир районларын тәбийий газ бенен тәмийинлеп турған жоқары басым газ тармағында оңлаў жумыслары ислениўине байланыслы
2024-жыл 15-октябрь күни 14-00 ден 18-00 аралығында
район аймағындағы барлық тутыныўшыларға тәбийий газ жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.
Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан  соң тәбийий газ қайта тикленеди.
Газди ашып жағыў ўақтында тутыныўшылардан техника қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди соранамыз!

Қараөзек районы газ тәмийнаты бөлими

➡️
@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Ҳүрметли пуқаралар ҳәм мәкеме, кәрхана шөлкем басшылары!

⚡️⚡️⚡️МОРЫЛАРЫҢЫЗДЫ ТАЗАЛАТПАЙ ТУРЫП, ҚАЗАНХАНАЛАРЫҢЫЗДЫ ҚОСПАҢ!!!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

Telegram | Instagram | Facebook
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: МДҲ давлатлари раҳбарлари саммитида Ўзбекистоннинг ташаббуслари юқори баҳоланди. Президент Махтумқули Фироғийга бағишланган форумда иштирок этиш учун Туркманистонда бўлди. Янги ҳафта Тошкент вилоятига ташрифдан бошланди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: ҒМДА мәмлекетлери басшылары саммитинде Өзбекстанның басламалары жоқары баҳаланды. Президент Муқтумқулы Фирагийға бағышланған форумда қатнасыў ушын Түркменистанда болды. Жаңа ҳәпте Ташкент ўәлаятына сапардан басланды.

Обзор важнейших событий за неделю: Инициативы Узбекистана высоко оценены на саммите глав государств СНГ. Президент посетил Туркменистан для участия в форуме в честь Махтумкули Фраги. Новая неделя началась с визита в Ташкентскую область.

Facebook|Instagram|X
Фермер хожалығына суў тежеўши үскене орнатылды.
Арал теңизи GRIP жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының тәбийғый апатшылықлардан ең көп жәбир көрген Бозатаў, Шымбай, Қараөзек ҳәм Кегейли районларындағы климат өзгериўи факторлары есапқа алынған ҳәм усы аймақларда аўыл хожалығын раўажландырыў, жасыл
инвестицияларды хошаметлеў ҳәм экологиялық турақлылықты арттырыў мақсетинде қоллап-қуўатланады.

Толық оқыў:https://qaraozek.uz/news/10993/
Қараөзек районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасы ФАО Қарақалпақстандағы бир зәрүрли жойбарды әмелге асырып атыр.

⚡️Бирлескен миллетлер шөлкеминиң азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасы ФАО 2003-жылдан баслап, Өзбекстанда азық- аўқат системаларының жерден пайдаланыўы ҳәм қайта тиклеўге тәсирин баҳалаў бағдарламасы жойбары тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Қашқадәря ўәлаятларында бул бағдарламаны қоллаў арқалы инсанның биологиялық ҳәр түрлилик тәсирин кемейтиўди мақсет еткен.
Усы мақсетте, Қарақалпақстан Республикасының Беруний ҳәм Қараөзек районларында тәжирийбе тийкарында тәбийий қорғаланатуғын мәмлекет қорық жерлерине жақын аймақлардағы халық хожалықлары таңлап алынды.
Қараөзек районындағы «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 5 хожалық таңлап алынып, оларға мотокултиваторлар менен қосымша түрде ыссыханалар қурып берилди.
Шөлкем басшылары келешекте бул пуқаралар ыссыханалардан мәўсимлик дәрамат табыў ҳәм мотокултиваторлардан үнемли пайдаланыў зәрүр екенликлерине тоқтап өтти.
Сондай-ақ, бул жойбардың келешекте райондағы фермер хожалығы жерлеринде алып барылыўы да нәзерде тутылған.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Этно-туристлик комлпекс ашылыўы мүнәсибети менен жаслар фестивалы болып өтти

Бүгин Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң ашылыўы мүнәсибети менен жаслар фестивалы өткерилди.

Онда республикамыз жаслары, мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери, кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қурралары ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп, мийманлар дәстүрлеримизге сәйкес түрде нан-дуз бенен күтип алынды. Буннан соң түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлери жәмленген театрластырылған композициялар, миллий қара үйлер жанында туўысқан халықлардың күнделикли турмысын сүўретлеўши көринислер, түрли ойын-заўық тамашалары жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Кең қамтыўлы түрде өткерилген жаслар фестивалында бесик шабар, тусаўкесерден баслап, қыз жыйыны, қыз узатыў, бет ашар ҳәм басқа да ата-бабаларымыздан қалған бай мийрасларымыз, миллий үрп-әдетлеримиз, сондай-ақ, қарақалпақ халқы ҳәм туўысқан халықлардың миллийлиги, өзлиги ҳәм өзгешелигин жәмлеген дигирман тартыў, уршық ийириў, гүбиде май писиў сыяқлы турмыслық көринислер, түрли халықлар дастурханынан тағамлар, аўыл хожалығы өнимлери ярмаркалары, көл бойында жаслар сейиллери, жылқы, түйеде сейил етиў, усы сыяқлы оғада бай этно орталық барлық қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер қалдырды.

Әсиресе, Бөршиниң таўы төбесинде дәрўазлар шығыўлары, өнерментлердиң қол өнерлери, сүўретшилердиң әтирап-аймақты сүўретлеўлери, саўлат төгип турған жаўынгер қызлар ҳәм басқа да көринислер өзгеше заўық бағышлады. 

Кешки концерт бағдарламасы «Fashion night» түрли миллет ўәкиллери кийимлери көргизбеси, музыкалы бағдарлама ҳәм салютлар шоуы менен даўам етти.

Этнотуризм мажмуаси очилиши муносабати билан ёшлар фестивали бўлиб ўтди

Бугун Тахтакўпир туманидаги Қаратерең кўли бўйида янги барпо этилган, ҳеч қаерда ўхшаши йўқ миллий колоритдаги «Қаратерең» этно-туристик мажмуасининг очилиши муносабати билан ёшлар фестивали ўтказилди.

Унда республикамиз ёшлари, маданият ва санъат ходимлари, кенг жамоатчилик, оммавий ахборот воситалари вакиллари иштирок этди.

Дастлаб, меҳмонлар анъаналаримизга мос равишда нон-туз билан кутиб олинди. Бундан сўнг турли миллат вакилларининг миллий урф-одат ва анъаналари жамланган театрлаштирилган композициялар, миллий ўтовлар ёнида қардош халқларнинг кундалик ҳаётини акс эттирувчи манзаралар, турли ўйин-кулги томошалари йиғилганлар эътиборига ҳавола этилди.

Кенг қамровли тарзда ўтказилган ёшлар фестивалида бешик шабар, тисов кесардан бошлаб, қиз базми, қиз узатиш, бет очар (Келин салом) ва бошқа ота-боболаримиздан қолган бой меросларимиз, миллий урф-одатларимиз, шунингдек, қорақалпоқ халқи ва қардош халқларнинг миллийлиги, ўзлиги ва ўзига хослигини мужассам этган тегирмон тортиш, урчуқ йигириш, гўбида ёғ чиқариш каби ҳаётий манзаралар, турли халқлар дастурхонидан таомлар, қишлоқ хўжалиги маҳсулотлари ярмаркалари, кўл бўйлаб ёшлар саиллари, от, туя миниб сайр қилиш, шу каби жуда бой этно муҳит барча иштирокчиларда катта таассурот қолдирди.

Айниқса, Бўрши тоғи тепасида дарвозлар чиқиши, ҳунармандларнинг ҳунармандчилик наъмуналари, рассомларнинг атроф-муҳитни тасвирлашлари, салобатли жангчи қизлар ва бошқа манзаралар ўзига хос завқ бағишлади.

Кечки концерт дастури «Fashion night» турли миллат вакиллари либослари кўргазмаси, мусиқий дастур ва салютлар шоуси билан давом этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube