ТУЎЫЛҒАН ҮЛКЕМДИ ЖЫРЛАЙМАН
Бүгин районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 4–санлы улыўма орта билим бериў мектебинде, Қарақалпақстан Халық шайыры Толыбай Қабуловдың туўылғанлығына 83 жыл толыў мүнәсибети менен «Туўылған үлкемди жырлайман» атамасында мәдений әдебий кеше шөлкемлестирилди. Илажға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы М.Атажанов, «Шухрат» медаль ийеси, Халық билмлендириў ағласы, шайыра Г.Оразымбетовалар мийманда болды. Илаж даўамында мектеп оқыўшылары шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигинен сахна көринислери, қосықлар атқарып, қатнасыўшылар нәзерине усынылды.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Видеоролик
Қараөзек жасларының бир күни
@QaraozekHakimligi
#Бүгин
#Онлайн
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасында район прокуратурасы, ишки ислер бөлими, әдиллик бөлими ҳәм басқа шөлкемлер менен биргеликте пуқаралардың мүрәжатлары қабылланып атыр.
@QaraozekHakimligi
Президент Шавкат Мирзиёев ҳудудлар ривожи ва аҳоли ҳаёти билан танишиш мақсадида Қорақалпоғистон Республикасига жўнаб кетди.
Бу гал янгиликлар, ўзига хос жиҳатлар кўп. Хусусан, биринчи рақамли борт илк бор Тошкентдан Мўйноққа келади. Ташриф ҳам, аввалгилардан фарқли равишда, уч кун бўлади.

Президент Шавкат Мирзиёев для ознакомления с развитием регионов и жизнью населения отбыл в Республику Каракалпакстан.
Борт номер один впервые совершит полет из Ташкента в Муйнак. В отличие от предыдущих, нынешняя поездка продлится три дня.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНҒА ЖӨНЕП КЕТТИ

Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардыӊ раўажланыўы ҳәм халықтыӊ турмысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына жөнеп кетти.

Бул рет жаӊалықлар, өзине тән өзгешеликлер көп.

Атап айтқанда, дәслепки борт Ташкенттен Мойнаққа келеди. Сапар да алдынғылардан өзгеше тәризде, яғный үш күн болады.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети мәлим етти.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Арал теңизиниң қурыған ултаны тоғайлыққа айландырылмақта

Арал теңизи қурыўының қәўипли тәсирин кемейтиў, аймақта экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ушын 2018-2019-жылдың қыс-бәҳәр мәўсиминде 500 мың гектарлық тоғайлықлар пайда етилди. 2021- ҳәм 2022-жылларда және 700 мың гектар жерге 100 миллионнан аслам сексеўил егиледи.

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Қараөзек районында улыўма баҳасы 50 миллион долларлық инвестиция есабына "Қарақалпақцемент" ЖШЖ да цемент ислеп шығарыўды 1,1 миллион тоннага кеӊейтиў ислери әмелге асырылады. Нәтийжеде 150 жаӊа жумыс орны жаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@QaraozekHakimligi
#Хабарландырыў
Райондағы "Ата мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Қарақалпақстан көшесинде 23-Февраль күни саат 11:00 ден, 15:00 ге шекем №5 санлы трансформатор пункитинен пайдаланыўшы, 157 жеке хожалықлардың электр-энергиясы менен тәмийинлениўи ўақтынша үзилеске түсти.
Ҳәзирде авариялық жағдай сапластырылмақта.
Бул үзилислер ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.
Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Президент Шавкат Мирзиёев Мойнаққа келди ҳәм жаӊаланған аэропортта әмелге асырылған қурылыс жумыслары менен танысты.

Сол жерде мойнақлы жасы үлкенлер, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар менен ушырасыў болып өтти.

Елимиз басшысы Мойнақтағы әҳмийетли мәселелер, алдағы жумыслар бойынша халықтыӊ пикирин сорады. Кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери билдирген усынысларды қоллап-қуўатлап, тийисли уйым басшыларына тапсырмалар берди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram