Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Қоңырат районындағы 3100 ден аслам халық жасайтуғын"Рәўшан" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Абат шаңарақ-абат көше- абат мәҳәлле" принциплерин енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар аймақ турғынларының турмысына жаңаланыў, өзгерислер алып келмекте. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Ф.Эрманов аймақта халықтың турмыс абаданлығын асырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысты.
📍Толық оқыў
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter

⚡️Халықтың машқалаларын мәнзилли үйрениў, оларды қыйнап киятырған машқалаларына шешим табыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Ф.Эрманов Қоңырат районының "Рәўшан"аўыл пуқаралар жыйыны халқы ушын көшпели қабыллаў өткерип, пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады.
📍Толық оқыў
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
📍Толық оқыў
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
⚡️Қарақалпақстанның туризм имкәниятлары халықаралық ярмаркада
15-17 ноябрь күнлери Ташкент халықаралық туризм ярмаркасы болып өтпекте.
Орайлық Азиядағы еӊ ири туристлик илажлардыӊ бири болған бул ярмарка ЮНВТОныӊ рәсмий жәрдеминде шөлкемлестирилди. 28-мәрте өткерилип атырған бул илаж презентация, семинар, конференция ҳәм B2B ушырасыўлар ҳәмде Өзбекстан аймақларыныӊ туристлик көргизбесинен ибәрат.
Ярмаркада Өзбекстанның бәрше аймақлары қатнаспақта. Солар қатарында Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Расул Зарикеев ҳәм министрдиң биринши орынбасары Байрам Кусекеев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы да белсене қатнаспақта.
Атап айтқанда, "Moynoq orzular oroli", "Ayimtour", "AyazYurt", "Aral Sea Discovery", "Tuproqqala tur" киби ири туристлик кәрханалар, "Karakalpak palace", "ASEM", "Massaget" мийманханалары, музей ҳәм мәденият тараўының ўәкиллери аймақтың туристлик потенциалын көрсетпекте