Karakalpakstan.uz
25.9K subscribers
28.8K photos
4.11K videos
13 files
12.5K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
Бозатаў районы ҳәкими, 1-сектор баслығының басламасы тийкарында райондағы шарўашылыққа қәнигелестирилген жойбар ийелери менен биргеликте Мойнақ районының Қазақдәрья аўылында Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен Мойнақ жасларына қурып берилип атырған шарўашылық комплексинде болып, қурылыс жумыслары ҳәм силос, сенаж яғный қарамаллар ушын от-жем базасын таярлаў жумысларында тәжирийбе алмасылды.

Район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Тафсилот | Қорақалпоғистон Республикасида умумий ўрта таълим мактаблари қайта таъминланмоқда
#uzbekiston24

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Президент Шавкат Мирзиёев гезектеги видеоселектор мәжилисинде коронавирус пандемиясы менен байланыслы жағдайға тоқталып өтти.

(https://president.uz/uz/lists/view/3767) 15-августтен баслап жеке ҳәм жәмийетлик транспортлар ҳәрекети, бир қатар хызмет түрлери, базар ҳәм мәдений-ағартыўшылық мәкемелериниң жумысын басқышпа-басқыш қайта тиклеў бойынша илажлар белгилеп алынды.

Ғалаба иммунитеттиң қәлиплесиў процессин мониторинг етип барыў ушын вирусқа қарсы организм анализин өткериўди жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Тест сынақлары болып өтетуғын майданлар таярланбақта

Қарақалпақстан Республикасында 2020/2021-оқыў жылына жоқары оқыў орынларына қабыллаўда тест сынақларын өткериў мақсетинде “Туран” орайлық стадионы, Қарақалпақстан балалар ҳəм өспиримлер футбол академиясы жəне Республика ойын түрлери ҳəм жеңил атлетика бойынша қəнигелестирилген балалар ҳəм өспиримлер спорт мектебиниң Теннис спорт стадионлары таңлап алынды.

Мəмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими берген мағлыўматқа көре, əйне пайытта усы объектлерди тест сынақларына таярлаў жумыслары алып барылмақта.

3 мың абитуриентти сыйдырыў мүмкиншилигине ийе болған ашық майданларда санитария-эпидемиологиялық талапларды сақлаған ҳалда ҳəр бир жеке абитуриент ушын 6 кв метр орын тайынланады. 67 мыңнан аслам абитуриентлердиң бар екенин есапқа алғанда, тест сынақларын күнине еки мезгил менен 12 күнде жуўмақлаў мүмкиншилиги бар.

Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Карантин талаплары жумсартылады

☝️ 15-АВГУСТТЕН баслап:

🔹 автотранспортда күн даўамында жүриўге болады;

🔹 жергиликли авиарейслар ҳәм темир жол қатнаўларына руқсат бериледи;

🔹 үйда 30 адамлық шаңарақлық мәресимлерди өткериўге болады (белгиленген талаплар тийкарында);

🔹ашық ҳаўада хызмет көрсететуғын улыўмалық аўқатланыў обьектлери, шаштәрезханалар, гоззаллық салонлары, мийманханалар, музейлер, балалар деп алыў орайлары, санаторийлердиң жумысы да тикленеди.

☝️ 17-АВГУСТТЕН баслап:

🔹 жәмийетлик транспортлар (метрополитеннен тысқары) ҳәрекет тикленеди;

🔹 аймақлар арасында автотранспортлардың қатнаўы ҳәм қала әтирапындағы автобуслардың қатнаўы қайта жолға қойылады.

☝️ 20-АВГУСТТЕН баслап:

🔹 буйым ҳәм қурылыс өнимлери базарлары, ири саўда орайлары ашылады;

🔹 спорт заллары, фитнес клуб ҳәм бассейнлер жумысына руқсат етиледи.

«Карантин талаплары жумсартылған болса да, бәршемиз социаллық аралықты сақлаў, нықап тағыў, дезинфекция ҳәм басқа да санитария-гигиеналық талапларға сөзсиз әмел етиўимиз, бурын жол қойылған қәтелерди тәкирарламаўымыз керек», - деди Шавкат Мирзиёев

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Аймақларда санаатты раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.
(https://president.uz/uz/lists/view/3768) Жыл жуўмағына шекем санаат ислеп шығарыў көлемин 3,5 процентке арттырыў имканиятының бар екенлиги, бул ушын жумыс ислеў усылы ҳәм көз қарасларды өзгертип, бәсекиге шыдамлы товарлардың шынжырын шөлкемлестириў керек екенлиги атап өтилди.
Аймақлар ҳәм тармақлардың бирге ислесиўин күшейтип, ислеп шығарыў шеклерин кепилликке алыў ҳәм инвестициялық жойбарларды жуўмақлаў бойынша көрсетпелер берилди.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Қараөзек районы


"ТИТАН ЦЕМЕНТ" жуўапкершилиги шекленген жəмийети

Объектиң шөлкемлестирилген ўақты: 2019-жыл

Жумысы: Цемент ислеп шығарыўды шөлкемлестириў

Қуўатлылығы: Жылына 200 мың тонна цемент ислеп шығарылады

Жаратылған жумыс орынлары: 290


Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
“Ипотека банк” Қарақалпақстан филиалы физикалық ҳəм юридикалық шахслар ушын ҳəрекеттеги кредит хызметлерин усынады.

Кредит түрлери, мүддети ҳəм оны қайтарып төлеў процентлери жоқарыдағы кестеде көрсетилген.👆

Мағлыўмат ушын телефон: +99 878 770 77 29

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
2020-жылдың 12-август ҳалатына Ɵзбекстан, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасындағы базарларда сатылып атырған өнимлер ҳəм көрсетилип атырған хызметлердиң баҳалары ҳаққында мағлыўмат (cўмда).

Дерек: #uzbekiston24

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Примов Фурқат Сапарбаевич Беруний тумани ҳокимининг молия-иқтисодиёт ва камбағалликни қисқартириш масалалари бўйича биринчи ўринбосари лавозимига тайинланди.

Беруний тумани ҳокимлиги ахборот хизмати

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
«Алоқабанк» Қарақалпақстан филиалы тəрепинен физикалық ҳəм юридикалық шахсларға берилетуғын
əмелдеги кредит түрлери ҳаққында мағлыўмат

1. Юридикалық шахслар ҳəм жеке исбилерменлер ушын айланыс пулларын қаржыландырыў ушын.
Кредит суммасы: қарыйдардың бизнес режесине көре (шекленбеген).
Мүддети: 1 жыл,
Проценти: жыллық 21%,
Кредит пул өткериў жолы менен амелге асырылады.


2. Мийнет хақы дəрəматларына ийе болған физикалық шахсларға Микроқарыз.
Кредит суммасы: 22 300 000 сўмға шекем.
Муддети: 1 жыл,
Проценти: жыллық 24%,
Кредит пластик картаға өткерип бериледи.


3. АК «Алоқабанк» қарыйдары болған физикалық шахслар ушын мийнет ҳақысы жойбары тийкарында Онлайн Микроқарыз.
Кредит суммасы: 2 230 000 сўмға шекем.
Муддети: 30 кун,
Проценти: жыллық 24%,
Кредит пластик картаға өткерилип бериледи.

Мағлыўмат ушын телефонлар: 61 222-20-02, 222-03-18


👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Жаңалық! Пайтахтымызда жаңа базар шөлкемлестирилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариевтиң басламасы менен халқымызға буннан былай да қолайлық жаратыў, соның ишинде олардың қурылыс материалларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде Нөкис қалалық саўда комплекси жанынан жаңа “Қурылыс материаллары” базары шөлкемлестирилмекте.

Демек, буннан былай тутыныўшы халқымыз усы орында шөлкемлестирилген базардан қурылыс материаллларын сатып алыўы мүмкин.

Нөкис қалалық саўда комплекси əтирапында қурылыс материалллары базарын жайластырыў ушын бос орынлар жеткиликли болып əйне пайытта усы майданға өз өнимлери менен келген исбилерменлер избе-из жайластырылмақта.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бүгинги бир күнниң өзинде саўда орнына көпшилик ағаш өнимлери саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлер келип жайласты ҳəм жаңа базардан бир неше күнниң ишинде қурылыста пайдаланатуғын басқа да зəрүрли буйымлардың орын алыўы күтилмекте.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi