Karakalpakstan.uz
22K subscribers
28.7K photos
4.08K videos
13 files
12.4K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń mámleketlik húkimet portalı

Veb-sayt:
www.karakalpakstan.uz
Facebook:
www.fb.com/groups/karakalpakstan.uz
Instagram:
instagram.com/qr.ministrlerkenesi
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бүгин Қараөзек районы "Бердақ" АПЖ аймағындағы "Қараөзекли Батырбай" фермер хожалығында бийдайдан босаған майданларға тәкирарий егин егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М. Камалов, район ҳәкими У. Утамбетов, республикадан келген бир қатар министрликтиң басшылары, фермерлер менен жасларымыз қатнасты.

Семинар даўамында сөзге шыққанлар тез арада ғәлледен босаған жер майданларын жумыссыз пуқараларға бөлип бериў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиплери бойынша түсиниклер берип өтти. Усындай бийдайдан босаған майданларға тәкирарый егин егиў ушын 2 мың 872,0 гектар жер майданлары таярланып соннан, 430,8 гектар жер майданы жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын ажыратылып оған баў бақша, мәш, майлы егинлер менен азықлық егинлерин егиў режелестирилген.

Дерек: @QaraozekHakimligi
Forwarded from Shimbay.uz (Наргиза_Толыбаева)
Шымбай районында босаған жер майданларын қайта егиў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў бойынша семинар болып өтти

Каналға ағза болыў : 👉
https://shimbay.uz/2750.html


Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Хош хабар!

Қарақалпақстан Республикасында спорттың Мини футбол түринен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Басқармасы баслығы кубогы ушын өткерилген жарыста жеңимпаз болған Нөкис районы "Ақмаңғыт" МПЖ командасы Ташкент қаласында болып атырған Өзбекстан Республикасы МҚХ Баслығы кубогы басқышында табыслы ойын көрсетти ҳәм Сурхандәрья ўәлаятының командасы үстинен 3:1 есабынан жеңиске еристи.

Командамыз жемисли жүрисин даўам етип, бүгин 14-июнь күни Наўайы ўәлаяты командасы үстинен 1:0 есабында жеңиске ерисип кейиңги басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Каналға ағза болыў: @QresMinistrlerKenesi
Президент Шавкат Мирзиёев соғлиқни сақлаш ва коммунал хизмат, ҳудудлараро ҳамкорликка оид ҳамда тижорат банклари томонидан шакллантирилган лойиҳалар тақдимоти билан танишди.
Республика онкология ва радиология тиббиёт маркази учун янги бинолар қуриш ва жиҳозлаш бўйича лойиҳага алоҳида эътибор қаратилди. Малакали шифокорлар тайёрлашга қаратилган режалар ҳақида ҳам маълумот берилди.
Давлатимиз раҳбари лойиҳаларни танқидий баҳолаб, уларни такомиллаштириш бўйича кўрсатмалар берди.

Президент Шавкат Мирзиёев ознакомился с проектами в сферах здравоохранения и коммунального обслуживания, межрегионального сотрудничества, а также с проектами коммерческих банков.
Особое внимание уделено строительству и оснащению новых корпусов для Республиканского медцентра онкологии и радиологии. Рассказано о планах по подготовке квалифицированных врачей.
Глава государства критически оценил проекты и дал указания по их доработке.

#Mirziyoyev #taqdimot #soqliqnisaqlash #kommunal

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Ақ кеме" балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында 2021-жыл жаз мәўсиминдеги дем алыста 250 баладан ҳәр гезекте жәми 1500 баланы қабыллаў режелестирилген.

Биринши гезекте
160 бала кем тәмийинлеген шаңарақлардан, 90ы билимлендириў мекемелеринен, 30ы Шоманай, 30ы Қонырат, 30ы Қанлыкөл, 70и Мойнақ районларынан жәми 250 бала кеўилли дем алды.

Екинши гезек 16-июнь күни басланыўы күтилмекте.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Кегейли районында 2021-жыл зүрәәти ушын 4 мың 100 га жер майданға ғәлле егилген болып, бүгинги күнде ғәлледен босаған 2 мың 507 га майданға тәкирарый егинлерди егиў режелестирилген.
Сонлықтан усы мүнәсибет пенен бүгин «Жүзимбағ» АПЖ аймағында районымызда 2021-жыл ғәлледен босаған майданларға тәкирарый егинлерди егиў бойынша семинар болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары С. Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Покурорының орынбасары Қ.Бекмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы Министри А.Якубов, Кегейли районы ҳәкими Д. Утемуратовлар қатнасты. Жыйналыста кем тәмийинленген шаңарақларға егин майданларынан жер ажыратып бериў, егислик майданларынан үнемли пайдаланыў мәселелери айрықша додаланды.
Усы орынның өзинде режеде турған жумысларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалыр берилди.

Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@kegeylirkuzofficial