Спортшыларымыз сыйлықланды.

⚡️Усы жылдың 14-20-августь күнлери Сурхандарья уалаятында спорттың «Волейбол» түри бойынша U-15 жас қызлар арасында Өзбекстан Республикасы чемпионаты ушын болып өкен жарысқа спорт мектеби тарбияланыўшылары Жолдасбаева Мунира, Балтабекова Шахноза, Курбанбаева Сапура ҳәм Шамшетдинова Назлымханлар, Республикамыз сайланды команда курамында қатнасып, сыйлы 1-орынды жеңип алыўға еристи.
Бүгин район ҳәкими А. Баймуратов усындай жасларымызды, олардың ата-аналары менен тренерлерин Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы менен қутлықлап, спортшыларымыздың жетискенликлерин жоқары баҳалады ҳәм ата-аналары менен тренерлерине миннетдаршылық билдирип, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.
Алдағы спорт жарысларында да қызларымыз жеңимпазлықты қолдан бермей, еледе өз үстинде көп шынығыўлар алып барыў кереклигин атап өтти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Fakt 24 | Kiberjinoyatlarga nega tez aldanyapmiz?

🌐Website | 📝Telegram | 🌐Facebook | 📹Youtube
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Республика онкология маркази - мамлакатимиз тиббиётида янги босқич. Тарихий адолат - Президент сиёсий қатағон қурбонлари хотирасини ёд этди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Республика онкология орайы - мәмлекетимиз медицинасындағы жаңа басқыш. Тарыйхый әдиллик - Президент сиясий репрессия қурбанлары естелигин яд етти.

Обзор важнейших событий за неделю: Республиканский онкологический центр - новое слово в отечественной медицине. Историческая справедливость - Президент почтил память жертв политических репрессий.

Facebook|Instagram|X
ВОЛЕЙБОЛ БОЙЫНША «ҲӘКИМ КУБОГЫ» ЖАРЫСЫ ӨТКЕРИЛДИ.

🏐Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен спорттың «Волейбол» түринен мәҳәлледеги ер баллар арасында «Ҳәким кубогы» жарысы өткерилди.
Жарыстың ашылыўында, район ҳәкими А. Баймуратов қатнасыўшыларды Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен қутлықлап, жасларды саламат турмыс тәризине тәрбиялаў, спорт тараўында буннан былай да белсендиликти асырыўға шақырды.
Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болып, жарыс жуўмағында "А. Досназаров" мәҳәллеси жаслары сыйлы I орынды, "Есимөзек" мәҳәллеси жаслары сыйлы II орынды, "Қуралпа" мәҳәллеси жаслары сыйлы III орынларды ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

⚡️@QaraozekHakimligi