Karakalpakstan.uz
21.3K subscribers
28.2K photos
3.97K videos
13 files
12.2K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
Қанлыкөл районы ҳәкими исбилерменлер менен ушырасты

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги мәжилислер залында, район ҳәкими Дәўлет Толыбаев исбилерменлер менен ушырасты.
Оған ҳәким орынбасарлары, бәрше мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм исбилерменлер қатнасты.

Ушырасыўдың мақсети-район аймағында ҳәрекетсиз турған кәрханаларды қайта иске қосыў ушын ҳуқықый кеңеслер бериў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң усы сыяқлы басқа да машқалаларын унамлы шешиўден ибарат.

Ушырасыўда кәрханасы ҳәзирде ҳәрекетсиз турған 5 исбилерменниң мүрәжаты тыңланды. Оларға тараў қәнигелери тәрепинен тийисли тәртипте жол-жобалар ҳәм алдағы ўақытларда кәрханалар жумысларын еле де жетилистириў бойынша ҳуқықый кеңеслер берилди. Усы ушырасыўдан соң, ҳәрекетсиз турған кәрханалардың басшылары, кәрхана жумысларын ҳәр тәреплеме үйренип шығып, және иске қосыў пикирине тоқталғанлықларын билдирди.

Ҳəкимлик мəлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Мадад_жуўап_береди
💁 Сораў: Ҳеш жерде жумыс ислемейтуғын шахстан өндирилетуғын алименттиң муғдары қанша?

👆 Бул сораўға Мадад мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми Мойнақ районы ҳуқықый мәсләҳәт бюросының бас қәнигеси Нурья Бердиниязова жуўап береди.

Ҳəкимлик мəлимлеме хызмети

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Жоқарғы Кеңес ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслериниң сессияларында додаланыўы усыныс етилип атырған мәселелерди талқылаў бойынша мәжилис өткерилди. 👇
Мәжилиске, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов алып барды.

Олий Мажлис Сенатының Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Матмуратов, сенаторлар Ш.Уснатдинов, О.Атаниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, көрилип атырған мәселениң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жыл 26-май күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде Олий Мажлис палаталарына халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген 6 пәрман, 11 қарардың орынланыўы бойынша жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланып барылыўын жолға қойыў белгиленген.

Усы ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары белсене қатнасыўы усыныс етилген.

Мәжилисте усы тапсырма ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм депутатлық қадағалаўды тәмийинлеў, жергиликли Кеңеслердеги сессияларда ҳәр айда кеминде бир мәрте жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланыўын жолға қойыў, ҳәр бир депутаттың орайлық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларында үгит-нәсият жумысларын алып барыў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
РАСМИЙ МАЪЛУМОТ

Қорақалпоғистон Республикаси Беруний туманида бугун кундузги соат 11:37 лар чамасида “Икром-Азизбек-Акром” ҳусусий корхонасига қарашли кўп тармоқли автомобилларга ёқилғи қуйиш шоҳобчасида ёнғин келиб чиқди. Ёнғинни бартараф қилиш учун Ёнғин ўчириш техникалари ва Фавқулодда вазиятлар бўлимининг махсус техникалари етиб келди. Ёнғин 13:40 да қамраб олинди ва 14:10да бутунлай бартараф этилди. Ёнғин натижасида жабрланганлар йўқ. Ҳеч кимга зиён етмаган. Ҳозирда барча тозалаш ишлари олиб борилмоқда.

Беруний тумани ҳокимлиги ахборот хизмати

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Ҳүрметли Нөкис қаласының турғынлары ҳəм жөнелиссиз такси хызметин көрсетиўши кəрханалар!

Бəриңизге белгили болғанындай, əйне пайытта Нөкис қаласы “сары” категорияға өткерилиўине байланыслы Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының мəжилис баянламасы менен пайтахтымыз ҳəм барлық “жасыл” категориядағы район аймақларында жөнелиссиз таксилердиң жолаўшыларды тасыў хызметине руқсат етилди.

Жөнелиссиз такси хызметин көрсетиўши кəрханалар ҳəм автомобиль басқарыўшыларына!

