Karakalpakstan.uz
22.6K subscribers
28.7K photos
4.07K videos
13 files
12.4K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
2020-жыл 24-ноябрь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Сенаты комитет баслығы орынбасары Ш.Чуллиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес депутаты Т.Раманов, район ҳәкими Ж.М.Ермашев ҳәм районлық Кеңес депутатлары қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Онда, Президентимиздиң 4889-санлы Қарары бойынша районда әмелге асырылатуғын жойбарларда депутатлардың белсендилигин арттырыў ушын анық көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, ушырасыўда депутатлардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Район ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети
Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Cенати аъзоси Элликқалъада

👉https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2557

Каналга аъзо бўлиш: @QresMinistrlerKenesi
Бозатаў район ҳәкими Махмуд Кайпанов сенат ағзаларын қарар тийкарында районда әмелге асырылыўы лазым болған инвестициялық жойбарлар менен таныстырды. Соның ишинде, Бозатаў районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың жасаў шәраятын жақсылаў мақсетинде 165,7 млрд.сўмлық 77 жойбарды әмелге асырыў белгиленген болып, бул жойбарларды орынлаў арқалы район халқыныӊ жумыссызлық дәрежеси қысқартылып, экономиканыӊ өсиў дәрежеси жоқары болатуғынлығы атап өтилди.

Район ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Президент раислигида ўтаётган видеоселектор йиғилишида ҳудудларда тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш бўйича кўрилаётган чора-тадбирлар натижадорлиги муҳокама қилинмоқда.
Ҳокимларнинг бажарилган ишлар бўйича ҳисоботлари эшитилди. Бу борадаги фаолияти қониқарсиз бўлган туман ҳокимларини лавозимидан озод этиш масаласи қўйилди.
Жойларда тадбиркорларга кўмак бериш бўйича “бизнес-патронаж” тизимини йўлга қўйиш бўйича топшириқ берилди.

На проходящем под председательством Президента видеоселекторном совещании обсуждается результативность мер по поддержке предпринимательства в регионах.
Заслушаны отчеты хокимов, поднят вопрос об освобождении от занимаемой должности хокимов районов, не организовавших работу должным образом.
Поручено наладить систему «бизнес-патронажа» по содействию предпринимателям.

#Mirziyoyev #videoselektor #iqtisodiyot #tadbirkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
10-24 ноябрь аралығында «Жаңа Өзбекстан – жаңаша дүнья қарас» сүрени астында республикамыздың ҳәр бир мәҳәллесинде мәденият, әдебият ҳәм көркем-өнер ўәкиллери менен биргеликте өткерилген илажларда белсене қатнасқан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театры вокал артисти Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист «Дослық» ордени ийеси Дарибай Хожабергенов Кегейли районы ҳәкимлигиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Усы жылдың 17-19 ноябрь күнлери Ташкент қаласында спорттың Шотокан каратэ до түри бойынша Өзбекстан кубоги ушын өткерилген жарыста Бозатаў районы атынан қатнасқан спортшыларымыз жеңисли орынларды ийелеп жәми 2 алтын, 1 гүмис, 3 бронза медалларын қолға киритти. Спортшыларды жарысқа тренер Ж.Қарабалаева таярлаған. Бүгин үмитли жасларымыз район ҳәкими М.Кайпанов қабыллаўында болды. Ҳәким спортшыларды жетискенлиги менен қутлықлап, алдағы жарысларда табыслар тиледи.

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳокимлар ва сектор раҳбарларининг асосий вазифаси ва зиммасига олган мажбурияти – янги иш ўринлари яратиб, эҳтиёжманд оилаларни “темир дафтар”дан чиқаришдан иборат

Главная задача и обязанность хокимов и руководителей секторов - создать новые рабочие места, вывести малообеспеченные семьи из "железной тетради"

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Мойнақта 60 орынлы мийманхана иске түсирилди

Мойнақта районның инвестициялық потенциалын арттырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ислер әмелге асырылмақта. Усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январь күнги 37-санлы қарары тийкарында жәми 128 млрд.сум муғдарындағы 69 инвестициялық жойбар иске түсирилди. Нәтийжеде жәми 413 жумыс орны шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге районда туризм тараўын раўажландырыў, жергиликли халық ҳәм район мийманлары ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде “ABESKUN-TUR” ЖШЖ тәрепинен мийманхана, дәрихана, саўда дүканы ҳәм аўқатланыў орайы комплекси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.

Район ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Фермер хожалығына жеткерилген 1 млрд 54 млн сўм муғдарындағы зыян өндириледи

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2558

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
«Ашшы көл» бойында дем алыў орайы шөлкемлестириледи

2020-жыл 25-ноябрь күни Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы Саўда санаат палатасында Нөкис қаласы ҳәкимлиги басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм АКБ Асакабанк қатнасында «Инвесторлар күни» болып өтти.

Иләжда Нөкис қаласында 2020-2022-жыллар даўамында иске түсирилиўи режелестирилген 15 жаӊа инвестиция жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилип, жойбарлардың презентациясы өткерилди...

- Бул жойбардыӊ улыўмалық баҳасы 4,5 млн. АҚШ доллар. Дем алыў орнында мийманхана, ишки ҳәм сыртқы бассейнлер, фитнес залларын қурыў режелестирилген. Ҳәзирги күнде Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен 6 гектар жер ажыратылған болып, жойбар 2022-жылда толық пайдаланыўға тапсырылады - дейди «Etalon Engineering Stroy group» ЖШЖ директори Батыр Утемуратов.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети