НАЎРЫЗ БАЙРАМЫНАН ФОТО РЕПОРТАЖ
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi
Президент Шавкат Мирзиёев:

Келеси бес жылда да халқымызды сапалы ҳәм тәжирийбели медициналық хызмет пенен тәмийинлеў, саламат турмыс тәризин кең қарар таптырыўды Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясының ең әҳмийетли бағдары сыпатында белгилеп алдық.

Бүгин сизлер менен денсаўлықты сақлаў тараўының улыўма аўҳалы, оны раўажландырыў мәселелери, системадағы әҳмийетли машқалаларды ашық-айдын талқылап, нәўбеттеги ўазыйпаларды анықлап аламыз.

Мен ҳәр сапар аймақларға барғанымда әлбетте медицина мәсканларына кириўге, шыпакерлер менен ушырасыўға ҳәрекет етемен.

Лекин, сизлер менен мине усындай ашық байланыс формасында биринши мәрте көрисип турыппыз.

Бүгин тараўдағы табысты - табыс, кемшиликти - кемшилик деп айтып, системадағы “кеселликлер”ге туўры диагноз қойып, олардың даўасын табыўға ҳәрекет етиўимиз зәрүр.

Медицина сондай тараў, оған тийисли болмаған инсанның өзи жоқ.

Ҳәммемиз де ыссы жанбыз, медицина мәкемелерине күнде-күнара мүрәжат етпеген адам табыў қыйын.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
“Халықмыз саны ҳәзирги ўақытта 35 миллионнан асты.

Бул халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўды, еӊ алды менен, медицина тараўында алып барып атырған ислеримизди улыўма жаңа басқышқа көтериўди талап етеди.

Бул бағдарда өткен дәўирде көп жумысларды әмелге асырып, салмақлы нәтийжелерге еристик.

Лекин еле бир қатар мәселелер, кемшилик ҳәм нуқсанлар өз шешимин күтип турыпты.

Усының себепинен, тараўдағы жағдайды сын көзқарастан анализлеп, орын алған машқалаларды системалы шешиў ўақыт-сааты келди, деп ойлайман”, деди Президент.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Булардың есабынан :

- бирлемши медицина буўынын пүткиллей жаңа жантасыўлар тийкарында түп-тийкарынан өзгертиўге кирисиледи;
- өткен жылдан баслап, ҳәр бир мәҳәлделада “шаңарақбай” ислейтуғын медициналық бригадалар дүзилди;

- 2021 жылдан бирлемши буўында халықты 66 түрдеги дәри өнимлери менен бийпул тәмийинлеў жолға қойылды.

- халыққа сапалы медициналық жәрдемди кеңейтиў мақсетинде, басланғыш системаға 20 мың орта медицина хызметкерлери қосылды.

- аўылларда жайласқан 801 шаңарақлық поликлиника жаңа заманагөй УЗИ ҳәм ЭКГ аппаратлары менен тәмийинленди;

- аўыл ҳәм мәҳеллелерде 8 түрдеги жаңа медициналық хызметлер жолға қойылды.

Атап айтқанда, саламатлық көрсеткишлери бойынша қәўип топарына кирген 12 миллион халықты мақсетли скринингтен өткериў басланды.

Булардың барлығы, өз нәўбетинде, сапалы медициналық хызметлерди “мәҳеллеге шекем түсириў” бойынша зәрүрли қәдемлер болды.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
#Наўрыз_байрамы
#Сыйлықлаў_мәресими
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Райондағы биринши ҳәм екинши сектор басшылары тәрепинен сектор кесиминде пуқаралар мүрәжатлары үйренилмекте.
⚡️Бул бағдардағы жумыслар "Хабар" бағдарламасында.
👉@QaraozekHakimligi
БЕРДАҚ АПЖ ДА НАЎРЫЗ СЕЙИЛИ ӨТКЕРИЛДИ.
Халқымыз интизарлық пенен күтетуғын жаңа күн ҳәм жаңа пасыл шығыс халықларының жаңа жыл басламасы менен басланатуғын “НАЎРЫЗ” байрамы, райондағы «Бердақ» АПЖ да өткерилип, онда район ҳәкими орынбасарлары ҳәм аўыл жас үлкенлери бәрше қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳәр бир шаңараққа қут-берекет, аўызбиришилик, мол ырысқы-несийбе, дийханларымызға молшылық, бәлент қырман жаратыўына тилеклеслик билдирди.
Буннан соң байрам тамашалары басланып, миллий спорт ойынлары, миллий тағамлар көргизбелери шөлкемлестирилип, миллий кийимлердеги қыз-келиншеклердиң сейиллери менен 7-санлы мектеп оқыўшыларының Наўрыз ҳаққындағы қосық тақмақлары, сахналық көринислери бәршеде үлкен заўық бағышлады.
Сондай-ақ байрам мүнәсебети менен аймақтағы бир қатар белсенди фермер хожалық баслықларына район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Байрам сейили басқада аймақларда даўам етип атыр.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
@QaraozekHakimligi