Жойбар координаторларының қатнасында семинар шөлкемлестирилди.

⚡️Алдын хабар бергенимиздей «ACWA Power» компаниясы (Саудия Аравиясы) Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 1500 МВт болған самал электр станциясы қурылысын жойбарламақта.
Жойбар соның менен бирге, ақырғы пайдаланыўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын самал станциясын миллий тармаққа жалғайтуғын жоқары кернеўли ҳаўа электр узатыў линиясын (844 км) өз ишине алады.
Усы мүнәсибет пенен, Қараөзек районы ҳәкимлигинде «ACWA Power» жойбары координаторлары менен биргеликте “Қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў механизмин және де жетилистириў ҳаққында” ғы 541-санлы қарарына муўапық қоршаған орталыққа тәсир көрсететуғын 1 ҳәм 2 дәрежелерге тийисли болған искерлик түрлери бойынша шөлкемлестирилген жәмийетшилик еситиўинде мәҳәлле белсендилери, мәпдар тәреплер, мәмлекетлик емес коммерциялық болмаған шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў шөлкемлери ўәкиллериниң қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда тийисли тараў қәнигелери бул жойбардың алға қойған мақсети, иске түскеннен кейин атқаратуғын хызметлерин кеңнен түсиндирип өтти.
Семинар қатнасыўшылардың сораў жуўаплары менен даўам етти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
ҲӘКИМ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ.

⚡️Ҳәр қандай жәмийеттиң келешектеги раўажланыўы оның өсип киятырған жас әўладқа болған мүнәсибети, оған көрсетилип атырған ғамқорлығына байланыслы.
Соңғы ўақытлары жаслар менен ислеў бойынша пүткил жаңа система жаратылғаны, ул-қызларымыздың социаллық белсендилиги, заманагөй, демократиялық Өзбекстан мәмлекетин қурыўда наўқыран әўладларымыздың мүнәсип қатнасып атырғанлығы ҳәммемизди қуўандырады.
Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, олардың арзыў-нийетлерин, қәбилетлерин жүзеге шығарыў, биз алып барып атырған мәмлекет сиясатының ең әҳмийетли бағдары болып, бул жолда үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз әлбетте, бәршемизге белгили.
Бүгин райондағы Мәденият сарайында «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.
Онда район ҳәкими У. Утамбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен жасларымызға қаратылып атырған итибар, олардың ҳәр тәреплеме билимли, зийрек ҳәм бахытлы болып камал табыўлары ушын жаратылған имканиятлардан мақсетли пайдаланыў кереклиги атап өтилди.
Ушырасыў жасларымыздың қызықтырған сораўлары менен даўам етти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
⚡️Ушырасыў даўамында “Жаслар дәптери” не киргизилген жасларымыздыӊ машқалаларын шешиў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм контракт төлемлерин төлеп бериў ушын 10 жасқа район ҳәкими тәрепинен арнаўлы ваўчерлер менен белсенди жаслырымызға район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi