Қараөзектен Наманганға саяхат

⚡️Қараөзек районының бир қатар белсендилери, Наманган ўәлаятында өтип атырған 63-халықаралық  "Гүллер фестивалы" на қатнасыў ушын саяхатта болып атыр.

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз елиўинши сессиясы 2024-жыл 20-май күни саат 9:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари эллигинчи сессиясининг очилиши тўғрисида

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг навбатдан ташқари эллигинчи сессияси 2024 йил 20-май куни соат 9:00 да Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг мажлислар залида очилади.

Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Дыққат! #Дағаза!

Мәҳәллелер аўқамының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте онлайн таңлаў жәриялайды.

Сизден мәҳәллелердеги руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларда, мәҳәлле жетилигиниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўда, сондай-ақ, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда “Ең белсенди Мәҳәллелер аўқамының қала ҳәм район бөлими баслығы”н анықлаўда даўыс бериўиңизди сораймыз.

Бөлим баслықлар ең көп жыйналған даўысқа қарап Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен төмендегише сыйлықланады:

1-орын – 3 000 000 сўмлық әдебий китаплар топламы;
2-орын – 2 000 000 сўмлық әдебий китаплар топламы;
3-орын – 1 000 000 сўмлық әдебий китаплар топламы менен сыйлықланады.

Ҳүрметли каналымыз ағзалары! Өзбекстан Мәҳәллелер аўқамы, Қараөзек районы бөлими баслығы Р. Данияровқа даўыс берип, қоллап-қуўатлаўға шақырып қаламыз!

Даўыс бериў силтемеси: @mahalle_dawis_beriw_bot

Даўыс бериў мүддети: 2024-жыл, 31-май. Саат: 23-59.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз елиўинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды камбағаллықтан шығарыў, Сайхунабад тәжирийбесин енгизиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин асырыў бойынша 2024-жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшыларының есабатлары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1-сектор басшысы Ф.Эрманов баянат жасады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстанда мийманхана хызметлерин раўажландырыў бойынша әҳмийетли қарар қабыл етилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында мийманхана хызметлерин раўажландырыў ҳәмде қолайлы шараятлар жаратыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 287-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстанда үш жулдызлыға айландырылатуғын бар болған мийманханалар ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Реже менен, Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў фонды Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған, жулдыз категориясына ийе болмаған бар болған мийманханаларды үш жулдызлыға айландырыў мақсетинде исбилерменлик субъектине мийманхана ханаларын үскенелеў ушын жумсалған қәрежетлердиң бир бөлегин қаплап бериў ушын субсидия бериледи.

Субсидия Мәмлекетлик хызметлер орайы яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер Порталы арқалы ажыратылады.

Субсидия Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған ҳәм катеорияға ийе болмаған мийманхана белгиленген тәртипте үш жулдызлығы ийе болғанда ажыратылады.

Исбилерменге үш жулдызлы категорияға айландырылатуғын бар болған мийманханалардың ҳәр бир ханасына 20 млн. сумнан субсидия бериледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Өткир ақыл оқыўшылардың есте сақлаў қәбилетин жақсылайды.

⚡️Бүгин Қараөзек районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшы жаслардың уқыплылығын, дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў, дыққатын ҳәм есте сақлаў қәбилетин жақсылаў, интеллектуал жақтан раўажландырыў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеплериниң 5-8-класс оқыўшылары арасында «Өткир ақыл» таңлаўының районлық басқышы «Гранта интеллект раўажландырыў орайы» менен биргеликте өткерилди.
Таңлаўға барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринен 128 оқыўшы қатнасты.
Таңлаў еки басқышта өткерилип, қатнасыўшы оқыўшылар өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди.
Таңлаў жуўмағы бойынша жеңимпазлар анықланып, нәтийжелери бойынша 5-8-класслар бойынша жеңимпаз оқыўшылар I-II-III -дәрежели өткир ақыл ийеси көкирек нышаны ҳәмде номинациялары, дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

➡️@QaraozekHakimligi