Karakalpakstan.uz
20.4K subscribers
28.3K photos
3.99K videos
13 files
12.3K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
Búgin Respublikamız Joqarı oqıw orınları arasında “Jańa Ózbekstan jasları birleseyik" súreni astında “Studentler báhári” festivalına start berildi. Usı festival sheńberinde Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialında «Úsh áwlad ushrırasıwı» bolıp ótti.

Tolıq oqıw

Каналға ағза болыў
#Konservatoriya #Studentler_báhári_festivalı

ÓZBEKSTAN MÁMLEKETLIK KONSERVATORIYASI NÓKIS FILIALINDA “MUNOZARA” DEBAT INTELLEKTUAL TURNIRI BOLIP ÓTTI.

Joqarı oqıw orınları studenti arasında “Studentler báhári” sonday-aq “Jańa Ózbekstan-jaslar mámleketí” festivalı bolıp ótkerilmekte.
Ótkerilgen iláj dawamında student jaslar arasında “Munozara” debat turniri bolıp ótti.

Turnir dawamında studentler belgilengen temalar boyınsha “Tastıyıqlawshı” hám “Biykarlawshı” poziciyalarda ózleriniń oratorlıq sheberliklerin kórsetti.
Bul turnirdi ótkeriwden tiykarǵı maqset studentlerdiń kreativ pikirlewin arttırıw, oratorlıq sheberligin jetilistiriw bolıp esaplanadı.

🌐𝑩𝒊𝒛𝒅𝒊 𝒔𝒐𝒄𝒊𝒂𝒍𝒍ı𝒒 𝒕𝒂𝒓𝒎𝒂𝒒𝒍𝒂𝒓ı𝒎ı𝒛𝒅𝒂𝒏 𝒃𝒂𝒒𝒍𝒂𝒑 𝒃𝒂𝒓ı𝒏́

𝑰𝒏𝒔𝒕𝒂𝒈𝒓𝒂𝒎 | 𝑻𝒆𝒍𝒆𝒈𝒓𝒂𝒎 | 𝒀𝒐𝒖𝑻𝒖𝒃𝒆
Girbińsiz qálb iyelerine bayram sawǵası tapsırıldı

Hár jılı 1-iyun sánesi Xalıqaralıq balalardı qorǵaw kúni sıpatında keń túrde belgilenip kelinbekte. Usı sáne múnásibeti hám «Jańa Ózbekstan jasları, birleseyik!» súreni astında ótkerilip atırǵan «Studentler báhári» festivalı sheńberinde Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı jámááti Qaraqalpaqstan Respublikası Kóp tarmaqlı balalar medicinalıq reabilitaciyalıq orayındaǵı balalardı ájayip bayram múnásibeti menen qızǵın túrde qutlıqlap, olarǵa bayram sawǵaların tapsırdı.

Tolıq oqıw

Каналға ағза болыў
⚡️Министрлер Кеңесиниң Баслығы Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джонатан Хэник басшылығындағы делегацияны қабыллады

2023-жыл 1-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джонатан Хэник ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) миссиясы директоры Микаэла Мередит пенен ушырасты.

Ушырасыўда, Республика аймағында киши бизнес субъектлериниң ислерин раўажландырыў, қусшылық, шарўашылық, аўыл хожалығы тараўында жаңадан суў тежеўши технологиялардан пайдаланыўды еңгизиў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў салаларын еледе жеделлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Елши Джонатан Хэник ҳәм USAID директорқ Микаэла Мередит
Қарақалпақстанда әмелге асырмақшы болған жойбарлары менен жақыннан таныстырды.

Каналға ағза болыў
Kurashchilarimiz Bishkekdagi reyting turnirini beshta medal bilan boshlashdi

Qirgʻizistonning Bishkek shahrida sport kurashlari boʻyicha reyting seriyasiga kiruvchi xalqaro musobaqa start oldi. Turnirni yunon-rum kurashi ustalari boshlab berdi. Birinchi kun doirasida gilamga chiqqan Oʻzbekiston terma jamoasi aʼzolari 2 ta oltin, 2 ta kumush va 1 ta bronza medallariga sazovor boʻlishdi. Hamyurtlarimizdan Islomjon Bahromov (-60 kg) hamda Jalgasbay Berdimuratov (-87 kg) oʻz vazn toifalarida oltin medalni qoʻlga kiritishdi. Batafsil:
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Шүкиршилик_сезимлери

⚡️Күн ҳикмети

Дени саўлар қуўансын! Барына қанаат етип жасасын.

Инсан дүньяда бар екен, тәниндеги жүреги урып, көзи көрип, аяғы жүрип турса өзи жасап турған мәмлекетке, жәмийетке, шаңарағына, ең болмаса өзине-өзи пайда келтирип жасаўы керек. Бул ҳикметти биз, бүгинги қаҳарманымыз Халқабад МПЖ да жасаўшы Сәрбиназ Ғаниеваның мысалында көрип, терең аңладық. Ол 2-3 жылдан берли жүрек кеселлигине жолығып, жасалма дем бериў аппаратынан пайдаланып отырады.  Солай болса да, ол он еки мүшеси саў небир адамлардан күшли ҳаял. Өйткени, оның кеўли шүкиршилик деген сезимге толы. Ол өзиниң өмирге деген сүйиспеншилиги, алға қарай умтылыўы менен өзине берилген сынаўларды мәрдана жеңип өтиўге ҳәрекет етип атыр. Мен бийтаппан, маған болмайды деп қарап отырған жоқ. Ҳәрекети ҳәм излениўиниң арқасында қосымша дәрамат табыўға да үлгерип атыр. Оның айтыўынша, инсанда денсаўлық болса, ҳәмме есиклер ашық болады екен...

Каналға ағза болыў
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️«Қумбасқан» АПЖда жәми 17,6 км жол қайта оңланады

Президентимиздиң 408-санлы Қарарына муўапық Төрткүл орайынан 60 км узақлықта жайласқан «Қумбасқан» АПЖда 17,6 км жол қайта оңланыўы режелестирилип, соннан 3,1 км жол асфальт қылыў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, 14,5 км жолға қум тас араласпасын төсеў жумыслары алып барылады.

Каналға ағза болыў