Qaraqalpaqstan Respublikası Awıl xojalıģı ministrligi.
2.04K subscribers
10.8K photos
1.8K videos
4 files
4.38K links
Қорақалпоғистон Республикаси Қишлоқ хўжалиги вазирлиги Матбуот хизмати


Веб-сайт
https://qqragro.uz
Download Telegram
Usı jıldıń 29-oktyabr sánesinde Ellikqala rayonında gúzgi shúdigarlaw jumısların óz waqtında shólkemlestiriw boyınsha kórgizbeli seminar bolıp ótti.

Seminarda Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesi Baslıǵınıń awıl hám suw xojalıǵı máseleleri boyınsha orınbasarı Sh.Teshaev, Qaraqalpaqstan Respublikası Awıl xojalıǵı ministri D.Kaypov, sonday-aq awıl xojalıǵı kárxanaları hám fermer xojalıqlarınıń basshıları qatnastı.

Seminarda 2025-jıl ónimi ushın gúzgi shúdigarlaw jumısları, sherbet usılında suwǵarıw, shor juwıwǵa jer maydanların tayarlaw, oraylıq MTP yamasa aymaqlardaǵı MTP ustaxanalardaǵı barlıq túrdegi awıl xojalıǵı texnikalarınıń ońlanıwı sıyaqlı máseleler atap ótilip, tiyisli qánigelerge kórsetpeler hám tapsırmalar berildi.

Sonday-aq, awıl xojalıǵı texnikaların zárúr awısıq bólekler menen támiyinlew hám qarjılardıń esap-sanaqları islep shıǵılǵanlıǵı, jumısshı hám mexanizatorlarǵa ıssı awqat hám basqa da qolaylı sharayatlardıń jaratılǵanlıǵı máseleleri kórip shıǵıldı.

Seminar juwmaǵında jıynalǵanlardıń qatnasıwında, "Jasıl mákan" ulıwma milliy háreketi sheńberinde náller egildi.




➡️Qaraqalpaqstan Respublikası Awıl xojalıģı ministrliginiń málimleme xizmeti.
📸instagramItelegramI💬facebook I🌐 web-sayt
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
9 ayda Ámiwdárya rayonında 53,6 mıń tonna palız eginleri jetistirilgen

2024-jıldıń yanvar-sentyabr aylarında Ámiwdárya rayonında barlıq túrdegi xojalıqlar tárepinen 53 647,4 tonna palız eginleri jetistirildi.Ósiw páti 2023-jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 107,3 % ke jetken.Respublika boyınsha jetistirilgen palız eginleri ulıwma kóleminde usı aymaqtıń qosqan úlesi 24,9 % ti quradı.
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын еле де раўажландырыў, тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир ҳәм усынысларды тыңлаў мақсетинде шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты.

Атап өтиў керек, өткен 2022-жылда шет еллерден 1263 бас нәсилли шарўа маллары, 2023-жылы 148 бас, быйылғы жылда 309 бас нәсилли шарўа маллары елимизге алып келинген.

Бүгинги өткерилген ушырасыўда тийкарынан нәсилли шарўа малларын шет еллерден алып келиўдеги машқалалар, қайсы мәмлекетлерден алып келинген шарўа маллары Қарақалпақстан шараятына масласа алатуғыны, шарўашылық ҳәм қусшылық тараўында қосымша имканиятларды жаратып, еле де раўажландырыў ушын қандай илажларды белгилеп алыў керек екенлиги, жайлаў жер майданлары менен шарўа малларының суў менен тәмийинлениў дәрежеси, шарўа комплексин қурыўда инфраструктура менен тәмийинлеў ҳәм жер майданларын ажратыўда жүзеге келип атырған машқалалар бойынша тараў хызметкерлери менен пикир алысылды.

Соның менен бирге, шарўа комплекси ушын салық жеңилликлериниң қайсы түрлеринен жеңиликлер берилиўи керек, шарўашылық ушын кредит қаржыларын ажыратыў ҳәм от-жем базасын жаратыў мәселелери ҳәм ең баслысы халқымызды арзан соның менен бирге сапалы гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис жумыслар жөнинде сөйлесип алынды.

Усы мақсетлерди әмелге асырыўда режелестирилип атырған стратегия бойынша шарўа фермер хожалықлары басшылары өзлериниң бир қатар пикир-усынысларын билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍1
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы Жәҳән банки ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Жәҳән банкиниң Өзбекстан Республикасындағы ўәкиллери Пьер Гербер, Преслава Ненова ҳәм Албан Беллингезлерди қабыллады.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тараўын раўажландырыў мақсетинде Жәҳән банкиниң грант қаржыларын ажыратыў мәселелери додаланды.

Атап айтқанда, быйыл Қарақалпақстан Республикасы ушын 5 миллион АҚШ доллары муғдарында грант қаржылары ажратылыўы белгилеп алынып, ноябрь-декабрь айларында усы қаржылар есабынан қарамаллардың нәсилин жақсылаў мақсетинде эмбрион ислеп шығаратуғын лабораториялық әсбап-үскенелер алынып, ҳайўанларды идентификациялаў ушын 110 дана планшет, 18 дана компьютер, шарўа ҳайўанларын идентификациялаў ушын 3 миллион 282 мыңнан артық биркалар менен тәмийинленеди.

Сондай-ақ, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажладырыў комитетиниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, ветеринариялық сервис хызметин жақсылаў мақсетинде 2 дана арнаўлы дезинфекциялық автомобиль, 5 тонналық – 1 дана, 1 тонналық – 13 дана музлатқышлы камера ҳәм 53 дана музлатқыш, 16 дана компьютер ҳәм 16 дана принтер менен тәмийинлеў белгиленбекте.

Ушырасыўда шарўашылық тараўын раўажландырыў мақсетинде Жәҳән банки тәрепинен 2,8 миллиард сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылғанлығы атап өтилип, соның менен бирге, 44 миллиард сумлық кредитлер де ажыратылыўы жобаластырылғанлығы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Жўқорғи Кенгес Раиси Жаҳон банки вакиллари билан учрашди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев Жаҳон банкининг Ўзбекистон Республикасидаги вакиллари Пьер Гербер, Преслава Ненова ва Албан Беллингезларни қабул қилди.

Учрашувда Қорақалпоғистон Республикасида чорвачилик соҳасини ривожлантириш мақсадида Жаҳон банки грант маблағларини жалб қилиш масалалари муҳокама қилинди.

Таъкидлаш жоиз, шу йилнинг ўзида Қорақалпоғистон Республикаси учун 5 миллион АҚШ доллари миқдорида грант маблағлари ажратилиши белгилаб олиниб, ноябрь-декабрь ойларида ушбу маблағлар ҳисобидан қорамолларнинг наслини яхшилаш мақсадида эмбрион ишлаб чиқарувчи лаборатория асбоб-ускуналари олиниб, ҳайвонларни идентификация қилиш учун 110 та планшет, 18 та компьютер, чорва ҳайвонларини идентификация қилиш учун 3 миллион 282 мингдан зиёд биркалар билан таъминланади.

Шунингдек, Ветеринария ва чорвачиликни ривожлантириш қўмитасининг моддий-техник базаси мустаҳкамланиб, ветеринария сервис хизматини яхшилаш мақсадида 2 та махсус дезинфекция автомобили, 5 тонналик – 1 та, 1 тонналик – 13 та музлаткичли камера ҳамда 53 та музлаткич, 16 та компьютер ва 16 та принтер билан таъминлаш белгиланмоқда.

Учрашувда чорвачилик соҳасини ривожлантириш мақсадида Жаҳон банки томонидан 2,8 миллиард сўм миқдорида кредит маблағлари ажратилганлиги таъкидланиб, шу билан бирга, 44 миллиард сўмлик кредитлар ажратилиши режалаштирилганлиги тўғрисида маълумот берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🌿Suwǵarılatuģın jerlerde ıǵallıqtı saqlawda agrotexnikalıq ilajlardıń túrleri

🖥Topıraq ıǵallıǵınıń ósimlikke azıqlıq elementleriniń ótiwindegi tásiri fiziologiyalıq hám fizikalıq faktorlarǵa baylanıslı:
1) Ósimliklerdiń ulıwma fiziologiyalıq jaǵdayı normal toyınǵan kletkalarda fotosintez hám basqa da proceslerde jaqsılanadı;
2) Íǵallıq jeterli bolǵan jerlerde ósimliklerdiń tamır sisteması jaqsı rawajlanıp, onıń sińdiriw kólemi artadı.

⚡️Bunda tiykarǵı wazıypalardan biri - suwǵarıw suwın únemlewde qollanılatuģın agrotexnikalıq usıllar.Topıraqta qolaylı suw rejimin jaratıw ushın, birinshiden, suwdı sińdiriw hám ıǵallıqtı uslaw qásiyetin arttırıw, Íǵallıq uslaw qásiyetiniń joqarılıǵı hár qıylı jawın-shashın (suwǵarıw) dan kelgen ıǵallıqtı tolıq saqlap qaladı hám onıń kemeyiwin azaytadı.

Topıraqqa islew beriw mádeniyatıda zárúr bolǵan wazıypalar qatarına kiredi.Eginlerden joqarı ónim alıwda suwǵarıwdan keyin, jer tapqa kelgen waqıtta barlıq egislik eginlerde, egis aralıǵına islew beriw (kultivaciya) talap etiledi.Óz waqtında ótkerilgen tereń kultivaciya tek ǵana suwdı únemlep qoymastan, zúráátlikti de 60% ke shekem arttıradı.

🍀Awıl xojalıǵı eginlerin jetistiriwde suwǵarıwdan keyin berilgen islew qolaylı hawa, ıssılıq hám azıqlıq rejimin támiyinleydi, bul bolsa ósimliktiń normal rawajlanıwına imkaniyat jaratadı.

💧Topıraqtı organikalıq hám mineral tóginler menen toyındırıw - transpiraciya koefficientin kemeytedi hám suwǵarıw ónimdarlıǵın arttıradı.



➡️Qaraqalpaqstan Respublikası Awıl xojalıģı ministrliginiń málimleme xizmeti.
📸instagramItelegramI💬facebook I🌐 web-sayt
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍1
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы исбилерменлер менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.

Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы иләжлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.

Бүгинги өткерилген ушырасыўда исбилерменлик жумысын алып барыўда ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди.

Ҳәр қандай инвестициялық, ислеп шығарыў ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен барқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша тилге алынды.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Жўқорғи Кенгес Раиси Нукус шахридаги тадбиркорлар билан учрашди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев раҳбарлигида Савдо-саноат палатасининг Қорақалпоғистон Республикаси бошқармасида тадбиркорлик лойиҳаларини қўллаб-қувватлаш ва янги лойиҳаларни ишга туширишда учраётган муаммоларни аниқлаш ва уларни бартараф этиш бўйича тумандаги тадбиркорлар билан учрашув бўлиб ўтди.

Унда инвестицион лойиҳаларни ишга тушириш, маҳаллийлаштириш дастурига киритилган ва экспортёр корхоналарга амалий ёрдам кўрсатиш, саноат маҳсулотларини ишлаб чиқарувчи корхоналарнинг тўлиқ қувватда ишлашини таъминлаш масалалари муҳокама қилинди.

Айтиш жоизки, ҳурматли Президентимизнинг раҳбарлигида юртимизда тадбиркорликни янада ривожлантириш, улар учун барча қулай шароитларни яратиш бўйича кенг кўламли ислоҳотлар олиб борилмоқда. Фақат Қорақалпоғистон учун қабул қилинган тарихий қарор ва фармонлар бу борадаги чоралар кўламини янги босқичга кўтармоқда.

Бугунги ўтказилган учрашувда тадбиркорлик фаолиятини олиб боришда учраётган муаммолар юзасидан яқиндан фикр алмашилди.

Ҳар қандай инвестицион, ишлаб чиқариш ва саноатни ривожлантириш борасидаги лойиҳалар Президентимиз томонидан ҳар доим қўллаб-қувватланиши Жўқорғи Кенгес Раиси томонидан алоҳида таъкидлади.

Учрашув давомида бугунги кунда тадбиркорларни қийнаб келаётган Муаммолар тингланди ва билдирилган мурожаатларнинг кўпчилигига жойида ечим топиш чоралари кўрилди. Вақт талаб этиладиган мурожаатлар назоратга олиниб, тез фурсатда ижобий ечим топиш бўйича тегишли соҳа мутасаддиларига топшириқлар берилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM