#онлайн

Киши бизнести раўажландырыў бойынша семинар шөлкемлестирилди

⚡️Қараөзек районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 15-ноябрь күнги «Киши бизнести раўажландырыў финанслық қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында» ғы ПҚ-366-санлы қарарының мазмун-мәниси, киши бизнести раўажландырыўды финанслық ҳәм институтционал қоллап-қуўатлаў илажлары бағдарында семинар болып өтти.
Семинарда шығып сөйлеўшилер, халықты киши ҳәм орта бизнеске кең тартыўдың қосымша илажлары белгиленгени, яғный «Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў» комплекс бағдарламасы шеңбериндеги жойбарларды финанслық тәмийинлеў ушын банк уставына қосымша 300 млн АҚШ доллары муғдарында қаржылар ажыратылып атырғанлығы ҳәм қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында қатнасыўшыларға түсиниклер берди.
Сондай-ақ, семинар даўамында халықты исбилерменликке тартыў бойынша белгиленген тәртиплер айтып өтилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
🏆Прокурор_кубоги

#Волейбол

⚡️Райондағы мәҳәлле жасларының бос ўақытларын мазмунлы ҳәм спорт пенен өткериў мақсетинде, спорттың «Волейбол» түринен “Прокурор кубоги” жарысы болып өтти.
Жарысқа райондағы 13 мәҳәлледен 16-30 жас аралығындағы ер ҳәм қыз балалар қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, ер балалар арасында I-орынды «Есимөзек» АПЖ командасы, II-орынды «А.Досназаров» АПЖ командасы, III-орын «Ак.С.Камалов» АПЖ командалары жеңип алған болса, қыз балалар арасында I-орынды «Мәденият» АПЖ, II-орын «А.Досназаров» АПЖ ҳәм III-орынды «Бердақ» АПЖ командалары жеңип алыўға мияссар болды.
Жеңимпаз болған командаларды район прокуроры қутлықлап, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен прокурор кубогин тапсырды.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

👇👇👇
@QaraozekHakimligi
QUTLÍQLAW

⚡️Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesi janındaǵı Mámleketlik tildi rawajlandırıw departamenti tárepinen “Mártebeń bálent bolsın, ana tilim” atamasında Respublikalıq tańlawı shólkemlestirilip, onda “Mámleketlik til ústinligi támiyinlengen eń úlgili hákimlik” baǵdarında Qaraózek rayonı hákiminiń másláhátshisi D.Ótemuratova I orın dep tabıldı hám 33 000 000 swm pul muǵdarındaǵı sıylıq penen xoshametlendi.
Bul jetiskenligi menen D.Ótemuratovanı rayon hákimligi atınan qızǵın qutlıqlap, aldaǵı jumıslarında tabıslar tileymiz!

➡️@QaraozekHakimligi
Пуқаралардың қәўипсизлиги тәмийинленбекте.

Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими ҳәмде «Қараөзектумангаз»  хызметкерлери менен бирге «Өрт қәўипсизлиги айлығы» иләжы даўамында «Қутлы мәкан» МПЖ аймағындағы көп қабатлы турақ жайда жасаўшы пуқараның жылытыў қазаны үйренилгенде,  қолбала жылытыў қазаны жайдың жер төлесинде орнатылғанлығы, қазан морысы болса там бөлиминдеги шифер бастырмасы (чердак) астында жайласқанлығы анықланды.
Анықланған жағдай бойынша үй ийесине бул жағдай шаңарақ ағзаларының соның менен бирге қоңсыларының өмири ушын қәўипли екенлиги түсиндирилип, түсиндириўлер нәтийжесинде пуқара өзине тийисли жуўмақ шығарып, тезлик пенен жылытыў қазанын турақ жайдың сыртқы тәрепине көширип, қазан морысын болса норма талапларына муўапық там бөлиминдеги шифердан 1,5 метр жоқарыға шығарып, шаңарақ ағзаларының ҳәмде қоңсыларының қәўипсизлигин тәмийинледи.
Мағлыўмат ушын: Қурылыс норма талаплары бойынша турақ жайларда қолбала жылытыў қазаны ишки бөлмеге орнатыў (замангөй сертификатқа ийе болған қазанлар турақ жайдың ишки бөлмесинде орнатылўы мүмкин) қадаған етиледи ҳәмде қазан морылары турақ жайдың там бөлиминен 1-1,5 метр бәлентликте  орнатылыўы тийис.
Себеби бул өз гезегинде өзиңиздиң ҳәмде жақынларыңыздың зәҳәрли газден ҳәмде ҳаўа газ араласпасының бөлме ишине топланып ушқын шығыўы нәтийжесинде келип шығыўы мүмкин болған жарылыўлар менен байланыслы айырықша жағдайлардың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады.
Сонлықтан да пуқаралардан жеке меншик ҳәм көп қабатлв турақ жайларда үй ишине қолбала жылытыў қазанлары орнатылған болса еле суўық  күнлер келместен алдын, жылытыў қазанларын турақ жайдың сыртқы тәрепине көширип орнатыўға шақырып қаламыз!

Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими

➡️@QaraozekHakimligi
Мәртебең бәлент болсын, ана тилим

⚡️Қарақалпақ тили ҳаққындағы нызамның қабыл етилгенлигине 34 жыл толыў мүнәсибети менен Қараөзек районы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Мәртебең бәлент болсын ана тилим» атамасында әдебий кеше болып өтти.
Кешеге Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Х. Даўлетназаров, Өзбекстан журналистлер дөретиўшилик аўқамы ағзасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы Г. Жақсымовалар қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер , «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамның әҳмийети, ҳәр бир инсанның өз ана тилине болған меҳир-мухаббаты ҳәм ана тилимизди қәдирлеў, оның тазалығын сақлаўға раўажланыўына өз үлесимизди қосыў шәрт екенлигин атап өтти.
Буннан соң, мектеп оқыўшылары ана тилимизди жырлаўшы қосық тақмақлар, сахналық көринислер менен аяқ ойынлар атқарып қатнасыўшыларға инәм етти.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi