Karakalpakstan.uz
20.7K subscribers
28.2K photos
3.98K videos
13 files
12.3K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
Жүзимгершиликти раўажландырыўға қаратылған оқыў семинар шөлкемлестирилди

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2479

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
ЖАС БАЛАЛАРДЫ ҮЙДЕ ЖАЛҒЫЗ ҚАЛДЫРМАҢ

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2484

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Қанлыкөлши Индира Жақсылықова гүмис медаль ийеси болды

Усы жылдың 5-8-ноябрь аралығында спорттың қол урысы түри бойынша 2005-2006-жыллары туўылған қызлар ҳәм 2007-2010-жыллары туўылған киши өспиримлер ҳәмде профессионал спортшылар ортасында Наўайы қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионатында, Қанлыкөл районы Балалар өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Индира Жақсылықова 2-орынды ийелеп гүмис медали менен сыйлықланды.

Район ҳəкимлиги Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Интилувчанлик мувафаққият гарови

👉https://karakalpakstan.uz/uz/news/show/2486

Каналга аъзо бўлиш: @QresMinistrlerKenesi
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң медицина тараўы хызметкерлерине байрам қутлықлаўы

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2487

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📹 Нөкис. Кеше ҳәм бүгин (28.09.2018)
—————————————————
Нукус. Кеча ва бугун
—————————————————
Нукус. Вчера и сегодня
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мәмлекетлик салық комитети ўәкили мийнет мигрантлары ушын енгизилип атырған салық ҳаққындағы хабарларды бийкарлады.

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
🚗 «UzAuto Motors» АЖ акциясы системалы түрде ислеўин қәлеген тутыныўшыныӊ дәрти 🚘

🗂 Усы жылдыӊ 4-ноябрь сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине Нөкис қаласы жасаўшы пуқара мүрәжати келип түсти.

📝 Тутыныўшы «UzAuto Motors» АЖ тәрепинен жәрияланған акция шеӊберинде «Auto-Centre-Qoraqalpoq» ЖШЖнен 95 768 000 сўмға шәртнама тийкарында COBALT автомобилин сатып алады. 🚙

📣 Жәрияланған акцияға муўапық COBALT автомобилин сентябрь айында алғанлығы ушын 5 100 000 сўм қарийдарға қайтарып берилиўи көрсетилген🔊

Тилекке қарсы, автомобилди алғанына еки ай өтиўине қарамастан жәмийет тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбастан қарийдарға акция пулы қайтарып берилмегенлиги ушын усы мәселени нызамлы түрде көрип берилиўде Комитеттен әмелий жәрдем сорап мүрәжаат етеди.

📩 Комитет тәрепинен «Auto-Centre-Qoraqalpoq» ЖШЖне тутыныўшыныӊ мүрәжааты бойынша тийисли сораў хатлары жиберилди ҳәм Өзбекстан Республикасы «Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамныӊ мазмун әҳмийети түсинтирилди.

💵 Комитет тәрепинен нызам шеӊберинде әмелге асырылған ислер нәтийжесинде тутыныўшыныӊ ҳуқықлары тикленди ҳәм 5 100 000 сўм тутыныўшыныӊ пластик картасына қайта есап китап қылып қайтарып берилиўине ерисилди.

Сондай-ақ тутыныўшы Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине өз миннетдаршылықларын билдирди.

Тутыныўшылардыӊ ҳуқықлары нызам менен қорғалады!

Қарақалпақстан Республикасы
Монополияға қарсы гүресиў комитети


Каналға ағза болыў: Qrmonopoliya


facebook | telegram | youtube | telegram
Оңлаў жумыслары алып барылды

Нөкис қаласы «Алланияз қәҳарман» МПЖ турғыны тәрепинен телеграм социаллық тармағындағы каналлардыӊ бирине 7-ноябрь күни аймақда ишимлик суўы тармағындағы өрт өшириў гидрантында насазлықлар жүзеге келгенилигин билдирип мүрәжат еткен еди. Бул мүрәжат жарыяланған күннен баслап, Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен Нөкис қалалық суў тәмийнаты бөлими менен байланысып, тез күнлерде жүзеге келген насазлықлар сапластырылып берилиӯи соралды.

«Нөкис қалалық суў тәмийнаты бөлими хызметкерлери тәрепинен оңлаў жумыслары алып барылды. Жүзеге келген машқала пуқаралардың үй әтирапына ҳеш қандай зыянын тийгизбеди» - деп хабарлайды «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Мәлимлеме хызмети.
⚡️Қурбанов Мурад Исмаилович
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри лаўазымына тайынланды.
2020 жыл 9-ноябрь күни Елликқала районында Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған ҒХҚ ўəкиллери болған баспасөз хаткерлери, журналист ҳəм блогерлер қатнасыўында медиа-тур менен бирге баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Медиа-турдың биринши объекти «Чўпон» мəҳəлле пухаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў мəкемесиниң ашылыўынан басланды.

Мағылыўмат орнында атап өтиў керек, 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў мəкемесинде «Обод қишлоқ» бағдарламасы тийкарында баҳасы 1 млрд 600 млн. сум муғдарындағы қурылыс жумыслары əмелге асырылған.

ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Ғалаба хабар қураллары ўəкиллериниң кейинги мəнзили Елликқала районда 3,5 гектар жер майданға гидропоника усылында қурылған палыз өнимлерин жетистириўши ыссыханада болды. «Агроэксимгольд» гидропоника ыссыханасында жетистирилген өнимлер Қазақстан ҳəм Россия мəмлекетлеринде экспортқа шығарылмақта. Мағлыўмат орнында атап өтиў 2019-жылда 15 млрд ал, 2020-жылда 20 млрд сум муғдарындағы өним экспортқа шығарылған. Әҳмийетли тəрепи гидропоникада 65 жас жумыс пенен тəмийинленген.

ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Елликқала районында болып өткен медиа-тур даўамында Журналист блогерлер Сахтиён қалашасындағы Лимонария мененде танысты. Бул лимонария 3 гектар жер майданға қурылған болып. Кейинги жылда толық мийўе бере баслайды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, ыссыхананың жойбар баҳасы 1275,5 долларды қурайды. Бул жердеги лимон нəллериниң басым көпшилиги Ферғана ўəлаятынан алып келинген. Ыссыхана толық иске түскеннен кейин 85 жас жумыс пенен тəмийинленеди ҳəм ең баслысы ишки базарға арзан баҳадағы лимон өнимлери шығарылады.

ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Гезектеги мəнзил Елликқала районындағы əййемги тарийхый естеликлерден бири Гүлдирсин қала болды.
Бизиң ерамызға шекемги II-I əсирлерге тийисли болған қалада өмир ХIV əсирге шекем даўам еткен. Қанша дəўир өтседе өзиниң саўлатын жойтбаған бул қала тарийхтан сөйлейди. Жас журналистлерге үлкен Гүлдирсин қаласы ҳаққында тарийхшылар тəрепинен толық мағлыўмат берилди. Бизди ҳайран қалдырған мағлыўмат - қалаға аты берилген Гүлдирсин қыздың денеси усы қала дийўалының ең бийик жерине қойылған.
Район ҳəкими С.Авезов Елликқала районындағы бундай тарийхый орынлар ҳаққында еле де тереңирек мағлыўматқа ийе болыў ҳəм оны дүнья жəмийетшилигине жеткериў ушын бундай медиа-турларды көбирек шөлкемлестириў ҳəм оған қатнасыўшылар санын көбейтиўди усыныс етти.

ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi