Karakalpakstan.uz
21.1K subscribers
28.2K photos
3.97K videos
13 files
12.2K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
Элликқалъа туманида 9 нафар турли соҳа вакилларини тақдирлаш тадбири бўлиб ўтди

Тўлиқ кўриш: https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2288

Каналга аъзо бўлиш: @QResMinistrlerKenesi
Шымбай районында пандемия дәўиринде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, халқымыздың саламатлығын тәмийинлеў жолында пидәкерлик көрсетип ҳәм бийғәрез жәрдемин аямаған бир қатар тараў ўәкиллерине Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 26-майдағы Пәрманына муўапық енгизилген «Меҳир-Сахаӯат» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Район ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Мен 29 ёшдаман"
Гулруҳ Нодирова - Электрон ҳукумат лойиҳаларини бошқариш маркази бош мутахассиси

"Мне 29 лет"
Гульрух Нодирова - главный специалист Центра управления проектами электронного правительства

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Өзбекстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қəўипсизлиги бас басқармасы баслығының 2020-жыл 11-сенябрь күнги 24/9-18637-санлы көрсетпесине тийкарланып 2020 жылдың 14-сентябрь күнинен 24-сентябрь күнине шекем республика аймағында “Дыққат балалар!” иләжи өткерилмекте. Сол мүнасибет пенен Республикамыз аймағында балалар менен байланыслы жол тарнспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, оларға “Жол ҳәрекети қағыйдалары” талапларын түсинидирип, кәўипсиз ҳәрекетлениў көнликпелерин үйретиў мақсетинде 2020-жыл 23-сентябрь күни Автомото ҳәўескерлер мектеби ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министирлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери Нөкис қаласы аймағында жайласқан 3-санлы ҳәм 5-санлы мектеплерге автокарўан шөлкемлестирип ата-аналар ҳәм оқыўшылырға жол ҳәрекети қағыйдаларын ҳәм жол белгилерин түсиндирип өтти.
Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, жаңа оқыў жылы басланыўы мунәсибети менен балалар қатнасындағы жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, кесилиспелерде, балалар бақшалары, мектеп оқыў орынлары әтирапында балалар қатнаўы үстинен қадағалаўды күшейтиў, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийнлеў бойынша барлық мектеплерге түсиндириў жумысларын алып бармақта.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenes
Forwarded from Qaraqalpaqstan | Kun.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Онлайн таълим берган ўқитувчи билан анъанавий таълим берган ўқитувчи ойликларида фарқ бўладими?

Саволга
Қорақалпоғистон халқ таълими вазири Aманжол Aяпов Kun.uz мухбири билан бўлган мулоқотда жавоб берди.

👉 Қорақалпоғистон хабарлари
ПИДАЙЫЛАРҒА КӨКИРЕК БЕЛГИСИ ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 23-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде пандемия дәўиринде халықтың кем тәмийинленген қатламын социаллық қорғаў, оларға бийғәрез қайырқомлық жәрдемин көрсетиў және бул бағдарда пидайылығы менен көпшиликке айрықша өрнек болған бир қатар тараў ўәкиллерине «Меҳир-саховат» көкирек белгисин тапсырыў мәресими болып өтти.

Толық оқыў: https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2289

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
КӨКИРЕК БЕЛГИЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

Елимизде карантин жәрияланған дəўиринде халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларына қайырқомлық ислеўге белсене қатнасқан бир қатар тараў қəнигелери ҳəм исбилерменлеримизди хошаметлеў мақсетинде Президентимиз тəрепинен “Меҳир саҳоват” көкирек белгиси енгизилген еди. Район ҳəкимлигинде бир қатар исбилерменлер менен хызметкерлерди "Көкирек белгиси" менен сыйлықлаў мəресими болып өтти. Мəресимде район ҳəкими ҳəм төрт сектор басшылары сыйлық ийелерин қызғын қутлықлап, еледе халық хызметиндеги жумысларында табыслар тиледи. Буннан соң Көкирек белгилери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Районы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Тўрткўл туманидаги турли соҳа вакилларининг тақдирлаш маросими бўлиб ўтди

Тўлиқ ўқиш: https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2290

Каналга аъзо бўлиш: @QResMinistrlerKenesi
“Таълим тўғрисида”ги қонун имзоланди


Тўлиқ ўқиш: https://yuz.uz/news/talim-togrisidagi-qonun-imzolandi


Каналга аъзо бўлиш: @QResMinistrlerKenesi
Мәмлекетлик тест орайы: Тест сынақларының нәтийжелери бойынша жумыслар жуўмақланды
Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен барлық абитуриентлердиң тест сынағында топлаған нәтийжелери бойынша жумыслар өз жуўмағына жеткен.
Бирақ быйылғы жылы көплеген жеңилликлер (әскерий хызметкерлердиң перзентлери, ИИМ уйымы хызметкерлериниң перзентлери, әскерий бөлим сәркардарлығының усыныс хаты, ҳаял-қызлар ҳәм Сўх районы ушын ажыратылған қосымша қабыллаў көрсеткишлери ҳәм басқалар) ҳәм тест сынақлары арқалы студентликке қабыл етилетуғын тәлим бағдарларына, және кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы қабыл етилетуғын тәлим бағдарларына енгизилип атырғанлығы және кәсиплик(дөретиўшилик) имтиханлар 20-сентябрьге шекем даўам етилгенлиги себепли, таңлаў нәтийжелерин есаплаў жумыслары енди жуўмақланбақта.
Ҳәзирги күнде барлық жоқары билимлендириў мәкемелеринен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан нәтийжелери бирден-бир базаға жыйналмақта ҳәм бул нәтийжелер тест сынақларының нәтийжелери менен биргеликте есапланбақта.
Бул процесс жуўмақланғаннан соң, абитуриентлердиң студентликке усынылғаны ямаса усынылмағаны бойынша белгиленген тәртипте тастыйықланған таңлаў нәтийжеси Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.

ӨзА

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Гүзги зүрәәттиң қандай болыўы жыл даўамында дийқанның ислеген мийнетине байланыслы. Қоңырат районындағы "Рәýшан" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан "Қарабас батыр" фермер хожалығы мəмлекетке пахта тапсырыў режесин артығы менен орынлап, бәҳәрде ислеген мийнетлериниң нәтийжесин, қырманның берекетинде көрмекте. Бүгин фермер хожалық мәмлекетке пахта жетистириӯ шәртнамасын орынлады.

Усы мүнәсибет пенен атыз басында район ҳəкимлиги тəрепинен белсенди теримшилерге қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Район ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi