Karakalpakstan.uz
24.5K subscribers
28.3K photos
4K videos
13 files
12.3K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
Бүгингидей жағдайда депутатлар белсендилик көрсетиўи тийис

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жыл 26-май күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде Олий Мажлис палаталары орынларда халық депутатлары кеңеслери менен бирге пандемияға байланыслы Президент қарарлары ҳәм тапсырмаларының орынланыўы бойынша парламент ҳәм кеңеслердиң тәсиршең қадағалаўын жолға қойыў, сондай-ақ, район, қала, ўәлаят ҳәкимлери, министрлер ҳәр айда бир мәрте Президент қарарларының орынланыўы бойынша есабат берип барыўы тийислиги белгиленген еди.
👇
3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде өткерилген Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳәмде Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетлериниң қоспа мәжилисинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пандемияға байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бүгинги күнде пандемияның халықтың турмысына ҳәм экономикамызға унамсыз тәсирин жумсартыўда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыўда, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатғуынлығы атап өтилди.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳәмде Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетлериниң баслықлары ҳәм ағзалары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов алып барды ҳәм Президентимиз тәрепинен белгиленген тапсырма ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм депутатлық қадағалаўды тәмийинлеўде, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланыўын жолға қойыўда депутатлардың жуўапкершилигин ҳәм белсендилигин арттырыў тийислигин айрықша атап өтти.

Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова республикамызда қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў, оларды жәнеде жетилистириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын ҳәм саўатлылығын арттырыў мәселеси бүгинги күнде әҳмийетли мәселелердиң бири екенин, бул процессте депутатларымыз белсене қатнасыўы, қала ҳәм район кеңеслериндеги турақлы комиссиялардың жумысын күшейттириў, қабыл етилген нызамлардың мазмунын ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў, әсиресе, бүгинги карантин жағдайында аралықтан турып онлайн ушырасыўлар, видеобайланыс арқалы додалаўлар өткериўди шөлкемлестириў керек екенлигин айтып өтти.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес депутатлары көрилген мәселелер бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң автомобильлерде тасыўлар қәўипсизлигин тәмийинлеўди бақлаў бөлиминиң инспекторлары, ҚР ИИМ Жол хәрекети кәўипсизлиги басқармасы инспекторлары менен биргеликте белгиленген тәртип-қағыйдаларға қайшы түрде жолаўшы тасып, карантин қағыйдаларына әмел етпей жүрген автотранспортлар басқарыўшыларын анықлаў мақсетинде күнделикли рейд тексериў жумыслары шѳлкемлестирилмекте.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Мойнақ: пайдаланылмай турған 5500 гектар егислик жерлер қайта абаданластырылмақта

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2131

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мүрәжатлер_шешими👇#ТВ_репортаж

Тахтакөпир районы “Дәўир” МПЖ ҳəм “Тахтакөпир” АПЖ на муғдары 1,2 млрд сумлық, 6,6 км ишимлик суў тармағы тартып берилди.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
ƟЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ САҚЛАҢ!

2020-жыл 4-июнь жағдайында Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясын жуқтырып алған наўқаслардың улыўма саны 136 ны қурайды.

🛑 Жаңа бир кеселлениўшилик жағдайы – шет елден келген халықаралық жүк тасыўшы автомашина айдаўшысында анықланды.

Улыўма емленип шыққанлар – 133 адам.
❗️Ҳәзир емленип атырғанлар – 3 адам.

Ҳәзирги пайытта коронавирус инфекциясы менен кеселленген пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.
Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳақкында»ғы ПҚ-4307-санлы жəне Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-октябрьдеги “Мәнаўият пидайысы” көкирек белгисин енгизиў ҳаққында”ғы 897-санлы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлими қасында дүзилген комиссия қурамының жыйналысы болып өтти.

Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлими басшысы, комиссия баслығы Қ.Юсупов, ҳəм барлық комиссия ағзплары қатнасты.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Нокис қаласы ҳәм барлық район бөлимлери, жоқары оқыў орынлары, мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен “Мәнаўият пидайысы” (“Маънавият фидойиси”) көкирек нышанына усынылған 50-ден аслам талабанлардың жумыслары көрип шығылды. Соннан 20 талабан “Мәнаўият пидайысы” (“Маънавият фидойиси”) көкирек нышанына ылайық деп табылды ҳәм комиссия қурамы тәрепинен мақулланды.
Forwarded from Hudud Inform
Қорақалпоғистон Республикаси

🟥🟨🟩 Эпидемиологик вазиятдан келиб чиққан ҳолда тоифаланган туман ва шаҳарлар
(2020 йил 2 июнь ҳолати):

🟥Қўнғирот тумани
🟨Нукус шаҳри
🟩Амударё тумани
🟩Беруний тумани
🟩Қонликўл тумани
🟩Қораўзак тумани
🟩Кегейли тумани
🟩Мўйноқ тумани
🟩Нукус тумани
🟩Тўрткўл тумани
🟩Хўжайли тумани
🟩Чимбой тумани
🟩Шуманай тумани
🟩Элликқальа тумани
🟩Тахиатош тумани
🟩Тахтакўпир тумани
🟩Бўзатов тумани

Изоҳ: Республика махсус комиссиясининг 2020 йил 29 майдаги йиғилиш баёнида белгиланган вазифалардан келиб чиқиб, жорий йил 2 июнь ҳолатига Санитария-эпидемиологик осойишталик агентлиги томонидан туман (шаҳар)ларнинг тоифалари ўзгартирилди.

Каналга уланиш: 👇
@hudud_inform
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жөнелиссиз такси хызметин көрсетиўши кəрханалар ҳəм автомобиль басқарыўшыларының дыққатына!


👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Қараөзекли фермер Республикамызда биринши болып ғәлле тапсырыў режесин орынлады!

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2132

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Бозатаўдан Цистанхе (Алтын тамыр) ɵсимлиги табылды

Бул өсимлик қытай медицинасында 2 мың жылдан берли пайдаланылып келинбекте. Цистанхе көп кеселликлерге ем болады. Атап айтқанда буўынлардағы аўрыўлар, сондай-ақ, иммунитетти беккемлеўде, нервты тынышландырыўда әсиресе мийди раўажландырыўда оғада пайдалы есапланады.

Цистанхе Гүллери дәнли өсимлик бул өсимлик басқа өсимликлердиң атап айтқанда сексеўилдиң тамырына жапысып сол арқалы азықланып өседи. Май-июнь айларында гүллейди, июль-август айларында мийўе береди.
Ол Қытайда ҳәм Монголия мәмлекетинде сондай-ақ шөл зоналарында өседи.
Бул өсимликтен Қазақстан, Япония ҳәм Қытай фармоцевтикасы менен косметологиясы кеңнен пайдаланады.

Ҳәзирги ўақытта Қазақстан Орайлық Азияда цистанхени қайта ислеп экспортқа шығарып атырған бирден бир мәмлекет болып, оның тийкарғы қарыйдарлары Япония, Қытай ҳәм басқа да Арқа-шығыс Азия мәмлекетлери есапланады.

Мағлыўматларға қарағанда халықаралық базарда майдаланған цистанхениң баҳасы 200-500 АҚШ долларина шекем баҳаланады.
«Сақаўат ҳəм жəрдем» қоры: социаллық қорғаўға мүтəж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў даўам етпекте

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2133

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
ӨЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ САҚЛАҢ!

🔺2020-жыл 6-июнь саат 10:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасында коронавирусқа шалынған наўқаслардың улыўма саны 136 ти қурайды.
Улыўма емленип шыққанлар – 133 адам.
‼️Ҳәзир емленип атырғанлар – 3 адам.

Ҳәзирги пайытта коронавирус инфекциясы менен кеселленген пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.
Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.



ЎЗИНГИЗНИ ВА ЎЗГАЛАРНИ АСРАНГ!

🔺2020 йил 6 июнь соат 10:00 ҳолатига кўра Қорақалпоғистон Республикасида коронавирусга чалинган беморларнинг умумий сони 136 нафарни ташкил этади.
Умумий даволаниб чиққанлар – 133 киши.
‼️Ҳозирда даволанаётганлар – 3 киши.

Айни пайтда коронавирус инфекцияси билан касалланган фуқаролар Республика юқумли касалликлар шифохонасида даволанмоқда.
Эпидемиологик текширув ишлари давом этмоқда.
Сара уруғ- мўл ҳосил гарови

https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2134

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Шаштəрезхана ҳəм «Гөззаллық салоны» хызметин көрсетиўши исбилерменлер дыққатына! 👆

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Меҳир-сақаўат көрсеткен инсанлар хошаметленеди…

Орденлер, медаллар, атақлар, көкирек белгилери… Қайсы бир тараўда үлги көрсеткен инсанларға мийнетиниң мүнәсип баҳаланыўы ушын бериледи. Әсиресе, бизиң елимизде өз халқы ушын тер төккенлерди хошаметлеў қәдириятқа айланып үлгерген…

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2135

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi