🔔 Búgin 25-may — Sońǵı qońıraw!

Tolıq oqıw:👉https://qaraozek.uz/news/8946/

✍️Qaraózek rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

➡️@QaraozekHakimligi
🔔Соңғы қоңыраў!

Мектепте өткерилген «Соңғы қоңыраў» илажы питкериўшилердиң таярлаған байрам концерт бағдарламалары менен даўам етти.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин қутлықлады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пайтахтымыздағы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды.

Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен үлгили, белсенди оқыўшыларға ҳәм оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди.

Сондай-ақ, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы менен жасларға үлкен итибар қаратылып, өз қәбилетин жүзеге шығараман деген жасларға бар мүмкиншилик жаратып берилип атырғанлығы, буннан тысқары, мектеп питкериўшилерин үлкен өмирде жаңаланған Конституцияда белгиленген теңсиз имканиятлар күтип турғанлығы айрықша атап өтилди.

Илажда соңғы қоңыраў қағылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter