Райондағы “Қутлы мәкан” мәкан пуқаралар жыйынында жынаятшылықтың алдын алыўға қаратылған иләж өткерилди.

⚡️Илажға район район ҳәкиминиң орынбасары шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, төртинши сектор баслығы ҳәм ишки ислер бөлими профилактика инспекторлары менен көше бийлери, аймақ турғынлары қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, мәкан пуқаралар жыйынында жынаятшылықтың алдын-алыў, ҳуқық қорғаў органлары басшылары менен биргеликте ҳуқықый үгит-нәсият тараўындағы машқалалар, аймақтағы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыў себеплери, олардың алдын алыўға қаратылған жумысларда ушырасып атырған тосықлар ҳаққында пикирлер тыңланды.
Буннан соң, ҳәр түрдеги жынаятлардың алдын-алыў ушын ең дәслеп пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў зәрүрлиги, жас өспиримлердиң бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўди жолға қойыў, олардың жүрис-турыс қағыйдаларын турақлы түрде қадағалаў лазымлығы бойынша усыныслар берилди.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

➡️@QaraozekHakimligi
Бугун маълумот кўп, бироқ жамоатчиликка ишончли ахборот тарқатадиган манбалар кам.

"Hudud inform" канали барча давлат ташкилотларининг расмий маълумотлари эълон қилинадиган ягона ахборот платформасидир.

Хабарларни биринчи манбадан олишни истасангиз, https://t.iss.one/hudud_inform каналини кузатиб боришни тавсия қиламиз.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстандағы 12 жүрегинде туўма нуқсаны бар болған наўқас бала бийпул операция исленди

Президентимиздиң басламасы менен америкалы ҳәм Өзбекстан Балалар миллий медицина орайының кардиохирург шыпакерлери тәрепинен Қарақалпақстан медицина институтының клиникасында жүрегинде туўма нуқсаны бар болған наўқас балалар Америка стандартлары тийкарында бийпул операция исленбекте.

Акция 3 ҳәпте даўамында болып өтиўи жобаластырылған болып, онда 50 нәрестеде хирургиялық әмелият өткериледи. Бүгинги күнге шекем 12 бала қурамалы операциядан шықты. Олардың аўҳалы қанаатландырарлы деп баҳаланбақта.

Акцияда АҚШтан келген шыпакерлер менен бир қатарда, институт хызметкерлери, ординаторлар, магистрлар ҳәм студентлер белсене қатнаспақта.

Сондай-ақ, онда кардиохирургия бойынша шеберлик сабақлары шөлкемлестирилмекте. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет — Америка стандартлары тәжирийбесин өзлестириў ҳәм институт клиникасына енгизиўден ибарат.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️“Мен студентпен” атамасында гала-концерт өткерилди

Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал тәлим шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын мәмлекет гранты тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажратыў белгиленген еди.

Быйылғы оқыў жылы ушын усы квоталардың бөлистирилиўи ақырына жеткерилди. Яғный Қарақалпақстан Республикасы бойынша 9 мың 500 жас грант ҳәм контракт тийкарында ЖООларына қабыл етилди.

Сол мүнәсибет пенен, Нөкис қаласындағы Жаслар орайы алдында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен “Мен студентпен” атамасында гала-концерт өткерилди.

Концертте барлық жаслар Қарақалпақстанлы жасларға берилип атырған үлкен итибар ҳәм имканиятлары ушын Президентимизге өз миннетдаршылықларын билдирди.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Аралбойы аймақлары экологиясын жақсылаўға бағдарланған жумыслар нәтийжели алып барылмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен Аралдың қурыған ултанына сексеўил егиў арқалы «жасыл қапламалар»ды пайда етиў ҳәм аймақ экологиясын жақсылаўға бағдарланған жумыслар нәтийжели алып барылмақта.

Буның ушын арнаўлы түрде Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилген болып, онда 2022-2026-жыллары әмелге асырылыўы тийис болған жумыслардың избе-излиги келтирип өтилген.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта БАӘ тәжирийбеси тийкарында, Өзбекстанда, әсиресе, Аралбойы аймақларында жасалма түрде жаўын жаўдырыў технологиясын енгизиў жойбары көрип шығылмақта.

Буған байланыслы мәселе Өзбекстан сыртқы ислер министри ҳәм Жәҳан метеорологиялық шөлкеми, БАӘ метеорологиялық бюросы ўәкиллери қатнасыўында додаланған.

Усыған муўапық, усы жылдың ноябрь айларында БАӘ мәмлекетинен қәнигелер делегациясының Өзбекстанға келиўи күтилмекте.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Нью-Йорк шаҳридаги ўзига ажратилган қароргоҳда Халқаро валюта фонди бошқарувчи директори Кристалина Георгиевани қабул қилди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев в отведенной для него резиденции в городе Нью-Йорке принял директора-распорядителя Международного валютного фонда Кристалину Георгиеву.

#Mirziyoyev #uchrashuv #XVF #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
АҚШга амалий ташриф доирасида Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Қўшма Штатларда яшаётган ва ишлаётган бир гуруҳ ватандошларимиз ҳамда ушбу мамлакатнинг етакчи олий таълим даргоҳларида таҳсил олаётган “Эл-юрт умиди” жамғармаси стипендиатлари билан учрашди.

В рамках программы рабочего визита в США Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев встретился с группой соотечественников, проживающих и работающих в Соединенных Штатах, и стипендиатами Фонда «Эл-юрт умиди», обучающимися в ведущих американских вузах.

#Mirziyoyev #uchrashuv #vatandoshlar #Elyurtumidi

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter