Karakalpakstan.uz
20.2K subscribers
30.1K photos
4.43K videos
15 files
13K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
https://gov.uz/oz/karakalpakstan
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
Ертең Нөкис қаласында абитуриентлердиң тест тапсырыўы ушын Шымбай районы ҳәкимияты тәрепинен бийпул автобус шөлкемлестирилгенин хабарлайды.

Абитуриентлердиң белгиленген орынларға өз ўақтында жетип барыўын хәм олардың қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде шөлкемлестирилген автобус 2-сентябрь, саат 05:00 де хакимият алдындағы үлкен айланба жолда (хакимият кольцевойда) Шымбай районы ҳәкимияты жанынан жүрип кетеди.

Абитуриентлерден бас кийимде келиўи соралады.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
2020-2021-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў имтиханлары ашық майданларда шөлкемлестирилип атырғанлығы себепли, абитуриентлердиң қәлеўи бойынша, тест сынақларына бас кийим (кепка) менен келиўине болады.

Мәмлекетлик тест орайы барлық абитуриентлерге әўмет тилейди

Каналға ағза болыў -
@QresMinistrlerKenesi
Районлардан келетуғын абитуриентлер ушын гезектеги жеңиллик

Кегейли районы ҳәкимлиги 2-сентябрь күни абитуриентлердиң тест сынақларын тапсырыўы ушын, өз ўақтында белгиленген орынға кешикпей жетип барыўын тәмийинлеў мақсетинде 🚌🚌🚌 бийпул мәнзилли автобус шөлкемлестиргенин хабарлайды.

Бул мүмкиншиликтен пайдаланыўды қәлеўшилер ушын автобус Кегейли районы ҳәкимлиги имарати жанынан саат азаңғы 4:40 та жүрип кетеди. Саат 5:00 де ХАЛҚАБАД қаласы АЛТЫН ТАЛА МПЖ имарати жанында тоқтап өтеди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Быйылғы оқыў жылы ушын тест сынақлары басланды

Тест сынақлары “Туран” орайлық стадионында, Қарақалпақстан балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы стадионында ҳәм Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис кортында болып өтпекте.
Сондай-ақ, ҳәр бир абитуриентти медициналық нықап ҳәм қолғап, ручка, 0,5л сыйымлықтағы суў менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар берилмекте.

Соныда атап өтиў керек, тест сынақларының әдалатлы өтиўин тәмийинлеў мақсетинде стадионларға 360 градуслы радиусқа ийе видеобақлаўлар орнатылған.

Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Усы жылдың 2-сентябрь сəнесинен баслап жоқары билимлендириў мəкемелерине тест сынақлары басланды

🔰Тест сынақлары 2 сменада өткериледи:
👉 1-смена — 08:00 ден 11:00 ге шекем;
👉 2-смена — 17:00 ден 20:00 ге шекем.

🔰 Абитуриентлерди тестге киргизиў:

• 1-смена — 06:30 дан;
• 2-смена — 15:30 дан басланады.

Абитуриент рухсатнамасында көрсетилген сəне ҳəм ўақытта тест сынақларында қатнасады.

☑️ Тестге кириў ушын паспорт ҳəм абитуриент рухсатнамасы талап етиледи. (Абитуриент рухсатнамасын abitur.dtm.uz сайтындағы абитуриенттиң жеке кабинетинен жүклеп алыўға болады).

➡️ Тестде 2 қəнигелик пəнинен 30 сораўдан жəми 60 сораў бериледи.
1-пəн ушын 3,2 балл, 2- пəн ушын 3,1 балл. Максимал дəрежеде топлаў мүмкин болған балл - 189 балл.

Тест тапсырмаларын орынлаў ушын 30 тест тасырмасына 90 минут, 60 тест тест тасырмасына 180 минут ўақыт ажыратылады.

Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Дөретиўшилик имтиханлары басланды

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының 7 бакалаврият тәлим жөнелислери бойынша дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлары басланды.

Дөретиўшилик имтиханлары пайтахтымыздағы 22-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде 2-19-сентябрь күнлери өткерилиўи режелестирилген болып, 2-3-сентябрь күнлери «Профессионал тәлим: Халық дөретиўшилиги (Вокал атқарыўшылығы)» бағдарында 41 студент өз билим-тәжирийбелерин сыннан өткереди.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети

Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Президент Шавкат Мирзиёев 2 сентябрь куни Ўзбекистоннинг Биринчи Президенти Ислом Каримов ҳайкали пойига гулчамбар қўйиб, унинг ёрқин хотирасига ҳурмат бажо келтирди.
Қуръон тиловат қилинди.
Маросимда парламент ва ҳукумат аъзолари, вазирлик ва идоралар, пойтахт жамоатчилиги вакиллари иштирок этди.
Ислом Каримовнинг Самарқанд ва Қарши шаҳарларидаги ҳайкаллари пойига ҳам гуллар қўйилди.

Президент Шавкат Мирзиёев 2 сентября возложил венок к подножию памятника Первому Президенту Узбекистана Исламу Каримову и отдал дань уважения его светлой памяти.
Были прочитаны суры из Корана.
В церемонии возложения приняли участие члены парламента и правительства, представители министерств и ведомств, общественности столицы.
Цветы возложены и к памятникам Исламу Каримову в Самарканде и Карши.

#Mirziyoyev #marosim #xotira #BirinchiPrezident

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter