Karakalpakstan.uz
22K subscribers
28.7K photos
4.08K videos
13 files
12.4K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🚰 Шымбайдағы 250 ден аслам хожалыққа 3.6 млрд сум қаржы тийкарында таза ишимлик суўы тартылмақта

📑 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарарына тийкар, Шымбай районы, «Бахытлы» АПЖ аймағындағы Ақтоғын, Аршан ҳәм Қулман аўылларына  22,9  км узынлықтағы ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў жумыслары алып барылмақта.

💰 Буның ушын жәми 3 млрд. 648 млн. сум қаржы ажыратылып, жойбар-смета тийкарында ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў жумыслары әмелге асырылып атыр.

📍«Бахытлы» АПЖ аймағындағы Ақтоғын, Аршан ҳәм Қулман аўылларына аўылына ишимлик суў тармақлары тартылыўы нәтийжесинде аймақтағы 250 ден артық хожалық таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

Дерек: «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
Қарақалпақстан Республикасы мектеплеринде муғәллимлерге болған бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўмат


Каналға ағза болыў
#Ámiwdárya #auksion

Jeke tártipdegi turaq jaylar
qurıw ushın auksionǵa 5 jer ornı shıǵarıldı

🔹Nazarxon MPJ ➡️ (tolıq maǵlıwmat)
🔹Qizilcho'li MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔹Qizilcho'li MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔹Qizilcho'li MPJ➡️ (tolıq maǵlıwmat)
🔹Qizilcho'li MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)

Isbilermenlik penen shuǵıllanıw
ushın auksionǵa 25 jer ornı shıǵarıldı

🔸Nazarxon APJ ➡️ (tolıq maǵlıwmat)
🔸Qum-yop
MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Kuyuk ko'pir
APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Bosuv
mahallasi ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Tor yop
APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Besh tom
MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸To'lqin
APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Qaramon
MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Yo'qori qishloq
MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Bog'
MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Jumurtov
MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)

Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы медицина бирлеспесиндеги бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўмат


Каналға ағза болыў
ҲҮРМЕТЛИ ИСБИЛЕРМЕНЛЕР!

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен республикамыз аймағында исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында ҳәр ҳәптениң жума күни саат 09:00 ден 13:00 ге шекем «Ашық есиклер күни» шөлкемлестириледи.

Ашық есиклер күни исбилерменлер алдында ушырасып атырған тосықлар ҳәм машқалаларды сапластырыў, олардың усыныс ҳәмде пикирлерин тыңлаў менен бирге бизнес жойбарларын әмелге асырыўға көмеклесиў ушын арнаўлы Штаб ағзалары жумыс алып барады.

Соның менен бирге ҳәптениң басқа күнлериде исбилерменлердиң мүрәжатларын қабыллаў мақсетинде исеним телефонлары шөлкемлестирилди.

Тел: (61) 222-15-02
Тел:(61) 222-05-95


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Дыққат_вакансия

🔷 Шымбай районы ҳәкимлиги:

▫️ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша бас қәниге;

▫️Санлы экономиканы енгизиў бойынша жойбарлар менежери;

▫️Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша бас қәниге.

🔷 Төрткүл районы ҳәкимлиги:

▫️ Аўыл хожалығы бөлими бас қәнигеси.

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Өсимликлер қорғаўы ҳәм альтернатив аўыл хожалығы әмелиятын раўажландырыў бойынша бас қәниге;

▫️Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы;

▫️ Қанлыкөл районы Аўыл хожалығы бөлими: Агротехнология мәселелери бойынша бас қәниге.

🔷 Транспорт министрлиги (Ишки таңлаў):

▫️ Транспорт тасыўларын шөлкемлестириў ҳәм рухсатнамалар бериў бойынша бас қәниге.

🔷 Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги:

▫️ Инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў секторы бас қәнигеси.

❗️Aрзалар 10.09.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

Каналға ағза болыў
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🙂Абу Райхан Берунийдиң 1050 жыллығы салтанатлы түрде өткерилди


Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🛣 Тақыятастағы 3,7 км ишки хожалық жолларына қум-щебень араласпасы төселмекте

📄 Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл, 6-сентябрьдеги 500-санлы қарары тийкарында мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў бағдарында ишки хожалық жолларын оңлаў, топырақ жолларды қум-щебень (ЩПС) араласпалы жолларға айландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынған еди.

📍Усыған муўапық, Тақыятас районының шетки аймақларының бири болған «Айдын жол» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 3,7 км ишки хожалық жолларына қум-щебень араласпасын төсеў жобаластырылған болып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары қызғын пәтлер менен даўам етпекте.

Дерек: Тақыятас районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📹Magistratura basqıshında oqıp atırǵan hayal-qızlardıń kontrakt pulları mámleketlik byudjet qarjıları esabınan tólep berilmekte

Xabarıńız bar, eki jıldan berli respublikamızdaǵı barlıq mámleketlik joqarı oqıw orınlarınıń magistratura basqıshında oqıp atırǵan hayal-qızlardıń kontrakt pulları mámleketlik byudjet qarjıları esabınan tólep berilmekte.

Álbette, bul mámleketimizde hayal-qızlardıń bilim alıwı, ilim menen shuǵıllanıwı ushın jaratılǵan imkaniyatlardıń ámeliy nátiyjesi bolıp tabıladı.

Ájiniyaz atındaǵı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutı magistrantı Aygúl Jalǵasova hayal-qızlar ushın berilip atırǵan usınday imkaniyatlardıń áhmiyeti haqqında óz pikirlerin bildirdi.

Каналға ағза болыў
🙂ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ИСБИЛЕРМЕН ХАЛЫҚ-АРАЛЫҚ БИЗНЕС-ФОРУМДА ҚАТНАСПАҚТА

Толық оқыў

Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚖️ Педагогларды «Open Budget» ушын даўыс жыйнаўға мәжбүрлеген директорлар 33 млн сумға шекем жәрийма төлейди

Каналға ағза болыў
🏠Студентлер ижара үйлерине жайласыўы ушын әмелий жәрдем көрсетилмекте

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкар, ТИТУ Нөкис филиалының «Студентлерди турақ жай менен тәмийинлеўди муўапықластырыў бөлими» тәрепинен бас имаратқа кирер орынға «Ижара үйлери бойынша мағлыўматлар орайы» шөлкемлестирилди.

Бул жерде ижара үйлери ҳаққында мағлыўмат бериўши инфокиоска жолға қойылып, оларға тәжирийбели волонтёрлар бириктирилди.

Волонтёрлар студент-жасларға ижара үйлери ҳаққында толық мағлыўматлар берип келмекте. Телеграм мессенджеринде «@titunfijarauyler» каналы ашылып, оған филиалда тәлим алып атырған, ижара үйлерге мүтәж студент-жаслар ағза болмақта.

Каналға оқыў имаратларына жақын аймақтағы 500 ден артық студентти ижараға алыў имканиятына ийе 140 тан аслам үйлердиң дизими жайластырылды.

Ўәлаят ҳәм алыс районлардан келип, орайға ҳәзирге шекем мүрәжат еткен 30 дан аслам студент-жасларды ижара үйлерге орналастырыўда жәрдем көрсетилди. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Дерек: Филиалдың Баспасөз хызмети

Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙂Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий Ассоциациясы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер баслықлары ушын билим тәжирийбесин асырыў курсларына талабанлар арзаларын қабыллаў басланғанлығын жәриялайды:

Билим тәжирийбесин асырыў орны: Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы.

Мүддети: 2023-жыл 24-октябрь ҳәм 3 ноябрь

Билим тәжирийбесин асырыў курсы бийпул!

Ҳүжжетлер: «zip fayl» көринисинде [email protected] электрон почтасына жибериледи.

1. Арза (қосымшаға муўапық)

2. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми баслығының мағлыўматнамасы / объективкасы (word формасында).

3. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми баслығы етип сайланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжет (буйрық)тен көширме.

4. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми баслығы шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт ямаса ID карта) нусқасы

5. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми баслығының фотосүўрети- 1 дана (9х 12 форматтағы, ақ фонда).

6. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми гүўалық нусқасы

7. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң жоқары турыўшы шөлкеминен разылық хаты.

Арзалар 2023-жыл 5-октябрь күнине шекем қабыл етиледи.

Талабанларды таңлап алыў бойынша таңлаў Нызамы ҳәм қосымша
мағлыўматлар www.ngo.uz ҳәмде @UZNNTMA1 телеграм каналында

☎️ (55) 503-05-12, (90) 003-41-42

Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🙂АҚШ мәмлекетинен келген шыпакерлер Қарақалпақстанда 50 ге жақын кардиохирургик операцияларды өткериўди режелестирген

Бүгин Ташкент қаласында Өзбекстан-АҚШ ден саўлықты сақлаў ҳәптелиги старт алды. Ҳәптелик шеңберинде өзбек ҳәм америкалық қәнийгелер қатнасыўында операциялар, әмелият сабақлары, медициналық тәлим бойынша пикир алмасыўлар болып өтиўи күтилип атыр.

Ҳәптелик шеңбериндеги дәслепки илажлардан бири Балалар миллий медицина орайында болды.

Бундай илажлар ҳәм тәжирийбе алмасыўлар Қарақалпақстан медицина институтының университет клиникасында да болыўы ҳәм Қарақалпақстанда 50 ге жақын кардиохирургик операциялар өткерилиўи режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта, АҚШтың Тенесси мәмлекет университети клиникасынан келген кардиохирург, реаниматолог, анистезиолог сыяқлы бир қатар қәнийгеликтеги 18 америкалық шыпакер ҳәм орай қәнийгелери менен шерикликте хирургия әмелиятларын ҳәм тәжирийбе сабақларын өткерип атыр.

Дерек: Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Баспасөз хызметиниң жоқарыдағы видеокадрында сол ҳаққында көриўиңиз мүмкин.

Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Beruniy #auksion

Beruniy rayonınan jeke tártipdegi turaq jaylar
qurıw ushın auksionǵa 120 jer ornı shıǵarıldı

🔹Abay APJ ➡️ (tolıq maǵlıwmat)
🔹Do'stlik APJ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔹Oltinsoy APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔹Navoiy APJ ➡️ (tolıq maǵlıwmat)

Beruniy rayonınan isbilermenlik penen shuǵıllanıw
ushın auksionǵa 142 jer ornı shıǵarıldı

🔸Oltinsoy APJ ➡️ (tolıq maǵlıwmat)
🔸Qizilqala
APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Do'stlik
APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Qangshartol
APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Biybozor
APJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)
🔸Mustaqillik
MPJ ➡️(tolıq maǵlıwmat)

Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Qaraqalpaqstan Respublikasınan jeke tártipdegi turaq jaylar qurıw ushın jer orınları auksion sawdasına qoyıldı.

Tómende qala hám rayonlar kesiminde tolıq tanısıwıńız múmkin.

🔹Nókis qalası (tolıq maǵlıwmat)
🔹Ámiwdariya rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Beruniy rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Bozataw rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Kegeyli rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Qaraózek rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Qanlikól rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Qońırat rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Moynaq rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Nóksi rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Taxtakópir rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Taqıyatas rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Tórtkúl rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Xojeli rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Shomanay rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Shımbay rayonı (tolıq maǵlıwmat)
🔹Ellikqala rayonı (tolıq maǵlıwmat)

Каналға ағза болыў
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Махсус репортаж | Уй-жой қурилишида миллий ва замонавий ёндашув
#7sep #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv | TV-dastur