#Семинар

Бүгин Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарма баслығы П. Махсетбаев ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы М. Камаловлар басшылығында Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм «Камалак» балалар шөлкеми жумысларын улыўма орта билим бериў мектеплеринде нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған оқыў семинары өткерилди.
Оған районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары қатнасты.
Семинар даўамында мектеп сәрдарлары тәрепинен шөлкемлестирилген илажларға оқыўшы жасларды қамтып алыў, оқыўшылардың қызығыўшылығына қарай дурыс бағдар бериў ҳәм жақын күнлерде өткерилиўи белгиленген «Камалак жулдызлары» фестивалының районлық басқышына таярлық көриў жумыслары бойынша сәўбетлести.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Видеоролик

16-Ноябрь "Миллетлерара татыўлық күни"

⚡️Миллетлерара татыўлық-келешегимиз ҳәм тынышлығымыз тиреги!


Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Комиссия мәжилиси өткерилди

⚡️Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў комиссиясы мәжилиси өткерилди.
Мәжилис даўамында «Өрт қәўипсизлиги» айлығы даўамында әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгиленип мәкемелер, кәрханалар ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықларына тапсырмалар берилди.


➡️@QaraozekHakimligi
#Жазылыў_2023

Бүгин Қараөзек районы ҳәкимлигинде 2024-жыл ушын республикалық газета-журналларға жазылыўды үгит-нәсиятлаў бойынша дүзилген исши топар ағзаларының ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўға райондағы мәкеме шөлкем, оқыў орынлары басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, бүгинги күнде ҳәрекет етип турған газета-журналлар республикамыздың жәмийетлик-сиясий турмысындағы жаңалықларды тарийх бетлерине жазып қалдырыўы менен әҳмийетли екенлигин атап өтип, жазылыў тәртиплери ушырасыў қатнасыўшыларына кеңнен түсиндирилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
📌 Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында "Footbal for school"

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районында жайласқан бир қатар мектеплерде ФИФАның "Football for school" жойбары бойынша Мастер класс ҳәм шынығыўлар алып барылды. Соңында жасларға ФИФА, УФА ҳәм ККФА тәрепинен саўғалар тапсырылды.

✍️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📸 @kkfa_uz