Karakalpakstan.uz
23.4K subscribers
28.4K photos
4.01K videos
13 files
12.3K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни

Бизиң келешегимиз, баслаған жақсы ислеримиздиң даўамшылары болған әзиз балаларды 1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен қутлықлаў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев Тақыятас районындағы Балалар үйинде болып, бүгинги байрам менен балаларды қутлықлады ҳәм саўғалар тапсырылды.

Соның менен бирге Министрлер Кеңесиниң Баслығы бул жерде балалар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Байрам шеңберинде мәденият тараўы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы инәм етилди.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ жигирма тоғызыншы сессиясы басланды.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, министрлик, мәкеме басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнаспақта.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе халыққа көрсетилип атырған тез медициналық ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлериниң сапасын жақсылаўға қаратылған илажлар ҳаққында Жоқарғы Кеӊес депутаты Т.Романовтыӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Баянатшыныӊ атап өткениндей бүгинги күнде республикамыз халқына 156 тез медициналық жәрдем бригадалары хызмет көрсетпекте.
Соның ишинде, 137 улыўма тармақлық бригадалары, 11 реанимация, 3 психиатрия ҳәмде 5 фельдшерлик бригадалары болып табылады.
Соңғы 5 жылда тез медициналық бригадалар саны 92 ден 156 ға, тез жәрдем бригадаларына зәрүр болған дәри-дәрмақлар түрлери 20 атамадан 41 атамаға көбейген.
Сондай-ақ, тез жәрдем хызмети ушын жәми 109 дана арнаўлы автотранспортлар алынып, 68,6 пайызы жаңаланған.
Республика бойынша тез медициналық жәрдем хызметиндеги шыпакерлер ушын ажыратылған штат бирликлери кейинги 5 жылда 393 тен 856 штат бирликлерине жеткерилген.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги екинши мәселе «Туқымгершилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Дүйсенбай Утамбетов баянат жасады.

Ислеп шығылған нызам жойбары 4 бап, 39 статьядан ибарат болып, ҳәрекеттеги нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәм де жаңадан 27 статья киргизиў усыныс етилмекте.

Сораў-жуўаплардан соӊ депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4889-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары Н.Ерлепосовтыӊ есабаты тыӊланды.

Есабатта атап өтилгениндей, 2020-2023-жылларда 2788 жойбар ҳәм объектлерде 21 трлн. 209 млрд.сўмлық кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылыўы режелестирилген болып, соннан 2021-жылда бир ғана социаллық тараў объектлеринде, яғный, 22 мектепте 81 млрд.сўмлық, 13 мектепке шекемги шөлкемлерде 47,3 млрд.сўмлық, 8 денсаўлықты сақлаў объектлеринде 48,8 млрд.сўмлық қурылыс жумыслары алып барылып пайдаланыўға тапсырылған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ 800 орынға мөлшерленген 4 студентлер турақ жайында 13,3 млрд.сўмлық, 2 мәденият объектлеринде 13,3 млрд.сўмлық қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылған.
Соныӊ менен бир қатарда, Президент қарары менен 2022-жылда әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп берилген болып, аймақлық инвестиция жойбарлары ҳәм санаат кластерлерин шөлкемлестириў бойынша көлеми 4,1 трлн.сўмлық 193 жойбар әмелге асырыў ҳәм 4 898 жаӊа жумыс орынларын шөлкемлестириў, жол-транспорт, инженерлик-коммуникация инфраструктура объектлеринде 263 млрд.сўмлық, 40 социаллық тараў объектлеринде 188 млрд.сўмлық, 45 шараяты аўыр мәҳәлле ҳәм аўылларда 397 млрд.сўмлық қурылыс-оӊлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

website |facebook | telegram