Karakalpakstan.uz
25.4K subscribers
28.5K photos
4.04K videos
13 files
12.4K links
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Веб-сайт:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Twitter:
https://twitter.com/qr_kenesi
Download Telegram
Бүгин пайтахтымыздағы Амфитеатрда «Жаслар ҳаўазы» Республика жаслар фестивалының ашылыў салтанаты болып өтпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти 2020-жыл 2-октябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында елимиздиң қыз-жигитлерин Қарақалпақстанның турмысы менен таныстырыў мақсетинде жаслар фестивалын шөлкемлестириў усынысын билдирген еди.

“Жаслар ҳаўазы” Республика жаслар фестивалында елимиздиң барлық аймағынан қатнасыўшылар – өз аймақларында теңсиз деп табылған жас талант ийелери ҳәм мийманлар қатнаспақта.

Фестивальдын ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қахраман Сариев ҳәм бир қанша басшылар қатнаспақта.

Дерек@joqargikenes

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Пайтахтымыздағы Амфитеатрда болып өткен «Жаслар ҳаўазы» Республика жаслар фестивалының ашылыў салтанаты жуўмақланды.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Сол күнлерди еслеп

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/3664

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi

ДЫҚҚАТ! ДЫҚҚАТ!

Усы жылдың 11-15-май күнлери аралығында Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры жәмәәти Қарақалпақстанда дөретиўшилик сапарында болады
.

Дөретиўшилик сапар даўамында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры репертуарындағы ең жақсы сахналық шығармалар – 12-май күни “Майсараның иси”, 13-май күни “Еки қәлб дәстаны” спектакллери тамашагөйлерге инәм етиледи.

Сондай-ақ, 14-май күни Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры симфониялық оркестрлериниң “Дослық концерти” бағдарламасы өткерилиўи, 15-май күни театр жәмәәтиниң Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхатын шөлкемлестириў белгиленген.

Министрликтиң мәлимлеме хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | «Бўзатов иқтидорларни кашф этади!» тадбирининг тантанали очилиш маросими
#10may #uzbekiston24

mtrk.uz | Youtube | Facebook | Telegram | uztv.tv
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова бүгин жеке қабыллаўын өткерди.

Онда өз мүрәжатлары менен келген ҳаял-қызлардың тилек усыныслары тыңланды.

Атап айтқанда материаллық жәрдем, бәнтлик, кредит ҳәм турақ-жай бойынша мүрәжатлар пуқаралар тәрепинен билдирилди.

Билдирилген мүрәжатлар тийисли тәртипте үйренип шығылып шешим қабыл етилди.

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi