Karakalpakstan.uz
25.9K subscribers
28.8K photos
4.11K videos
13 files
12.5K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
https://www.facebook.com/profile.php?id=61572924556334
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
‼️ 2020-жыл 22-июль жағдайында улыўма Қарақалпақстан бойынша карантинге алынған пуқаралар саны 12 175 ти қурайды. Соннан 597 адам Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында ҳәмде басқа медициналық карантин орынларында, ал 11 578 адам үй шараятындағы карантинде.
Усы күнге шекем медициналық бақлаў тамамланып, карантиннен шығарылған – 22 232 адамды қурайды.
Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

⚠️ Пурсаттан пайдаланып, журтласларымызға айтпақшы болғанымыз – усындай қыйын ҳәм жуўапкерли күнлерде шыпакерлер талапларына ҳәм санитария-эпидемиологиялық тынышлық тәртиплерине әмел етиў жүдә әҳмийетли ҳәм шәрт. Тәртип күшейттирилген дәўирде көшеде жүргеннен көре, үйде қалыў оғада зәрүр. Буның менен өзиңизди, сондай-ақ шаңарағыңызды, журтымызды ҳәм жәмийетимизди коронавирус бәлесинен асырыўға өз үлесиңизди қосқан боласыз.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети 👇👇👇👇

@qrdssm
Forwarded from Charjau_Elmuratov
Бәриӊиздиӊ хабарыӊыз бар 2020-жылдыӊ 18-июль сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ қатнасында Республикамыздағы эпидемиологиялық жағдай бойынша онлайн брифинг шөлкемлестирилди ҳәм видео сол күнниӊ өзинде Министлер Кеӊесиниӊ @QresMinistrlerKenesi рәсмий телеграм каналы менен бирге көплеген социаллық тармақларда, сондай-ақ, Қарақалпақстан телевидениеси арқалы да кеӊ жәрияланды.

Мине, арадан 4 күн ўақыт өтип, яғный бүгин makan.uz ҳәм @Kruzuz телеграм каналларында Министрлер Кеӊесиниӊ Баслығы Қ.Сариевтыӊ сол брифингте берген мағлыўматларынан бири додаланбақта. 👇

makan.uz: “Ҳақыйқаттан өзиңиз айтқандай, коронавирустан наўқасланған бир пуқара 90 адамға вирус жуқтырып жүрген болса ssv.uz да көрсетилген, емленип атырған 108 адамды 90 ға көбейтсек сонда Қарақалпақстанда Covid-19 жуқтырғанлардың реал санын биле аламыз ба?”

Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ Баспасөз хаткери сыпатында жоқарыда атап өтилген журналист ҳәм блогерлердиӊ видеомүрәжатты ақырына шекем көрип ҳәм тыӊламағанын толық исеним менен айта аламан.

Себеби, онда кәсиплеслеримиз келтиргендей “Коронавирус инфекциясы менен кеселленген бир наўқас әтирапындағы 90 адамға жуқтырыўы мүмкин”, деп емес, ал “40-50 адамға шекем жуқтырыўы мүмкин”, делинген. Исенбесеӊиз, онлайн-брифинг видеосын қайта көрип шығыўыӊыз мүмкин.

Усы жерде “90” саныныӊ келип шығыўы да тосынан емес екенин ҳәм онда жеке өзимниӊ қәтелегим бар екенин де мойынлаўға мәжбүрмен.

Жоқарыда атап өткенимдей, телеграм канал жүргизиўшилери видеоны толық тыӊламастан, мен тәрептен Министрлер Кеӊесиниӊ karakalpakstan.uz рәсмий сайтына жайластырылған Ҳүкимет басшысыныӊ шығып сөйлеген сөзин тиккелей көширип алған. Текстте болса шынында да 40-50 саны орнына “90” саны келтирилген. (Мағлыўмат 40-50 санына өзгертилди (karakalpakstan.uz/uz/news/show/2200)

Сөзимниӊ жуўмағында кәсиплеслеримиз ҳәм көп санлы оқыўшыларымыздан жәмийетшилигимизге рәсмий мағлыўматларды ҳәр қыйлы формада жеткериў жолындағы асығыслы ҳәрекетемиз, яғный жоқарыда сөз етилген видео жазыў менен текст арасындағы техникалық қәтелик ушын кеширим сорайман.

Чаржаўбай Елмуратов
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ Баспасөз хаткери

t.iss.one/charjaubay_elmuratov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
БРИФИНГ

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайыныӊ бас шыпакери Б.Қутлымуратов қатнасында онлайн брифинг

Орай мәлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Өзиӊизди ҳәм өзгелерди сақлаӊ!

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
ӨЗИҢИЗДИ ҲӘМ ӨЗГЕЛЕРДИ САҚЛАҢ!

🔺2020-жыл 23-июль жағдайына Қарақалпақстан Республикасында коронавирус инфекциясы анықланған наўқаслардың улыўма саны 337.
Улыўма емленип шыққанлар – 250 адам.
🚫 Қайтыс болғанлар – 2 адам.

Солай етип, емленип атырғанлар
Нөкис қаласынан – 52 адам,
Хожели районынан – 1 адам,
Беруни районынан – 4 адам,
Қоңырат районынан – 1 адам,
Тақыятас районынан – 1 адам,
Әмиўдәрья районынан – 9 адам,
Кегейли районынан – 8 адам,
Тахтакөпир районынан – 1 адам,
Шоманай районынан – 1 адам,
Нөкис районынан – 1 адам,
Қанлыкөл районынан – 4 адам,
Қараөзек районынан – 2 адам.

Ҳәзирги пайытта коронавирус инфекциясы менен кеселленген пуқаралар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында ҳәмде басқа карантин орынларында емленбекте. Сондай-ақ, коронавирус инфекциясын жуқтырған, бирақ белгилери жоқ пуқаралар үй шараятында бақланбақта.
Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.
Коронавирус пенен байланыслы сораў-жуўаплар:


ӨРВИ (өткир респиратор вируслы инфекция) белгилери болған наўқасларды тест анализи шығаман дегенше қалай емлеў керек?

👨⚕ Емлеў усылын шыпакер емлеў стандартларына сәйкес кеселлик белгилеринен келип шығып тайынлайды. Өз-өзин емлеў усыныс етилмейди.
———————-

Неге айырым наўқаслар COVID-19 дан қайтыс болып атыр, қалғанлары болса яқ?

🦠 Буған түрли жас көрсеткишлери ҳәм иммун системасы себеп. Ең әззи топар – бул пүткил дүнья мағлыўматларына қарағанда 65+ жастағылар. Соның ушын ҳәрқандай инфекциядан кимдур жеңил кеселленеди, кимдур болса реанимацияға түседи. Әдетте пневмониядан қайтыс болады.

Бул – жас ҳәм жолдас кеселликлер, наўқастың иммун жағдайына байланыслы. Ҳәммениң денсаўлығы ҳәр түрли. Инфекция көпшилик наўқасларда (⅔) жеңил өтеди, 15% адамда болса пневмония формасында ҳәрқыйлы асқыныўлар менен өтеди.
—————————-

Шыпакерлер COVID-19 инфекциясында 3-4 күн ене ыссылығы 38-39 градус дәрежеге шекем көтериледи, оны түсириў керек емес, организм вирус пенен гүресиўи керек дейди, ыссылықты қалай қадағалаў тийис?

🌡 Саламат организм ӨРВИ, грипп, коронавирус сыяқлы кеселликлерде өз жуўабын ыссылықты көтериўи арқалы көрсетип береди. Бул ўақытта организмниң бар болған иммун системасы активлесип барады.

Ҳәрқандай жағдайда да дене температурасының көтерилиўине қәўипсиз, арзымаған жағдай сыпатында қараўымыз дурыс емес. Әсиресе, ковид инфекциясы ҳәўиж алып турған ҳәзирги ўақытта бул сыяқлы белгилер пайда болыўына итибарлы болыўымыз тийис.
————————-
Интернетте бармақ ушынан алынатуғын бир тамшы қанда «Ковид»ке тест өткерип, ярым саатта нәтийжесин билиў мүмкин екенлиги ҳаққында видеолар бар. Бул қаншелли исенимли?

🦠 Коронавирусқа диагноз қойыўдың 3 усылы бар:

ПШР (полимераза шынжырлы реакция) анализ усылы.
Иммунофермент анализ усылы.
Экспресс тест усылы.

💉 Бармақ ушынан қан алып тексериў – бул экспресс усыл есапланып, анализ жуўабы 10-15 минутта таяр болады. Экспресс усылдың абзаллықларынан бири бул қысқа ўақыт ишинде қанда антиденешелер бар ямаса жоқ екенлигин (иммунитет) анықлаў имканын берип, көпшилик жағдайларда халықтың бул кеселлик пенен кеселленип өткенлигин билиў мақсетинде исленеди.

🔬 Экспресс усыл арқалы М-иммуноглобулинлер анықланыўы кеселликти жақында өткизгенлиги, G-иммуноглобулинның анықланыўы болса кеселленип өткенлигине әдеўир ўақыт болғанлығын көрсетеди.
———————-


Менде МСКТ (Мультиспиральная компьютерная томография) тексериўинде пневмония белгиси (матовое стекло) анықланды. Жатқанымда, турғанымда ҳаўа жетиспеўин сезип атырман. Емлениўде қалай даўам етейин? Кимге хабарласыўым керек?

🛏 Егер интоксикация әсте-ақырын жоқарылап баратырған болса, сондай-ақ, ҳаўа жетиспеўшилиги гүзетилип атырған болса, тез емлеўханаға жатыўыңыз тийис. Өз-өзин емлеў тиклеп болмайтуғын асқыныўларға алып келиўи мүмкин.
———————-

Балам 14 жаста. Дене температурыс 37 дәреже. Дәм ҳәм ийис билиўи жоғалған. Үйге келип тест анализи алыўы ушын қайерге хабарласыўым мүмкин?

❗️ Жасаў мәнзилиңиз бойынша амбулатор-поликлиникаға хабарласыўыңыз тийис. Тек ғана шыпакер тийисли емлеў усылын тайынлаўы мүмкин.
———————-
⚡️Коронавирус пандемиясининг салбий таъсирини камайтириш учун янги имтиёзлар белгиланди

Шавкат Мирзиёев «Коронавирус пандемиясининг салбий таъсирини камайтириш учун аҳоли, тадбиркорлик субъектлари, умумий овқатланиш, савдо ва хизматлар соҳасини қўллаб-қувватлашнинг қўшимча чора-тадбирлари тўғрисида»ги Фармонга имзо чекди.

Фармонга кўра, 2020 йил 1 июлдан 2020 йил 31 декабрга қадар:

👉 умумий овқатланиш корхоналари ва биноларни ижарага беришга ихтисослашган корхоналар айланмадан олинадиган солиқни тўлашдан озод этилади;

👉 жисмоний шахслар кўчмас мулкни ижарага беришдан олинган даромадлар бўйича жисмоний шахслардан олинадиган даромад солиғи тўлашдан озод этилади;

👉 мол-мулкини (бинолар ва автомобиль транспорти) ижарага берувчи жисмоний шахсларга солиқ мақсадида ижара тўловларининг энг кам ставкаларини қўллаш тартиби тўхтатиб турилади;

👉 ижарага берувчиларга 2020 йил учун ижара тўлови миқдорини пасайтириш мақсадида, шу жумладан тақдим этилаётган солиқ имтиёзларини инобатга олган ҳолда ижара тўловини қайта кўриб чиқиш тавсия этилади;

👉 Шунингдек, 2020 йил 1 апрелдан 2020 йил 31 декабрга қадар умумий овқатланиш корхоналари алкоголь маҳсулотлари билан чакана савдо қилиш ҳуқуқи учун йиғимни тўлашдан озод қилинади.


➡️ @uzauz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары Т.Сарыбаев қатнасында онлайн брифинг

Министрлик мәлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Фармон.pdf
373.7 KB
Коронавирус пандемиясига қарши курашишда фидойилик кўрсатаётган бир гуруҳ юртдошларимиз давлат мукофотлари билан тақдирланди.

Каналга уланиш: 👇
@hudud_inform
Президент Шавкат Мирзиёев «Коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде пидайылық көрсеткен Ўатанласларымыздан бир топарын сыйлықлаў ҳаққында» ғы пәрманға қол қойды.

Нәзериӊизге усы пәрман тийкарында Қарақалпақстан Республикасынан сыйлықланған бир топар пидайылар дизимин усынамыз.
👇

«Пидәкерлик хызметлери ушын» ордени менен

Худайназаров Одилбай Абдинаимович
– Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасыныӊ шыпакери

I дәрежели «Саламатлық» ордени менен

Шарипова Калбике Жумагалиевна
- Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасыныӊ шыпакери

II дәрежели «Саламатлық» ордени менен

Ешмуратова Раъно Ендирбаевна
- У.Халмуратов атындағы Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы медицина орайы гематология бөлиминиӊ мийирбийкеси

Заретдинова Гулайим Тилегеновна – Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы шаӊарақлық поликлиникасыныӊ оториноларинголог шыпакери

Изимбетова Анаргул Ахметовна - Қарақалпақстан Республикасы көп тармақлы медицина орайы реанимация-анестезиология бөлиминиӊ шыпакери

Қутлимуратов Баҳадир Бақитбаевич - Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайыныӊ бас шыпакери

«Жасорат» медалы менен

Джуманиязова Зулфия Юлдашовна (марҳум)
- Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы неврология бөлиминиӊ үлкен мийирбийкеси

«Садық хизметлери ушын» медалы менен

Зийнешов Ринатдин Кутлимуратович
- Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Нөкис қалалық бөлиминиӊ инструктор-қутқарыўшысы

Палуаниязов Муратбай Кудайбергенович –Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ арнаўлы ҳәм медициналық жәрдем автокәрханасыныӊ автомобиль басқарыўшысы

«Саламат турмыс» медалы менен

Кутибаева Гулфия Менлибаевна
- Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы реанимация бөлиминиӊ шыпакери

Мадаминов Алишер Хакимбоевич - Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасыныӊ шыпакери

«Шуҳрат» медалы менен

Боранбаев Азат Тлепбаевич
- Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық ишки ислер органлары жумысын муўапықластырыў басқармасыныӊ профилактика аға инспекторы

Матякубова Гулнара Жаббарбергеновна - Қарақалпақстан Республикасы балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасыныӊ мийрибийкеси

Сайтов Арал Умбетбаевич – Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниӊ кардиологы

Хомидов Бўрибой Имомали ўғли – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасыныӊ топар командири

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ Мәлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ШЫПАКЕРЛЕРГЕ РАХМЕТ!

COVID-19 БЕНЕН ГҮРЕСИП АТЫРҒАН БӘРШЕГЕ РАХМЕТ!

COVID-19 ДЫ БИРГЕЛИКТЕ ЖЕӉЕМИЗ!

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Усы бүгин 24-июль күни Хожели районы Медицина бирлеспесинде шөлкемлестирилген районлық “CALL CENTER”диң жумыс барысы менен таныстық. Олар тәрепинен 24 саат даўамында халқымыздың мүрәжатлери қабыл етиледи, оларға медициналық жәрдем ҳәм шыпакерлик мәсләҳәтлер бериў тәртиби жолға қойылған. Бул орайдың иске түскенине бир күн болыўына қарамастан 50ден артық қоңыраў түсип, тийисли қәнигелердиң керекли мәсләҳәтлери берилген. Сондай-ақ, бул мәсләҳәт орайына тек ғана районымыз турғынлары емес, ал басқада районлардан мүрәжатлер түсип атырғаны бизде үлкен қызығыўшылық оятты. 

🔈ЕСЛЕТИП ӨТЕМИЗ: Ҳүрметли пуқаралар ден саўлығыңызға байланыслы сораўлар болса, Хожели районының “CALL CENTER” телефон рақамларына:
☎️+99861 554-79-20
☎️+99861 554-79-21
☎️+99861 554-79-22 
қоңыраў етсеңиз болады. 

🕰🕞Бул телефон рақамлар 24 саат даўамында жумыс ислейди ҳәм Сизиң хызметиңизде болады!

@xodjeyli_rk
Өзиӊиздиӊ ҳәм өзгелердиӊ денсаўлығына бийпарқ болмаӊ!

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Бәриӊизге белгили Республика арнаўлы комиссиясыныӊ баянламасы менен усы жылдың 25-26-июль (шемби ҳәм екшемби) күнлери Республика көлеминде пуқараларымыздыӊ көшелерде 24 саат даўамында ҳәрекетлениўи, сондай-ақ, автотранспорт қуралларының, соның ишинде, жөнелиссиз таксилердиң ҳәрекети толық тоқтатылмақта.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабы Сизди жоқарыда белгиленген күнлерде төмендеги қағыйдаларға әмел етиўге шақырады:

– халыққа – «өзин-өзи жекелеў» турмыс тәризине қатаң әмел еткен ҳалда өз үйлеринен шықпаў (бунда пуқараларымыздыӊ келеси шемби күнине шекем еки күн даўамында зәрүр болатуғын азық-аўқатлық өнимлерин ғамлаўы ҳәм усы күнлери өз шаӊарақ ағзалары менен болыўы усыныс етиледи);

– мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер, хожалық бирлеспелери және басқа да шөлкемлерге – хызметкерлерди жумысқа шақырмаў, жумысшылардың усы күнлери өз шаӊарағында болыўы ушын шараят жаратыў.

Ҳүрметли пуқаралар!

Сизди өзиӊиздиӊ ҳәм өзгелердиӊ денсаўлығына бийпарқ болмаған ҳалда, жоқарыда белгиленген қағыйдалар менен усынысларға әмел етиўге шақырамыз!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊесиниӊ Мәлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi