Өткир ақыл оқыўшылардың есте сақлаў қәбилетин жақсылайды.

⚡️Бүгин Қараөзек районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшы жаслардың уқыплылығын, дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў, дыққатын ҳәм есте сақлаў қәбилетин жақсылаў, интеллектуал жақтан раўажландырыў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеплериниң 5-8-класс оқыўшылары арасында «Өткир ақыл» таңлаўының районлық басқышы «Гранта интеллект раўажландырыў орайы» менен биргеликте өткерилди.
Таңлаўға барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринен 128 оқыўшы қатнасты.
Таңлаў еки басқышта өткерилип, қатнасыўшы оқыўшылар өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди.
Таңлаў жуўмағы бойынша жеңимпазлар анықланып, нәтийжелери бойынша 5-8-класслар бойынша жеңимпаз оқыўшылар I-II-III -дәрежели өткир ақыл ийеси көкирек нышаны ҳәмде номинациялары, дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

➡️@QaraozekHakimligi
Полат Төлегенов 30 сотых үй алды қыйтақ жерин суў тежеўши технология арқалы суўғарып екти.

⚡️Президентимиз басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысларында үй алды қыйтақ жеринен үнемли пайдаланыў, бул бағдарда үлкен нәтийжелерди қолға киргизип, жоқары өним ҳәм дәрамат алған инсанлардың тәжирийбесин үйрениў, қыйтақ жерлерге базарға өтимли егинлерди шөлкемлестириў, шаңарақларға ықшам ыссыханалар қурыў, тамшылатып суўғарыў технологиясынан пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў Қараөзек районындағы бир қатар шаңарақларда әмелге асырылмақта.
Райондағы “Ак. С. Камалов” АПЖ турғыны Полат Төлегенов быйылғы жылы тамшылатып суўғарыў технологиясынан пайдаланып, 30 сотых майданға помидор, қыяр, капуста, кортошка, пияз, чеснок ҳәм тағы басқада азық-аўқатлық өнимлерди жетистириўди жолға қойды.
Бул техологияның абзаллықлары бириншиден суў ысырап болмайды ҳәм тамшылатыў арқалы өнимлердиң азығын суў арқалы бериў, нәтийжеде еккен егиниңнен еки есе өним алыў мүмкиншилиги бар-дейди биз бенен сәўбетте П. Төлегенов.

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

➡️@QaraozekHakimligi