Қорақалпоғистон Республикаси умумтаълим мактабларининг 2022-2023 ўқув йилида ҳудудлар кесимида ўқитувчиларга бўлган мавжуд эҳтиёжи ҳақида 2023 йил 1 август холатига маълумот
Тўлиқ ўқиш
Каналға ағза болыў
Тўлиқ ўқиш
Каналға ағза болыў
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Кердер" аўыл пуқаралар жыйыны жолы асфальтланбақта
2023-жыл 1-мәўсим "Ашық бюджет" мәлимлеме парталы арқалы Нөкис районы 'Кердер" аўыл пуқаралар жыйынына алып барыўшы 1км асфальт жолын оңлаў ушын 1млрд 200млн сўм қаржы утып алған еди.
Ҳәзирги ўақытта усы жолды "Кележек" жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен асфальтлаў жумыслары басланды.

“Ашық сәўбет” шеңберинде көшпели қабыллаў өткерилди.
⚡️Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Шымбай районлары исбилерменлери ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасында “Ашық сәўбет” шеңберинде көшпели қабыллаў өткерилди.
Көшпели қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң орынбасары Ҳ.Тешабаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Отеулиев ҳәм Республикадан бир қатар министрликлер, хожалық бирлеспелери, коммерциялық банклер басшылары қатнасты.
Қабыллаўда районлардан келген бир қатар исбилерменлер өзлерин қыйнап киятырған, шешимин таба алмай жүрген машқалалары бойынша мүрәжатлары көрип шығылып, унамлы шешилиўи ушын тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, қадағалаўға алынды.

Нөкис районы ҳәкими тайынланды
Усы жылдыӊ 2-август күни халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда район ҳәкими лаўазымына Заитов Зияуатдин Имаматдиновичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.
Сессияда Заитов Зияуатдин Имаматдинович Нөкис районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.
Өз гезегинде З.Заитов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.
Усыныӊ менен халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Мағлыўмат ушын, Заитов Зияуатдин Имаматдинович усы күнге шекем Шымбай районы ишки ислер бөлими баслығы, Нөкис қаласы ишки ислер бөлими баслығы, Қоңырат районы ҳәкими, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, Нөкис қаласы ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter