БАСЛЫ МАҚСЕТ: ОҚЫӮШЫЛАРДЫҢ ҚӘӮИПСИЗЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕӮ

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер Министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў Министрлиги усынысы тийкарында мектеп оқыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәр түрли бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ушын бир қатар иләжлар әмелге асырылмақта. Яғный, жол бойында жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплеринде педагог хызметкерлердиң нәўбетшилигин еледе күшейтиў мақсетинде, нәўбетшиниң үстинде “МЕКТЕП НӘӮБЕТШИ” атлы жазыӯ түсирилген арнаӯлы кийим, сондай-ақ, “ДЫҚҚАТ! МЕКТЕП. ТЕЗЛИКТИ АСЫРМАҢ!” көринисиндеги жазыў түсирилген баннер оқыўшылар өтетуғын жолдың шетине орнатылып жас өспиримлердиң қәўипсизлиги тәмийинленбекте.
@QaraozekHakimligi
ҚУЎНАҚЛАР ҲӘМ ЗИЙРЕКЛЕР КӨРИК ТАҢЛАЎЫ ӨТКЕРИЛДИ.
Усы жылдың 13-февраль күни районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде февраль айы “Нәшебентликке қарсы гүресиў айлығы” шеңберинде мектептиң жоқары класс оқыўшылары арасында “Биз нәшебентликке қарсымыз!” сүрени астында қуўнақлар ҳәм зийреклер көрик таңлаўы өткерилди. Таңлаўда оқыўшылар жаслар арасында нәшебентликтиң алдын алыў оның инсан организимине кери тәсири ҳаққында сахналық көринислер көрсетип, сораў жуўаплар менен даўам етти. Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
@QaraozekHakimligi
ОҚЫЎ-СЕМИНАР ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.
Усы жылдың 24-январь күни Президентимиздиң Олий Мажлиске Муражатнамасында реформаларымыздың нәтийжелилигин асырыўда жаңа парламент, депутат, сенаторлар, аймақлық Кеңеслер жумыслары алдында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар турғанлығын белгилеп берди. Президентимиз тәрепинен бул белгилеп берилген анық ўазыйпалардың толық орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қараөзек экономика ҳәм турмыс хызмети кәсип–өнер колледжинде Халық депутатлары Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатларының қатнасында оқыў-семинары шөлкемлестирилди. Семинарда Президентимиздиң Олий Мажлиске Муражатнамасының мазмун-мәнисин ҳәм ондағы белгилеп берилген ең әҳмийетли ўазыйпаларының орынланыўы додаланды ҳәм әмелге асырыў механизмлери түсиндирилип өтилди. Семинар даўамында депутатлар өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
«МИЛЛИЙЛИГИМИЗДИ ҚӘСТЕРЛЕЙИК»
Халқымыз арасында қарақалпақ миллий дәстүрлер, қосық ҳәм бақсышылық атқарыўшылық өнерлерин, халқымыздың үрп-әдетлерин раўажландырыў ҳәм келешек әўладларға жеткерип бериўге көмеклесиў мақсетинде усы жылдың 14-февраль күни Қараөзек аўыл хожалық кәсип-өнер колледжинде районлық Мәденият бөлими «Мың тумен» фольклор этнографиялық халық жәмәәти, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша районлық Кеңеси ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими менен биргеликте «Миллийлигимизди қәстерлейик» атлы көрик таңлаў өткерилди. Таңлаўға ҳәр бир мәкән (посёлка) пуқаралар жыйынларынан нураний аналарымыз ҳәм жас келинлер халқымыздың миллий дәстүрлеринен саҳналық көринислер: Тусаў кесиў, Балаға ат қойыў, Ҳәйиў айтыў, Айдар кесиў ҳәм т.б. әдебий музыкалық композициялары менен қатнасты. Таңлаў жуўмағында ҳәр бир номинация бойынша жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
👇👇👇
@QaraozekHakimligi