Karakalpakstan.uz
27.5K subscribers
28.8K photos
4.11K videos
13 files
12.5K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
March 19, 2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
March 19, 2021
March 19, 2021
March 19, 2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
March 19, 2021
March 19, 2021
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
March 19, 2021
Президент пәрманы менен 140 пуқараға кеширим берилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев "Наўрыз" улыўмахалықлық байрам қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, жоқары инсаныйлық, мехир-мүриўбет ҳәм кеширимли болыў сыяқлы пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына өткен бир топар шахсларға кеширим бериў ҳаққында"ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрман менен, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-сатьясы 23-бәнтине тийкар жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына пүшайман болып дүзелиў жолына өткен 140 пуқараға кеширим берилди.

Кеширилген пуқаралардан 4 пуқара тийкарғы жазадан толық азат етилди, 69 пуқара жазаны өтеў мүддетинен бурын шәртли түрде азат етилди, 8 пуқараның еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 59 пуқараға белгиленген еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

Кеширилгенлерден 12 пуқара сырт ел пуқарасы, 9 пуқара 60 жастан асқанлар, 13 пуқара ҳаял ҳәм 14 пуқара қадаған етилген шөлкемлердиң жумысына қатнасқанларды қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша кеширилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының баўырына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип пайдалы жумыс пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелерге тийисли тапсырмалар берилди.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
March 19, 2021
March 20, 2021