ВАТАНПАРВАРЛАР ӘСКЕРИЙ СПОРТЫНЫҢ РЕСПУБЛИКАЛЫҚ БАСҚЫШЫ ӨТКЕРИЛДИ.

Арқа-Батыс әскерий округинде Қорғаныў министириниң кубогы ушын  шөлкемлестирилген «Ватанпарварлар» әскерий спорт жарысыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқышына Қараөзек районы 23-санлы мектептиң "Темурийлер" командасы белсенди қатнасып қайтты.
Жарыста команда ағзалары бәрше шәртлерди шаққан, епшиллик пенен атқарып, сыйлы  III-орынды жеңип алыўға мияссар болды.
Жасларымызды бул жетискенлиги менен қызғын қутлықлап, бәлент пәрўазлар тилеймиз!

➡️@QaraozekHakimligi
#жасыл_мәкан

⚡️Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери Жасыл мәкан илажына салмақлы үлес қосып киятыр.
Олар Өрт-қутқарыў бөлими имараты әтирапына 400 ден аслам мийўе ҳәм декоратив нәллер ҳәм 5 түрдеги палыз өнимлерин егип тәрбиялап атыр.

➡️@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Axborot 24 | Davlat va jamoat arbobi Ubbiniyoz Ashurbekovga Davlatimiz rahbari nomidan faxriy yorliq topshirildi
#10apr #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#видеоролик.

Заманагөй техникалар фермерлер ушын жаңа имканият

⚡️Лизинг - финанслық тәмийинлеўдиң ең нәтийжели усылларынан бири болып, кәрханаларда тийкарғы қуралларды жаңалаў, ислеп шығарылып атырған өнимниң бәсекиге шыдамлылығын асырыў, салық ҳәм әмелдеги кәрежетлерин кемейтиў имканиятын береди.
Усындай имканиятлардан пайдаланып билген фермер хожалықларының ис өнимдарлығы артады.

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
#Вакансия

2024-жылдың 9-апрель ҳалатына Кегейли, Қараөзек, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў  районларында дизимге алынған бос жумыс орынлары менен танысың!

Кегейли районы 

Қараөзек районы

Қанлыкөл районы

Бозатаў районы

Каналға ағза болыў 👉@QQR_bantlik
Қараөзек районында 2024-жыл 1-мәўсиминде "Ашық бюджет" мәлимлеме порталы арқалы даўыс бериўде 13 усыныс жеңимпаз болды.

1. 1-санлы улыўма билим бериў мектебине спорт түрлерине масластырылған жасыл қапламалы бастырмалы заманагөй спорт майданшаларын (стадион) қурыў ушын 1 млрд.360 млн.сўм

2. 33-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыў-техникалық базасын беккемлеў ушын 496 млн. сўм

3. 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыў-техникалық базасын беккемлеў ушын 609,5 млн. сўм

4. Кәсип-өнер мектебине автомобиль басқарыўды үйрениў майданшасы ҳәм мектеп әтирапына тосық (бардёр) қурыў ушын 1 млрд. сўм

5. «Есим» МПЖ аймағындағы «Гулзар» көшеси бойынан аллея (дем алыў орны) қурыў ушын 1 млрд.360 млн.сўм

6. 8-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыў-техникалық базасын беккемлеў ушын 475,7 млн. сўм

7. 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң саз-әспаблары, сахналық кийимлерин сатып алыў ушын 700 млн. сўм

8. Қәнийгелестирилген мектептиң оқыў-техникалық базасын жақсылаў ушын 537,1 млн. сўм

9. «Есим» МПЖ аймағындағы бос турған имаратты руўхыйлық сарайы ҳәм районлық музей етип шөлкемлестириў ушын 1 млрд.360 млн.сўм

10. 26-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыў-техникалық базасын беккемлеў ушын 589,2 млн. сўм

11. 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыў-техникалық базасын беккемлеў ушын 251 млн. сўм

12. «Ак. С.Камалов» АПЖ аймағындағы «Қостамғалы» елатынан «Даўыл көл» елатын тутастырыўшы ҳәм «Даўыл көл» елатының ишки жолларын оңлаў ушын 1 млрд. 320 млн.сўм

13. 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыў-техникалық базасын беккемлеў ушын 300,6 млн.сўм.

➡️@QaraozekHakimligi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️“Жаҳонда нималар бўлаётганини сиёсатдан узоқ одам ҳам биляпти” – Шавкат Мирзиёев дунёда бўлаётган воқеа-ҳодисалар ҳақида

https://t.iss.one/hudud_inform
Хабарландырыў!

⚡️2024-жылдың  15-апрель сәнесинен 19-апрель сәнелери аралығында азанғы саат 09:00 ден кешки саат 18:00 ге шекем район аймағындағы 35/10 кВ Қаракөл, 110/35/10 кВ Қараөзек 35/10 кВ Есимөзек, 35/10 кВ Қуралпа подстанцияларында мәўсимли киши оңлаў  жумыслары алып барылыўына байланыслы, усы аймақлардағы тутыныўшыларды электр-энергиясы менен тәмийинлеў  ўақты-ўақты менен үзилиске түсетуғынлығын хабарлаймыз.

Қараөзек районы электр тәмийнаты.

➡️@QaraozekHakimligi
Қараөзекте "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" ойынларына старт берилди.
⚡️Районның «Бердақ» АПЖ спорт майданшасында спорттың футбол ҳәм киши футбол бойынша "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" ушын футбол жарысларының районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Жарысқа аймақлардағы мәҳәллелерден 26 команда қатнасып, дәслепки ушырасыўларға старт берилди.
Футбол жарысларының районлық басқышы апрел-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады.
Жарыстың районлық басқышына 500 ден аслам мәҳәлле жасларын қамтып алыў режелестирилген.

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi