Karakalpakstan.uz
20.1K subscribers
30.1K photos
4.44K videos
15 files
13K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
https://gov.uz/oz/karakalpakstan
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
Жоқарғы Кеңес Баслығы туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев туризм тараўын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлериниң турмысқа енгизилиўи ҳәм бул бағдарда ушырасып атырған машқалалар бойынша пикирлесип алыў мақсетинде тараў ўәкиллери, исбилерменлик субъектлери басшылары менен ушырасты. 

Ушырасыўда бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, бул бағдарда туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша қабыл етилип атырған қарарлар, әҳмийетли пәрманлар тийкарындағы имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди. 

Айтып өтиў керек, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыў, бул жолда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде бир қатар илажлар көрилмекте.

Бул бағдарда Президентимиздиң усы жыл 26-апрельдеги ПҚ-135-санлы қарары қабыл етилгени тараўды раўажландырыўда еле де кең имканиятларды жаратып берди.

Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар жаратып берилген имканиятлар ҳаққында пикирлесилди. Сондай-ақ, тараўды раўажландырыў бойынша және қандай илажларды әмелге асырыў кереклиги, исбилерменлер алдында ушырасып атырған машқалалар, бар болған бирақ, шешимин күтип турған мәселелер бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.

Өз нәўбетинде туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ҳәм бир қатар тараў хызметкерлери тәрепинен әҳмийетли мәселелер көтерилди.

Ушырасыўда ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп алынып, шешимин табыў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев 27-28-июль күнлери Ферғана ўәлаятында болады

Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығы ҳәм санаатта иске қосылған жаңа өндирис қуўатлықларын сондай-ақ, мәҳәллелер турмысы менен танысады. Сондай-ақ, аймақлардың экономикалық өсиўин тәмийинлеў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў ушын орынлардағы потенциалды иске қосыў мәселелери бойынша виедеоселектор мәжилиси өткерилиўи режелестирилген.

Каналға ағза болыў
Нөкис районы "Кердер" аўыл пуқаралар жыйынында 698 хожалық, 761 шаӊарақ, 3786 халықтыӊ 1874 ҳаял-қызлар есапланады.

2023-жыл 26-июль күни Нөкис районы 13 аўыл пуқаралар жыйыныныӊ ҳаял-қызлар белсендиси, көше басы ҳаяллары қатнасында "Жол картасы"нда белгиленген ўазыйпалар бойынша семинар өткерилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова, Өзбекстан Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети хызметкери Н.Каримовалар қатнасты.

Бул семинарда Кердер аўыл пуқаралары жыйыны көшелериниӊ ҳәр бирине ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм көше басы ҳаяллары бириктирилип, бириктирилген шаӊарақлардыӊ жасаў шараятлары үйренилип шығылыўы белгилеп берилди.

Каналға ағза болыў
Президент Шавкат Мирзиёевнинг Фарғона вилоятига ташрифи Олтиариқ туманидаги "Хайрулло Баҳром Бойматов" фермер хўжалигининг узумзори билан танишувдан бошланди.

Поездка Президента Шавката Мирзиёева в Ферганскую область началась с посещения виноградной плантации фермерского хозяйства "Хайрулло Бахром Бойматов" в Алтыарыкском районе.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев Фарғона вилоятига ташрифини Олтиариқдан бошлади. Давлатимиз раҳбари тумандаги узумзорни кўздан кечирди, хўжалик фаолияти хусусида фермер билан суҳбатлашди.

Президент Шавкат Мирзиёев начал свою поездку в Ферганскую область с Алтыарыкского района. Глава государства ознакомился с местной виноградной плантацией, побеседовал с фермером о делах хозяйства.

#Mirziyoyev #safar #Fargona #xujalik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter