Karakalpakstan.uz
22.1K subscribers
28.7K photos
4.07K videos
13 files
12.4K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
Бүгин 2020-жыл 14-ноябрь күни Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Солнышко» мәмлекетлик жеке шерикшилик тийкарындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығы Қахраман Сариев ҳәмде исши топар ағзалары мийманда болды. Мийманлар мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги келешегимиз болған балаларымызға жаратылған шараятлар менен танысты.

Буннан соң, район ҳәкими О.Уснатдинов, сектор басшылары ҳәм районлық Кеңес депутатлары менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда район ҳәкими Өзбекстан Республикасының Президенти басшылығында өткерилген «2020/2023- жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары»на бағышланған видеоселекторында белгиленген тапсырмалар бойынша Нөкис район аймағында әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында айтып өтти. Нөкис район аймағында 2020/2023-жылларда жәми 84 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген болып, оған 399,2 млрд. сум қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Олий Мажилис Сенаты Баслығы депутатларға жаңадан белгиленген ўазыйпалар ҳаққында ҳәр тәреплеме түсиник ҳәм көрсетпелер берип өтти. Алдағы ўақытларда әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында депутатлардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
16-ноябрь-Миллетлерара татыўлық ҳәм кеңпейиллик күни

Сәне мүнәсибети менен, Шымбай районындағы 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде байрам илажы болып өтти.

Илаж даўамында мәмлекетимизде ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап-ақ миллетлерара татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў мақсетинде басқа миллет ўәкиллерине жасап мийнет етиўи ушын теңдей шараятлар жаратылғанлығы нәтийжесинде бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм елат ўәкиллери татыўлықта жасап, биргеликте ўатанымыздың раўажланыўына үлес қосып киятырғанлығы атап өтилди.
Байрам илажы мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған саҳналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Қанлыкɵл районы орайынан жаңа “Клиника” иске түсти
Бүгин Қанлыкɵл районы орайынан “Раъно” жеке кəрханасы басламасы тийкарында бой тиклеген жеке “Клиника”ның ашылыў салтанаты болып ɵтти. Оған район ҳəкими А.Ибрагимов, 4 сектор басшылары ҳəм медицина тараўы қəнигелери қатнасты.

Ашылыўда район ҳəкими кирис сɵз бенен жаңа имараттың халқымыз саламатлығын сақлаў жолында үлесиниң салмақлы болыўына тилеклеслик билдирди ҳәм дәстүрий лента кесилди. Усы шеңберде, клиника бойлап тур шɵлкемлестирилди.

Мағлыўмат орнында, “Клиника” жəми 1 млрд 600 млн сум (“Yoshlar-kelajagimiz!» фонды районлық филиалының 2019-жылғы мəнзилли дизими негизинде 1 млрд сум банк кредити, исбилерменниң ɵз есабынан 600 млн сум) қаржы есабынан қурып питкерилди.

Клиника заманагөй әсбап-үскенелер менен толық тәмийинленген болып, бул жерде жоқары тəжирийбели кардиолог, эндокринолог, невропотолог, стоматолог, оториноларинголог, гинеколог, узист,терапевт, уролог,физиотерапевт шыпакерлери хызметинен пайдаланыў мүмкиншилиги бар.

Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Сенат Баслығыныӊ қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти
👉https://joqargikenes.uz/5010.html
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент: Бу ислоҳотларни қилиш ҳар бир инсоннинг, ҳар бир раҳбарнинг дунёқараши ўзгаришини талаб қилади

Президент: Реализация этих реформ требует изменения мировоззрения каждого человека, каждого руководителя

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
16-ноябрь «Миллетлерара татыўлық күни»
Бүгин, 16-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетинде 13575 студент карантин тəртип қағыйдаларына əмел еткен ҳалда дәстүрий оқыўды баслады. Соның менен бирге 422 студент өз қәлеўи менен аралықтан тәлим алыўды даўам еттирмекте.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниң күндизги тәлим бағдарында 13997 студент билим алмақта.

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi