Karakalpakstan.uz
20.7K subscribers
28.1K photos
3.96K videos
13 files
12.2K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
«Ózbekstan – jaslar mámleketi» súreni astında búgin Beruniy rayonında Jaslar seyili ótkerilmekte. Ilaj sheńberinde sport jarısları, ushırasıwlar hám seminar-treningler bolıp ótpekte.

📲Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Beruniy tumani

"Ózbekiston yoshlar mamlakati" shiori ostida Yoshlar sayli gala konsertidan lavhalar
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Беруний тумани

Ўзбекистон республикаси конституцияси тўғрисидаги қонун лойиҳаси тарғиботига бағишланган Конституция меники, конституция Сеники, конституция бизники деб номланган маданий тадбир
Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирдан халқымыз!

Сизлерди бүгинги Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Инсан мәпи ҳәр қандай нәрседен үстем екенлиги, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, миллетлер аралық татыўлықты, пуқаралардың тынышлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў Конституциямызда белгилеп қойылған болып, усы тийкардағы ийгиликли әмеллер бүгинги күнде турмыста өз сәўлелениўин таўып атыр.

Қәдирли Ўатанласлар, Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық, тынышлық ҳәм татыўлық тилеп қаламыз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы кең түрде белгиленди

Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған «Конституциямыз – бахтымыз тийкары» атамасында салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, Конституциямыз – бул миллий ҳуқық системасының тийкарын қураў менен бирге, инсанлардыӊ ҳуқық ҳәм еркинлигин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.

Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық- экономикалық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер – Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардыӊ нәтийжеси саналады.

Өткерилген илажда сөзге шыққанлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, республикамыздың халқына, соның ишинде, жасларымызға айрықша ҳүрмет ҳәм итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирди.

Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter