Оқыў семинары шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябр күнги “Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери тәрепинен әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 595-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимлигинде оқыў семинар болып өтти.
Семинарға район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳәкимликтиң хызметкерлери, орынлардағы мәкеме, кәрхана ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары, ҳәким жәрдемшилери менен ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, қарардың мазмун-мәнисин кең түрде түсиндирип, алдағы исленетуғын ўазыйпаларды атап өтти.
Семинарға район ҳәкими У. Утамбетов қатнасты.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
⚡️2022-жылдың 27-октябрь күни райондағы "Қараөзек" АПЖ да Физикалық ҳәм юридкалық шахслардың машқалаларын үйрениў, машқалалардың әмелдеги нызамшылыққа муўапық шешилиўин түсиндириў мақсетинде райондағы мәкеме ҳәм шөлкемлер ўәкиллери қатнасында ушырасыў болып өтеди.

Мәнзил: Қараөзек АПЖ "Мәденият үйи" имараты.

Қабыллаў ўақты: 27-октябрь,
саат: 15:30

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
#инсан_қәдири_ушын

Өзбекстан Ⱪызыл Ярым Ай жәмийети Қараөзек районы бөлиминиң «Ҳәр бир нураный-жасларға устаз» жойбары шеңберинде нураныйлар ҳәм майыплылығы болған пуқараларға қәўендерлик илажы шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында "Қараөзек" АПЖ аймағында жасаўшы нураный Ө. Өтемуратовқа ҳаса таяқ ҳәм Б. Қәллибековқа майыплар абашасы берилген болса, "Есим" МПЖ жасаўшы Д. Сейфулинниң жасаў жағдайы үйренилип, ҳаса таяқ берилди.
Қәўендерлик ислери даўам етип атыр.

👉@QaraozekHakimligi
#Пресс_тур

Қараөзек районындағы “Қутлы мәкан” ҳәм “Ата мәкан” МПЖ да, ҳәким жәрдемшилери, район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы журналистлери менен аймақ халқының бәнтлигин тәмийинлеў, оларға жеңиллетилген кредитлер алып бериў бағдарындағы жумыслары бойынша пресс тур шөлкемлестирилди.
Пресс тур даўамында журналистлер аймақтағы өнерментлер, исбилерменлер менен ыссыханалар шөлкемлестирген пуқаралардың алып барылып атырған жумыслар менен танысып, олар менен кеңнен пикирлесип, арнаўлы көрсетиў таярлады.


Мағлыўмат ушын:

“Ата макан” мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси тәрепинен, 9-ай даўамында 83 пуқара турақлы жумысқа жайластырылып, 4 пуқараға субсидия тийкарында тигиў машинасы ҳәм ыссыхана алып берилип, 35 пуқара тигиўшилик бойынша кәсипке кайта оқытылмақта.
Сондай-ақ “Қутлы мәкан” МПЖ ҳәким жәрдемшиси тәрепинен кредит алыўды қәлеўши 55 пуқарадан арзалар келип, бүгүнги күнде жәми 53 пуқараға 973,0 млн сумлык кредитлер ажыратылған болса, 59 пуқараның 1 млрд 248 млн. сўмлық арзасына усыныс берилип жеӊиллетилген кредит ажыратыўға ерисилген.


Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев давлат раҳбарларининг “Марказий Осиё – Европа Иттифоқи” форматидаги биринчи мажлисида иштирок этиш учун амалий ташриф билан Остона шаҳрига жўнаб кетди.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев
отбыл с рабочим визитом в город Астану для участия в первом заседании глав государств в формате «Центральная Азия – Европейский Союз».

#Mirziyoyev #sammit #MarkaziyOsiyo #YI #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter