Karakalpakstan.uz
20K subscribers
30K photos
4.39K videos
15 files
13K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
https://gov.uz/oz/karakalpakstan
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
Хожелиде 7,8 млрд.сум қаржы есабынан қәнигелестирилген мектеп имараты бой тикледи

Бүгин, 2023-жыл 28-декабрь күни Хожели районында жаңадан шөлкемлестирилген қәнигелестирилген мектеп имаратының ашылыў салтанаты өткерилди.

Салтанатлы иләжға Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, район ҳәкими Ж.Ермашев, Нөкис Президент мектеби директоры М.Насиров, сектор басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, имараттың қурылыс-оңлаў жумыслары усы жылдың апрель айында басланып, жәми 7,8 млрд.сум қаржы есабынан «GOLDENPRAIDHODJELI» ЖШЖ тәрепинен қурып питкерилди.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Министрлер Кеңеси Баслығының гезектеги көшпели қабыллаўы болып өтти

Усы жылдың 29-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Фарход Эрмановтың Әмиўдәрья районы турғынлары ушын гезектеги көшпели қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен турақ-жай менен тәмийинлеў, бәнтлик, материаллық жәрдем ҳәм тағы да басқа мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Бунда айырым мүрәжатлар қабыллаў даўамында унамлы шешилди.  Мүддет талап ететуғын машқалалар ушын жумысшы топар дүзилип, мәселе орнына шыққан ҳалда үйренилиўи бойынша көрсетпелер берилди.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Абаданластырыў басқармасы хызметкерлерин Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, машақатлы мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди

Жўқорғи Кенгес Раиси Ободонлаштириш бошқармаси ходимларини Янги йил байрами муносабати билан табриклаб, машақатли мехнатлари учун миннатдорчилик билдирди



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«ЖАС ИСБИЛЕРМЕНЛЕР ФОРУМЫ» БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАРДЫ ЖӘМЛЕСТИРДИ

Бүгин, усы жылдың 29-декабрь күни Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен "Жас исбилерменлер форумы” шѳлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша кеӊесгѳйи Ж.Есмурзаев,  Ѳзбекстан Саўда-санаат Палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Артыков, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ орынбасары М.Турсынов, бизнес тараўында жетискенликке ерискен жас исбилерменлер, ѳнерментлер ҳәм исбилерменликке қызығыўшы 300 ден аслам жаслар қатнасты.

Форум даўамында жаслар киши бизнес ушын арнаўлы әсбап-үскенелер, қарақалпақстанлы исбилерменлер ҳәм ѳнерментлер тәрепинен ислеп шығарылған товарлар ҳәм ѳнимлер кѳргизбесине қатнасыў имканиятына ийе болды.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter