This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети 15-май Халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы бойлап мәдений кешелер ҳәм таңлаўлар шөлкемлестирмекте.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Таңлаўларға қатнасың ҳәм жеңимпаз болың.

Қарақалпақстан Республикаси Шаңарақ ҳәм ҳаял қызлар комитети мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Н. Караматдинова таңлаў жеңимпазы болды.

⚡️Усы жылдың 10-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында көрнекли сахна шебери, атақлы қосықшы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, Айымхан Шамуратованың туўылғанына 105 жыл толыўы мүнәсибети менен республикалық көрик-таңлаў шөлкемлестирилди.
⚡️Онда 16-25 жас категориясында районымыздан Караматдинова Надира Зинатдиновна қатнасып, сыйлы I орынды жеңип алыўға мияссар болды.
⚡️Жеңимпаз қызымыздың алдағы ўақытлардағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз.

Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

👉@QaraozekHakimligi
Екинши сектор аймағындағы пуқараларға қәўендерлик көрсетилди.

Район прокуроры Н. Джоламанов, район ҳәкиминиң орынбасары Қ. Азербаевлар «Қуралпа» АПЖ дағы бир қатар социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзалары менен ушырасып, олардың машқалалары менен танысты.
Усы күни сектор тәрепинен аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж 9 шаңараққа ҳәр түрли хожалық буйымлары бийпул тарқатылды.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

👉@QaraozekHakimli
Питкериўши жаслар менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен халық билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпаларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға байланыслы, Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мектеп питкериўшилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға район ҳәкими У. Утамбетов, республикамыздағы жоқары оқыў орынларының профессор оқытыўшылары менен мектеп директорлары ҳәм питкериўши жаслары қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимиз тәрепинен питкериўши жасларға жаратылған имканиятлар, қәнигеликлер, бағдарлар бойынша жоқары оқыў орнына ҳүжжетлер тапсырыў, жас исбилермен жойбары тийкарында питкериўши жасларды кәсипке бағдарлаў, исбилерменликке қызықтырыў, исбилерменлик бойынша жеңилликлер, ажыратылатуғын кредитлер, жаратылған имканиятлар ҳаққында түсиниклер берилди.
Буннан соң бир қатар жаслар келген мийманларға, өзлерин қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўаплар алды.

✍️Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

👉@QaraozekHakimligi
Халық билимлендириўин раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/3671

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы 2022-жыл 14-май күни саат 11:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
: @joqargikenes

website |facebook | telegram
#Сайлаў_2022

Xабарландырыў!

Усы жылдың 16-май күни райондағы төрт АПЖ да пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаўы болып өтеди.
Сайлаў болып өтетуғын орынлар.
1."
Қойбақ" АПЖ да саат 10:00 де 3-санлы мектеп имараты.
2."Қараөзек" АПЖ да саат 10:00 де, Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында.
3."А. Досназаров" АПЖ да саат 15:00 де 4-санлы мектеп имараты.
4."Есим өзек" АПЖ да саат15:00 де 11-санлы мектеп имаратында болып өтетуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
Taлабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар менен сайлаў өткерилетуғын орынларда толық танысыўыңыз мүмкин.
Аймақ турғынларын сайлаўға белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

👉@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Қараөзек районы аймағында Мәҳәллебай ислеӯ, кәмбағаллықты қысқартыӯ ҳəм исбилерменликти раӯажландырыӯ бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында район ҳәкими Утамбетов Узақберген Тлеўимбетовичтың район халқына мүрәжаты

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болың :

👉@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Қараөзек районы аймағында Мәҳәллебай ислеӯ, кәмбағаллықты қысқартыӯ ҳəм исбилерменликти раӯажландырыӯ бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында район ҳәкиминиң биринши орынбасары Азербаев Қуўанышбай Көшкинбаевичтыӊ район халқына мүрәжаты

Қараөзек районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болың :

👉@QaraozekHakimligi
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы бүгин саат 11:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы басланды.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнаспақта.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes


website |facebook | telegram