Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

⚡️Район халқының  гүз-қыс айларында электр энергиясы менен тәмийинлениўи қандай дәрежеде.
Бул ҳаққында Қараөзек районы электр  тәмийинлеўши кәрханасы баслығы менен брифинг өткерилди.

➡️@QaraozekHakimligi
Ҳүрметли пуқаралар, мекеме ҳәм кәрхана басшылары!!!

Жаңа жыл байрамының кирип келиў менен жасалма шыршаларды орнатыў ислери даўамында төмендеги қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң:

- имәраттың сыртында орнатылатуғын шыршалардың бәлентлиги, бағаналы шыршаларда 22 метр ҳәм конуслы шыршаларда 30 метрден аспаўы керек;
- шыршалардың күшли самал тәсиринде қулап кетпеўи ушын түбиринде тийисли аўырлық ҳәмде төрт тәрептен трос пенен беккемлениўи керек;
- электр тоқ сымлары стандарт талаплары бойынша орнатылыўы тийис;
- имәрат сыртында қурылған шыршаны безеў ушын қатаң түрде IP56 ҳәм IP65 қорғаў дәрежесиндеги (ҳәр қандай ҳаўа-райына шыдамлы) гирляндалардан пайдаланыў шәрт;
- IP20 ҳәм IP44 дәрежесиндеги гирляндалардан имәрат ишиндеги шыршаларда пайдаланыў мүмкин;
Шыршалардағы өртлердиң тийкарғы себеби электр тоқ-сымларынан келип шығатуғынлығын есапқа алып, электр монтаж ислери белгиленген көрсетпе тийкарында орынланыўы тийис.
Жаңа жыл шыршасының техник беккемлиги, электр ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, шырша әтирапындағы өрт қәўипсизлиги режимин қадағалаў Нызамшылыққа көре объект басшысына жүклетиледи.

Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими

➡️@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қәнигелердиң анализине бола, республикада соңғы жыллары гүзги-қысқы жылытыў мәўсиминде жүз берип атырған айрықша жағдайлардың басым көпшилиги ийис газинен зәҳәрлениў менен байланыслы.

Ийис гази реңсиз, ийиссиз, зәҳәрли бирикпе болып, ол көп жағдайларда тәбийий газ, жанар май, көмир, отын шоқларының толық жанбаўы арқалы пайда болады.

Ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў ушын не ислеў кереклиги ҳаққында сөз етилген видеороликти тамаша етиң.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
#онлайн

⚡️Қараөзек районында  ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин асырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша  Республика комиссия мәжилисиниң  2023-жыл 24-ноябрдеги 8-санлы баянламасы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде,  “Мәҳәллелерде  ҳаял-қызлар белсендилери жумысын нәтийжели шөлкемлестириў шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша үлгили система жаратаыў”   темасында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға  район ҳәкими орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Р. Сагидуллаева тийисли жуўапкерлер  ҳәмде аўыл ҳәм мәҳәллелердиң ҳаял-қызлар белсендилери  қатнасты.
Онда мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендилери тәрепинен әмелге асырылатуғын анық ўазийпалар ҳәм тийисли усыныслар түсиндирип өтилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇 
@QaraozekHakimligi
Жойбар координаторларының қатнасында семинар шөлкемлестирилди.

⚡️Алдын хабар бергенимиздей «ACWA Power» компаниясы (Саудия Аравиясы) Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында улыўма қуўатлылығы 1500 МВт болған самал электр станциясы қурылысын жойбарламақта.
Жойбар соның менен бирге, ақырғы пайдаланыўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын самал станциясын миллий тармаққа жалғайтуғын жоқары кернеўли ҳаўа электр узатыў линиясын (844 км) өз ишине алады.
Усы мүнәсибет пенен, Қараөзек районы ҳәкимлигинде «ACWA Power» жойбары координаторлары менен биргеликте “Қоршаған орталыққа тәсирин баҳалаў механизмин және де жетилистириў ҳаққында” ғы 541-санлы қарарына муўапық қоршаған орталыққа тәсир көрсететуғын 1 ҳәм 2 дәрежелерге тийисли болған искерлик түрлери бойынша шөлкемлестирилген жәмийетшилик еситиўинде мәҳәлле белсендилери, мәпдар тәреплер, мәмлекетлик емес коммерциялық болмаған шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў шөлкемлери ўәкиллериниң қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда тийисли тараў қәнигелери бул жойбардың алға қойған мақсети, иске түскеннен кейин атқаратуғын хызметлерин кеңнен түсиндирип өтти.
Семинар қатнасыўшылардың сораў жуўаплары менен даўам етти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi