#Жасыл мәкан

Қараөзек районында "Әҳмийетли 40 күн" жойбары тийкарында нәл егиў жумыслары үй алды қыйтақ жерлеринде ҳәм жол бойларында даўам етпекте.
@QaraozekHakimligi
Президент Шавкат Мирзиёев Президент Қасим-Жомарт Тоқаевнинг таклифига биноан давлат ташрифи билан Қозоғистон пойтахти Нур-Султон шаҳрига келди.
Нурсултон Назарбоев номидаги халқаро аэропортда олий мартабали меҳмон шарафига фахрий қоровул саф тортди.
Давлатимиз раҳбарини Қозоғистон Республикаси Президенти Қасим-Жомарт Тоқаев кутиб олди.
Ташрифнинг асосий тадбирлари 6 декабрга мўлжалланган.

Президент Шавкат Мирзиёев по приглашению Президента Касым-Жомарта Токаева прибыл с государственным визитом в столицу Казахстана Нур-Султан.
В Международном аэропорту имени Нурсултана Назарбаева в честь высокого гостя был выстроен почетный караул.
Главу нашего государства встретил Президент Республики Казахстан Касым-Жомарт Токаев.
Основные мероприятия визита пройдут 6 декабря.

#Mirziyoyev #tashrif #Qozogiston #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Ҳүрметли район халқы!
Мәкеме, шөлкем басшылары !
Әзелден китап оқыў инсан тәрбиясында оның индивидуал өзгешеликлерин ашып бериўде әҳмийетли ҳәм ажыралмас орын тутады. Усы көз-қарастан келип шығып заманагөй дүньяда китап оқыўды биринши нәўбетте билимлендириў тараўында, сондай-ақ ҳәр биримиздиң шаңарақлық турмысымызда айрықша орын тутыўын бүгинги күнимиз дәлийллеп бермекте. Мәмлекетимизде Президентимиз Ш. Мирзиёевтың бул бағдарда айырықша итибар ҳәм шараят, имканиятлар менен жаңаша мәмлекетлик сиясат дәрежесинде ислеп шығылған келешек ийелериниң бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм мәнаўиятын асырыў бойынша бес әҳмийетли басламасының алға сүрилиўи, сондай-ақ, 2017 жыл 13-сентябрдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын асырыў ҳәмде үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли ис-илажлар бағдарламасы ҳаққында» ғы ПҚ-3271-санлы қарары тийкарында «Ең китапқумар мектеп» сүрени астында ҳәр бир мектепте шөлкемлестирилип атырылған акция, жойбарлар мақсети жас әўладтың китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириўде, сондай-ақ шаңарақта, жәмәәтте саламат руўхый орталықты қәлиплестириўде китаптан нәтийжели пайдаланыў, китапқумарлықты ен жайдырыўда мәкеме, шөлкем басшыларын, ҳәр бир ата-ананы, мектеп питкериўшилерин перзенти тәлим алып атырған билим дәргайларына қарай шақырмақта. Сизден Президентимиз басламасын қоллап-қуўатлаған ҳалда перзентиңиз тәлим алып атырған мектебинде усы жылдың 6-декабрь күнинен баслап өткерилетуғын китаплар акциясына белсене қатнасып, халқымыз келешеги, перзентлеримиздиң руўхый жетиклиги ушын пидайылық үлгисин көрсетиўге шақырамыз!
Бул қайырлы ҳәм саўаплы ис арқалы елимиз келешеги ийелериниң кәмиллиги жолында билимлендириў дәргайлары, жәмәәтиңиз ушын да мақтанышлы ис болады деп есаплаймыз!
Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлими
Мағлыўмат ушын телефон: 61 465 53 61
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Исбилерменлер ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасы Олий суды Президиумы тәрепинен 2021 жылы 27-февральда тастыйқланған «Жол картасы» ның 112, 128-бәндлериниң орынланыўы бойынша жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Ж. Алланиязов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы Ж. Аймағанбетовалар, Қараөзек районында исбилерменлер ҳәмде район турғынлары менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда тийислилиги болмағанлығы ушын қабыллаўдан бас тартылған арзалар, судқа мүрәжат еткен пуқараларды әўере қылмаў ушын усы арзаларды көрип шығыў ушын тийисли болған судқа туўрыдан-туўры жибериў шарасын көриўдиң әҳмийети ҳәмде мәниси түсиндирилди. Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды. Буннан тысқары ушырасыў даўамында судьялар тәрепинен ҳәзирги күнде мәмлекетимизде «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәптелиги», «Зорлыққа қарсы бирге гүресемиз» ураны астында 16 күнлик акциясы даўам етип атырғанлығы ҳаққында сөз етилип, «Коррупция», «Ҳаял-қызларға қарата зорлық» қа қарсы алып барылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың мазмун-мәниси ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Қараөзек районы Юридикалық хызмет көрсетиӯ орайы жумыс баслады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик уйымлары ҳәм мәкемелерине юридик хызмет көрсетиӯди жәннеде жеделестириӯ
ис-иләжлары ҳаққында» ғы 2021-жыл 29-июнь күнги ПҚ-5168-санлы қарарына тийкар, 2021 жыл 1-октябрь күнинен баслап, Қарақалпақстан Республикаси Әдиллик Министрлиги жанында Қараөзек районы юридикалық хызмет көрсетиӯ орайы шөлкемлестирилди.
Қараөзек районы юридикалық хызмет көрсетиӯ орайы
Юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәмлекетлик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметлерин ҳуқықый тәрептен тәмийинлеӯ;
мәмлекетлик уйымларына сыпатлы ҳәм қәнийгели юридикалық жәрдем көрсетиӯ;
мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлериниң ҳуқықый саӯатлылығын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыӯ;
мәмлекетлик уйымлардың мүлки ҳәмде басқа ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин өз ӯақтында, ҳәр тәреплеме ҳәм сыпатлы қорғаӯды тәмийинлеӯ;
мәмлекетлик уйымлар тәрепинен қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң нызамлы ҳәмде ҳәр тәреплеме пуқта ҳәмде сыпатлы болыӯын тәмийнлеӯден ибарат.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына тийкарында 2021 жыл 1-октябрь сәнесинен баслап мәмлекетлик уйымларына юридик хызмет көрсетиӯ менен байланыслы барлық мағлыӯматлар толық электрон түринде жыйнаӯ, қайта ислеӯ ҳәмде додалап барыӯды әмелге асырыӯ имкәнын бериӯши «E-huquqshunos» электрон тизими шөлкемлестирилди.
Орайлар тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемлер арасында өз-ара жумысты шөлкемлестириӯ «E-huquqshunos» электрон тизими арқалы әмелге асырылады. Зәрүр жағдайларда, орай хызметкерлери өз хызметлерин тийисли хызмет көрсетиӯши мәкемелер жайласқан имратта да әмелге асырыӯы мүмкин. Бунда, хызмет көрстиӯши мәкеме басшылары орайдың хызметкерилерине тийисли шәрт-шәраят жаратып бериӯи лазым.
Юридик хызмет көрсетилетуғын мәкемелер тәрепинен Юридикалық хызмет көрсетиӯ орайы менен келисилмеген ҳалда қабыл етилген ҳәр қандай буйрықлар, бийликлер, шәртнамалар ҳәм юридикалық түсдеги басқа ҳүжжетлер ҳақықый емес деп табыӯ ушын тийкар есапланады.
Қараөзек районы Юридикалық хызмет көрсетиӯ орайына, хызмет көрсетиӯши мәкемелерден усы кунге шекем 734 буйрықлар ҳәмде шәртнамалар келип түсип, оларға ҳуқықый жуӯмақлар берилди.
Қараөзек районы юридикалық
хызмет көрсетиӯ орайы
Бас юрисконсульты: А. Калиев


👇👇👇
@QaraozekHakimligi
Аўыл хожалығына арналған мәжилис болып өтти.
Бүгин район ҳәкимиятының мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-Ноябрдеги ПҚ-20-санлы қарарының мазмун-мәнисин түсиндириўге арналған мәжилис болып өтти. Мәжилиске район ҳәкиминиң орынбасарлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары менен аўыл хожалығына тийисли қәнигелер ҳәм жаслар қатнасты. Онда шығып сөйлегенлер, районда мийўе палыз ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў, оннан таярланатуғын өнимлерди экспорт қылыў, бул өнимлерди үй алды қыйтақ жерлерине егиўди көбейтиў ҳәм сол арқалы шаңарақлардың дәраматларын жетилистириў мүмкин екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ «Темир дәптер», «Жаслар дәптери», «Ҳаяллар дәптери» нде дизимде турған жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында кең имканиятлардың бар екенлиги сөз етилди. Мәжилис соңында қатнасыўшылардың сораўларына қәнигелер тәрепинен тийисли жуўаплар қайтарылды.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇
@QaraozekHakimligi
#Тайынлаў

Камалов Ислам Муратбекович
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириў-кадрлар топары басшысы лаўазымына тайынланды.


Қараөзек районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириў-кадрлар топары басшысы лаўазымына 2021-жыл 6-декабрь сәнесинен баслап Камалов Ислам Муратбекович тайынланды.
Мағлыўмат ушын:
И.Камалов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы “Тоза ҳудуд” мәмлекетлик унитар кәрханасы Қараөзек районы филиалы баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
👇
@QaraozekHakimligi