✍Депутатлар халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.
⚡️Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатлары тәрепинен депутатлар искерлигиниң «Əҳмийетли он күнлиги» шеңберинде сайланған аймақларында сайлаўшылары менен ушырасыўлар өткерилмекте.
📌Ушырасыўда Президентимиздиң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы ҳаққында» ғы Пəрманының мазмун-мəниси ҳəм де усы жылдың 23-24-февраль күнлери Президентимиз Ш. Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапарында белгилеп берилген ўазыйпалардың халқымыз турмысындағы əҳмийети бойынша өз сайлаўшыларына кеңнен түсиниклер берилмекте.
⚡️Сондай-ақ, 2022-жылдың май айында аӯыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаӯы алдынан пуқараларға түсиник жумыслары алып барылды.
📌Соның менен бирге сол аймақтағы халықтың мүрəжатлары үйренилип, тийисли тараўларға депутатлық сораўлар жиберилип ҳəр бир мүрəжат қадағалаўға алынатуғынлығы белгилеп алынды.
👉@QaraozekHakimligi

Студентлер жатақханасы пайдаланыўға тапсырылды
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турақ жайыныӊ ашылыў салтанаты болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасып, жыйналғанларды жаңа имараттыӊ ашылыў салтанаты менен қызғын қутлықлады.
Жаӊадан пайдаланыўға тапсырылып атырған 400 орынға мөлшерленген стдудентлер үйиниң қурылыс жумыслары ушын 14 млрд. сўмнан артық қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, 1 млрд. сўмнан артық қаржы есабынан заманагөй мебел ҳәм зәрүрли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.
Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, бул жерде студентлерди турақ жай менен еле де толық тәмийинлеў мақсетинде және 600 орынға мөлшерленген 2 студентлер жатақханасыныӊ қурылыс жумыслары басланыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
website |facebook | telegram

✍Қәдириятларымыз бийбаҳа байлығымыз
⚡️Қараөзек районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими, ИИБ хызметкерлери менен «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйынында «Миллий байлықлар - миллет ғәзийнеси» атамасында илаж шөлкемлестирилди.
📌Илажға 3-санлы УББ мектеби оқыўшылары менен аўыл турғынлары қатнасты.
⚡️Онда мектеп оқыўшылары тәрепинен миллий салт дәстурлеримизден «Бесик жыры», «Тысаў кесиў» қусаған миллий дәстүрлеримизди сәўлелендириўши сахналық көринислер қойып берилди.
📌Буннан соң ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди. Қабыллаў даўамында шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жеделлестириўге байланыслы пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси түсиндирилди. Ушырасыўда аўыл пуқаралары тәрепинен бир қатар мүрәжатлер билдирилди.
📍Мүрәжатлардың көпшилиги усы орында өз шешимин таўып, қалған мүрәжатлер бойынша тийисли мәкемелерге тапсырмалар берилип, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен қадағалаўға алынатуғынлығын билдирди.
✍Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

#Инсан_қәдири_ушын
💫Усы жылдың 23-Апрель күни, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпастан бөлиминиң 85 жыллығына арналып байрам илажы шөлкемлестирилди. Илажға районлық көзи әззилер жәмийетине ағза пуқараларымыз қатнасты.
💥Онда район ҳәкиминиң орынбасары И. Қосыбаев, Өзбекстан көзи әззилер жәмийети, Қарақалпастан бөлиминиң баслығы Қуўатбай Шараповалар байрам қатнасыўшыларын бөлимниң 85 жыллық юбелей сәнеси менен қызғын қутлықлады.
Буннан соң байрам қатнасыўшыларына район ҳәкимлиги тәрепинен байрам дәстурханы жайылып, ҳүрмет-иззет көрсетилди.
✨Байрам даўамында қатнасыўшылар арасында спорттың шахмат-шашка түринен жарыс өткерилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды. Байрам салтанатлары йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.