Жолаўшыларға жөнелиссиз такси хызметин көрсетиўде төмендеги талапларға бойсыныўыңыз кереклигин ескертемиз!

жолаўшы тасыў ушын автомобиль салонында басқарыўшы орынлығы жолаўшылардың орынлығынан пластикалық яки плёнка қурылмасы менен тосылған болыўы;

автомобиль басқарыўшысы менен жолаўшының медицианлық нықапта болыўы;

жолаўшылардың саны еки адамнан аспаўы ҳəм олардың автомобиль салонының артқы орынлығында жайласыўы жəне жөнелиссиз такси басқарыўшысының өз аймағында ҳəрекетлениўи белгиленген.

Ҳүрметли жөнелиссиз такси хызмети автомобиллерин басқарыўшылар!

Усы талапларға əмел етилмеген жағдайда Сизге əмелдеги нызам тийкарында базалық есаплаў муғдарының 20 есесинен 50 есесине шекемги жəрийма төлеў менен ҳəкимшилик шара қолланылатуғын ескертип өтемиз!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети


👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Қарақалпақстан Республикасы Мəмлекетлик Санитария- эпидемиологиялык кадағалаў басқармасының Мəлимлемеси 👇👇👇
Қарақалпақстан Республикасында усы жыл 2 июнь күнине шекем 135 пуқарада коронавирус инфекциясы анықланып, соннан бүгинги күнге келип бул кеселликтен 129 пуқара толық емленип шықты, қалған наўқасларға шыпакерлер тәрепинен емлеў илажлары алып барылмақта.

Коронавирус кеселлиги менен кеселленген наўқаслар менен қатнаста болған ҳәм сырт еллерде болып Республикамызға қайтқан 14 986 пуқара карантинге алынып, соннан бүгинги кунге келип 14 833 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўдан кейин карантиннен шығарылды ҳәм 153 пуқара уй шараятында ҳәм арнаўлы карантин мәкемелеринде.

Бүгинги күнде кеселликтиң дерлик көпшилик бөлеги сырт еллерден Республикамыз аймағына кирип келген пуқаралардан анықланып атырғанлығы, бул бағдарда халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде Қоңырат районы “Даўыт-ата” шегара бажыхана қадағалаў пункты арқалы кирип келген 106 халықаралық жүк тасыў автотранспорт басқарыўшыларынан коронавирус инфекциясына лабораторияға тест сынамалары алынды.

Инфекцияныӊ тарқалыўының алдын алыў бойынша өткерилип атырған иләжлар нәтийжесинде усы күнге шекем қала ҳәм район аймақларында жәмийетлик орынларда нықап тақпай жүрген ҳәм белгиленген карантин талапларын бузған 5231 пуқара анықланып, оларға қаратаҳәкимшилик жәрийма шаралары қолланылды.

Усындай жағдайлардыӊ алдын алыў бойынша Коронавирусқа қарсы гүресиў Республика арнаўлы штабының шөлкемлестириўи менен 1-2 июнь күнлери бир қатар районлар ҳәм Нѳкис қаласы аймақларында өткерилген рейд иләжлары даўамында 44 объектте карантин қағыйдалары менен байланыслы кемшиликлер анықланған болса, жәмийетлик орынларда 94 пуқараның нықапсыз жүргенлиги анықланды.

Усындай карантин талапларына ҳәм санитария гигиена қағыйдаларына әмел етпеў ямаса арқайынлыққа жол қойыў жағдайлары эпидемиологиялық турақлықтың қурамалласып кетиўине алып келеди.
Озбекстан Республикасына коронавирустыӊ кирип келиўи ҳәм тарқалыўыныӊ алдын алыўда ис-иләжлар дәстурин таярлаў бойынша Республика арнаўлы комиссиясыныӊ қарары менен әмелдеги карантин талаплары 2020 жылдыӊ 15 июнь сәнесине шекем созылғанлығын еслетип ѳтпекшимиз.

Деген менен кеселлик аз аймақларда карантин илажлары избе из жумсартылып атырғанына көпшилик пуқараларымыз аркайынлыққа берилип, карантин талапларына жуўапкершиликсиз қараўы бақланбақта. Бул болса кеселликтиң хәўиж алып кетиў қәўпин пайда етеди.

Биз ѳз гезегинде карантинге байланыслы тәртип интизамды сақлаў тек тийисли тараўлардыӊ ўазыйпасы деп қарамастан ҳәр бир аймақлардыӊ кѳше бийлерин, кеӊ жәмәәтшилигин бул иләжларға белсендилик кѳрсетиўге шақырып қаламыз.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабы ескертеди!

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
O'zLiDeP Амударё туман кенгаши раҳбари сайланди

Амударё туман ҳокимлигида Қорақалпоғистон Республикаси Маҳалла ва оилани қўллаб-қувватлаш вазири, партиянинг Қорақалпоғистон Республикаси Кенгаши раиси С.Турманов, туман ҳокими С.Йўлдошев, партиянинг Қорақалпоғистон Республикаси Кенгаши аппарат раҳбари Ш.Отемисов ва туман кенгаши депутатлари иштирокида мажлис ташкил этилди.

Кун тартибидаги масала юзасидан вазир С.Турманов сўзга чиқиб, партиянинг туман кенгаши аппарат раҳбари лавозимига Ислам Маткаримовнинг кандидатураси тавсия қилди ва унинг иш тажрибаси, меҳнат фаолияти билан таништириб ўтди.

Тадбирда туман кенгаши депутатлари ҳам И.Маткаримовга ишонч билдириб, ўз фикрларини билдирди.

O'zLiDeP Қорақалпоғистон Республикаси Кенгаши матбуот хизмати. 👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабы ескертеди!

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Бүгингидей жағдайда депутатлар белсендилик көрсетиўи тийис

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жыл 26-май күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде Олий Мажлис палаталары орынларда халық депутатлары кеңеслери менен бирге пандемияға байланыслы Президент қарарлары ҳәм тапсырмаларының орынланыўы бойынша парламент ҳәм кеңеслердиң тәсиршең қадағалаўын жолға қойыў, сондай-ақ, район, қала, ўәлаят ҳәкимлери, министрлер ҳәр айда бир мәрте Президент қарарларының орынланыўы бойынша есабат берип барыўы тийислиги белгиленген еди.
👇
3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде өткерилген Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳәмде Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетлериниң қоспа мәжилисинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пандемияға байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бүгинги күнде пандемияның халықтың турмысына ҳәм экономикамызға унамсыз тәсирин жумсартыўда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыўда, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатғуынлығы атап өтилди.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳәмде Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетлериниң баслықлары ҳәм ағзалары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов алып барды ҳәм Президентимиз тәрепинен белгиленген тапсырма ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм депутатлық қадағалаўды тәмийинлеўде, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланыўын жолға қойыўда депутатлардың жуўапкершилигин ҳәм белсендилигин арттырыў тийислигин айрықша атап өтти.

Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова республикамызда қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў, оларды жәнеде жетилистириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын ҳәм саўатлылығын арттырыў мәселеси бүгинги күнде әҳмийетли мәселелердиң бири екенин, бул процессте депутатларымыз белсене қатнасыўы, қала ҳәм район кеңеслериндеги турақлы комиссиялардың жумысын күшейттириў, қабыл етилген нызамлардың мазмунын ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў, әсиресе, бүгинги карантин жағдайында аралықтан турып онлайн ушырасыўлар, видеобайланыс арқалы додалаўлар өткериўди шөлкемлестириў керек екенлигин айтып өтти.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес депутатлары көрилген мәселелер бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң автомобильлерде тасыўлар қәўипсизлигин тәмийинлеўди бақлаў бөлиминиң инспекторлары, ҚР ИИМ Жол хәрекети кәўипсизлиги басқармасы инспекторлары менен биргеликте белгиленген тәртип-қағыйдаларға қайшы түрде жолаўшы тасып, карантин қағыйдаларына әмел етпей жүрген автотранспортлар басқарыўшыларын анықлаў мақсетинде күнделикли рейд тексериў жумыслары шѳлкемлестирилмекте.

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi
Мойнақ: пайдаланылмай турған 5500 гектар егислик жерлер қайта абаданластырылмақта

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2131

👉 Каналға ағза болыў - @QresMinistrlerKenesi