1-ОКТЯБРЬ «МУҒӘЛЛИМЛЕР ҲƏМ УСТАЗЛАР» КҮНИ БАЙРАМЫ.
Халқымызда муғәллимди "Миллет тәрбияшысы" деп бийкарға айтпаған. Жас әўладтың санасына билим нурын таратыўда ҳәр бир айтқан ақыл нәсиятты инсан жүрегине жол таўып, кеўил сарайына адамгершилик пазыйлетин сиңдирип барыўда, устаз муғәллимлердиң бийминнет хызметлери айрықша. 1-Октябрь «Муғәллимлер ҳəм устазлар» күни мүнәсебети менен районлық ХББ не қараслы 2-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде «Устазға ҳүрмет» атамасында илаж болып өтти. Илажға мектептиң көп жыллық тәжирийбели устазлары, мектеп оқыўшылары, ата-аналар ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Устаз мийнети улығланған елимизде узақ жыллар бир орында пидайы мийнет еткен устазымыз Алламберген Абдуллаевтың мийнет жолын жасларға үлги етип, ата-аналар ҳәмде мектеп жәмәәти айырықша атап көрсетти. Бундай илажлардың өткерилиўи жас әўлатлар есинде узақ мүддет сақланып, устазларға болған ҳүрметтиң еледе асыўына түртки болары сөзсиз. Устаз уллылығын ҳәмме мойынлайды ҳәттеки атаңда устаз алдында бас ийеди. Бәрше устазларды 1-Октябрь "Муғәллимлер ҳәм устазлар" күни кәсиплик байрамы менен шын жүректен қутлықлап, машақатлы ҳәм абырайлы кәсиплериңизде беккем күш-қуўат, талмас ғайрат ҳәм бәлент мәртебе тилеймиз!
✍Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
👇👇👇
@QaraozekHakimligi

1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасыныӊ мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм кɵкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында
https://joqargikenes.uz/7531.html
https://joqargikenes.uz/7531.html
joqargikenes.uz
1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасыныӊ мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм кɵкирек…
Qaraqalaqstan Respublikası Joqarǵı Keńes
Районда «Муғәллимлер ҳәм устазлар» байрамы кең түрде нышанланды.
Ғәрезсиз мәмлекетимиздиң ертеңги келешеги кәмил инсанларды тәрбиялап жетилистириўге өзиниң барлық өмирин бағышлаған теберик инсанлар болған муғәллимлеримиз бенен қәдирли устазларымыздың «1-октябрь Муғәллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы, райондағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң залында болып өтти. Байрам салтанатына район ҳәкими, бир қатар тараў хызметкерлери, нураный муғәллимлер менен мектеп оқытыўшылары қатнасты. Онда шығып сөйлегенлер, өзлериниң барлық өмирин, қәлбиндеги нурын, меҳрин балаларға бағышлап, оларға илим-билим, өнер сырларын үйретип, халқымыздың иззет-ҳүрметине, шексиз алғысына мияссар болған устазларымызға өз миннетдаршылықларын билдири. Буннан соң бир қатар алдыңғы тәжирийбели жоқары нәтийжелерге ерискен муғаллимлерге район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалары тапсырылды. Байрам илажы йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти. Усы күни бир қатар мектеплердиң таярлаған қол өнерментшилик көргизбелериде шөлкемлестирилди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети