Қарар ҳәм оның орынланыўы тәмийинленбекте.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрдеги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктура менен тәмийинленгенлик дәрежесин жәнеде жақсылаў арқалы халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 500-санлы қарары қабыл етилип, усы тийкарда халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалаларға шешим таўылып атыр.
Қараөзек районында да қарар бойынша 2023-жылда ишки хожалық топырақ жолларды қум-щебенли жолларға өткериў жумыслары әмелге асырылып атыр.
Бүгинги күнге шекем район бойынша 20 километр аралықтағы ишки жолларға қум щебен араласпасын төсеў ҳәм тегислеў жумыслары жүргизилди.
Халық депутатлары Ⱪараөзек районлық Кеӊеси депутатлары «Бердақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ишки көшелердеги қурылыс-оңлаў жумыслары менен жақыннан танысып, аймақ турғынларының пикир усынысларын тыӊланды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@QaraozekHakimligi

Қараөзек районы Ак. С. Камалов, А. Досназаров, Қараөзек, Қуралпа АПЖ аймақларында усы жылдың 21-ҳәм 24-июнь күнлери аралығында азанғы саат 8:00 ден кешки 18:00 ге шекем 110/35/10 кВ Қараөзек подстанциясынан шығыўшы Л-35-кВ ли КС-3-1 жоқары кернеўли ҳаўа линиясында ири онлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы усы аймақлардағы барлық түрдеги тутыныўшыларды электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша үзилиске түсетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
Қараөзек районлық электр тәмийинлеў кәрханасы.
➡️@QaraozekHakimligi

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Инсан_қәдири_ушын
⚡️Қараөзек АПЖ аймағы егислик майданларының суў менен тәмийнлениўи аўыл турғынларына қуўаныш бағышламақта.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi
⚡️Қараөзек АПЖ аймағы егислик майданларының суў менен тәмийнлениўи аўыл турғынларына қуўаныш бағышламақта.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi
Көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслар менен пикирлесилди
Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Хожели районының белсенди жаслары ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда елимизде жасларға деген итибар, олардың қәбилетин ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў ушын жаратып берилген шараятлар, кең мүмкиншиликлер ҳәм бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў бағдарында сөз етилди.
Жасларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген бир ўақытта теңлеслери арасында үлги боларлық нәтийжелерге ерискен, барлық тараўларда өзиниң күш-жигерлилиги, айрықша минез-қулқы, умтылыўшаңлығы, ең баслысы жаңа баслама ҳәм идеяларға бай екенлиги менен ажыралып туратуғын жаслар көпшиликти қурайды.
Ушырасыўда жасларға болған усындай итибардың жоқарылығы, бунда Хожели районы жаслары арасынан да бир қатар алдынғы жигит-қызлар жетилисип шығып атырғанлығы атап өтилди.
Хожели районында бүгинги күнде бир қатар миллет ўәкиллери дос, татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап келмекте. Көп миллетли район халқы арасынан елимизге белгили, бәршемиз мақтаныш тутатуғындай жаслар камалға келип, жетилисип шыққан.
Ушырасыўда сондай-ақ, бүгингидей глобалласыў дәўиринде ең бийбаҳа байлық болған тынышлықты сақлаў, кеңпейил халқымызға тән аўызбиршиликти еле де беккемлеў, жасларға жаратып берилип атырған оғада кең көлемли имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиз раўажланыўы жолында биргеликте ат салысыў керек екенлиги бойынша сөз етилди.
Буннан тысқары, теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter