11-ноябрь «Кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети район орайында жайласқан Мәденият орайында байрам кешеси өткерилди.
Байрам кешесинде шығып сөйлеўшилер, қатнасыўшыларды 11-ноябрь “Кәсиплик аўқамлары қүни” байрамы менен қызғын қутлықлап, билимлендириў тараўында жемисли мийнет етип киятырған ҳәм билимлендириў мәкемелериндеги кәсиплик аўқамы басланғыш шөлкеми баслықлары ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Байрам илажы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «Медицина хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Байрам салтанатына Өзбекстан Республикасы Мәденият министри, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық артисти, Озодбек Назарбеков ҳәм елимиз сүйген сөз устасы Валижон Шамшиевлер қатнасты.

Өткерилген иләжда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, тараў пидайыларын бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Өткен қысқа дәўир ишинде Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм Қарарлар қабыл етилди. Заманагөй медициналық мәкемелер қурылды, тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, ең шетки аймақлардағы медицина мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Болып өткен байрам салтанатында тараўда пидайылық пенен жемисли мийнет етип киятырған медицина тараўы хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен сыйлықланды.
Байрам салтанаты көркем-өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Вакансия_ҳәпте_даўамында

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен ҳәпте даўамында Нөкис қаласы ҳәм районлық бөлимлер тәрепинен анықланған бос жумыс орынлары менен танысың!

1.Нөкис қаласы

2.Тахтакөпир районы

3.Хожели районы

4.Шоманай районы

5.Шымбай районы

6.Тақыятас районы

7.Қоӊырат районы

8.Мойнақ районы

9.Нөкис районы

10.Төрткүл районы

11.Елликқала районы

12.Беруний районы

13.Әмиўдәрья районы

14.Қараөзек районы

15.Бозатаў районы

16.Кегейли районы

17.Қанлыкөл районы

Министрликтиң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter
Қутлықлаў!

Ҳүрметли шыпакерлер, медицина тараўы хызметкерлери!

Ең дəслеп, Сизлерди ҳәр жылы елимизде кең түрде белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлайман.

Халқымыздың саламатлығын сақлаўдай жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жолда өзин аямай, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған сиз әзизлердиң мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи.

Қәдирли дослар!

Биз Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеўди өз алдымызға ийгиликли мақсет етип қойған екенбиз, бул жолда халқымыз саламатлығын беккемлеў ең əҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болыўы тәбийғый. Сондай-ақ, саламатлық пасбанларының аўыр ҳәм жуўапкершиликли мийнетлерин мүнәсип қәдирлеў, олардың өз кәсибине болған сүйиспеншилигин арттырыў мәселеси барқулла мәмлекетимиздиң дыққат итибарында.

Ҳүрметли тараў пидайылары!


Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, халқымыздың саламатлығын қорғаў жолында алып барып атырған ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан

#Хабар_бағдарламасы

⚡️Қараөзек районы "Қаратаў" аймағында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде исбилерменлерде терек нәллерин егиўди әмелге асырмақта.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi