Karakalpakstan.uz
29.6K subscribers
28.8K photos
4.1K videos
13 files
12.5K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
Байрам мүнәсибети бир қатар журналистлер сыйлықланды

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2173

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Ассалаўма әлейкум! 
Бүгинги 27-июнь "Баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни" байрамы менен бәрешиңизди шын жүректен қутлықлаймыз. 
Жәмийетимиздиң айнасы болыўдағы машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.

Елимизде ашық-айдынлықты, әдилликти ҳәм теңликти тәмийинлеўдеги тынымсыз мийнетлериңиз ҳәр қандай жоқары баҳаға ылайық.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларда журналист, мәлимлеме хызмети, хабаршы, блогер, баспа сөз ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң хызмети оғада айрықша орын тутады. Халық хызметинен хеш қашан шаршамай, шараплы ҳәм қәдирли кәсибиңиздиң жетик маманы болып, ҳәмийше

Сөзлериңиз кескир,
Қәлемлериңиз өткир! 
болыўын, ең баслысы шаңарақларыңызға тынышлық, аўызбиршилик, беккем денсаўлық ҳәм ийгиликли ислериңизге раўаж тилеймиз.
Және бир мәртебе байрамыңыз қутлы мүбәрек болсын!

Ҳүрмет пенен, 
Хожели районы ҳәкими Ж.М.Ермашев

Мағлыўмат ушын: сүўретлер 2020-жыл 25-янврьда түсирилген.

@xodjeyli_rk
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#тв_репортаж
27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни

@KrXaliqqabillawxana
Гүлнара Дәўлетмуратова:

Баспасөз хаткери сол шөлкемниң өмири менен бирге жасайды. Қәлбинде бир минут та оны ядтан шығарыўға ҳақысы жоқ

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2174

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Forwarded from Paytaxt_City
БАЙРАМ МҮНӘСИП ТҮРДЕ БЕЛГИЛЕНДИ

27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы быйыл өзгеше тәризде, яғный, пайтахтымыз Нөкис қаласы ҳәм барлық районлар қатнасында онлайн түрде белгиленип, тараў хызметкерлери мүнәсип түрде сыйлықланды.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен қалалық «Пайтахт» газетасы хызметкерлери ҳәм ҳәкимликтиң Мәлимлеме хызмети қәнигелери де тараўдағы пидайы хызметлери ушын Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң Баспасөз хызмети.

Каналға ағза болыў ушын 👇
https://t.iss.one/paytaxt_city
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң байрам қутлықлаўы

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2175

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Forwarded from Shimbay.uz (Наргиза Толыбаева)
Бүгинги 27-июнь "Баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни" байрам мүнәсбети менен район көлеминде жумыс алып барып атырған журналистлер район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған «Хүрмет жарлықлар»ы ҳәм баҳалы саӯғалар менен сыйлықланды.
Forwarded from Shimbay.uz (Наргиза Толыбаева)
Forwarded from Shimbay.uz (Наргиза Толыбаева)
Forwarded from Shimbay.uz (Наргиза Толыбаева)
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси тәрепинен хошаметленди

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2176

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi