Karakalpakstan.uz
23.1K subscribers
28.4K photos
4.02K videos
13 files
12.3K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
#Бозатаў_фестиваль_онлайн

Район орайындағы Бердақ бағында "Жаслар ҳаўазы" фестивалының қатнасыўшылары ҳәм Ташкенттен келген мийманлар салтанатлы тәризде күтип алынды.

Дәслеп, мийманлар Бердақ шайырдың естелигине гүлшеңберлер қойды ҳәм бағда тигилген қара үйлердиң әтирапына жайылған қарақалпақ халқының миллий дәстүрлери ҳәм қол өнерлери мийнетлериниң көргизбеси менен танысты.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
#Бозатаў_фестиваль_онлайн
Ҳәзир "Жаслар орайы"нда фестиваль шеңберинде дөретиўши жаслар арасында "Бозатаў поэзия күнлери" өткерилмекте.

Онда Бозатаўға келген мийманлар ҳәм районымыздың дөретиўшилердиң қәлеминен дөрелген қосықлар айтылып, кешеге руўхый заўық бағышламақта.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
#Бозатаў_фестиваль_онлайн
"Жаслар фестивалы" районымызда ҳақыйқый байрамға ҳәм халық сейлине айланды десек асыра айтқан болмаймыз.

Себеби, фестивалға республикамыздың барлық районларынан мийманлар ҳәм фольклор жәмәәтлери келген болып, олардың барлығы өзлериниң миллий өзгешелигин кеңнен көрсетип, фестивалға өз алдына сән бағышламақта.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
#Тайынлаў

Наўайы кән-металлургия комбинаты мәмлекетлик кәрханасы бас директорының 2021-жыл 31-майдағы буйрығы менен Юсупов Куанышбай Балтабаевич Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша директор орынбасары лаўазымына тайынланды.

Куанышбай Юсупов 1977-жыл Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районында туўылған. Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты(1999-жыл)н тамамлаған.

👉 Усы күнге шекем Қарақалпақ мәмлекетлик университети көркем өнер факультетиниң оқыў ислери бойынша декан орынбасары лаўазымында ислеген.

НМКИ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети.


👉 https://t.iss.one/ndkinfjanaliqlari