Халқымызға Жаңа жыл қутлықлаўы!

Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!


Ең дәслеп, бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеп, халқымызды және де үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман. Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта. Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен ѳткен бир жылдың ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға, соның ишинде жасларымызға, исбилерменлеримизге бурын болмаған имканиятлар жаратылғанлығы, мәҳәллелерде кең кѳлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Атап айтқанда, жуўмақланып атырған жылда 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сўм қосымша қаржы берилгенин, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумысларының жолға қойылғанын, қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде 640 км.ге жақын топырақлы жолларға 55 миллиард 678 миллион сумлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылғанын, Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, бул фондқа 20 миллиард сум қаржы ажыратылғанын, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғанын, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятының жолға қойылғанын, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылып, олардың экономикалық жақтан беккемлениўине тийкар жаратылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен айтып ѳтсек болады.

Сондай-ақ, халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келди. Сѳзимизге мысал ретинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 699 объектте 1,6 триллион сумлық қурылыс ҳәм реконстукция жумыслары алып барылғаны, соның ишинде Инвестиция бағдарламасы тийкарында 58 объектте 547,9 миллиард сумлық, мәҳәллелерде 286 объектте 238 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғаны, буннан тысқары, 33 көп қабатлы турақ жайлар жаңадан курылып, 69 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў жумыслары алып барылғаны турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.

Соның менен бирге жуўмақланған жылда Қытай мәмлекети менен 432,7 миллион долларлық 17 инвестициялық жойбар, 27 миллион долларлық 32 экспорт ҳәм импорт шәртнамалары бойынша, сондай-ақ, Татарстан Республикасы менен 58 миллион долларлық 23 экспорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилгени елимиз экономикасын және де беккемлеўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын тутады.

Буннан тысқары, аймақлық инвестиция бағдарламалары тийкарында 3,1 триллион сумлық 1434 инвестиция жойбары иске түсип, 10256 жаңа жумыс орны жаратылды. Әлбетте, булардың барлығы елимизде “Инсан қәдири ушын” деген идея астында алып барылып атырған ийгиликли ислердиң әмелий кѳриниси саналады.

Кирип киятырған Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып қала береди.

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!

Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!

Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!

Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Мойнақ районы халқына Жаңа жыл қутлықлаўы
Мойнақ районы халқына Жаңа жыл қутлықлаўы

Ҳүрметли Мойнақ районы халқы!

Ең дәслеп Сиз әзизлерди кирип келген Жаңа 2024-жыл менен шын кеўилден қутлықлайман!

Бүгинги күнде елимизде бәринен бурын инсан ҳәм оның мәплерин гөзлеп алып барылып атырған реформалардың нәтийжеси ҳәр бир пуқараның бахытлы ҳәм абадан турмысы, өзине ҳәм журт келешегине болған беккем исениминде көринбекте.

Аймақларда шөлкемлестирилип атырған халық пенен ушырасыўлар район турғынларының турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Ҳүрметли Президентимиз атап өткениндей, бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпамыз елимизде тынышлықты ҳәм абаданлықты беккемлеўден, инсанларды, халқымызды турмыстан разы етиўден ибарат болып табылады.

Әсиресе, Президентимиз тәрепинен Арал бойы регионын ҳәм бир қатар районларды
социал-экономикалық раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламалардың қабыл етилиўи ҳәр биримизди, гүллән халқымызды және де дөретиўшилик ислерге руўхландырыўда айрықша орын ийелейди.

Бүгинги күнде районымызда барлық тараўлар бойынша аймақларды турақлы раўажландырыў ҳәм «мәҳәллебай» системасы тийкарында қабыл етилген қарар ҳәм бағдарламалардың орынланыўы өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсетпекте.

Әзиз дослар!

Қайсы тараўды мысал етип алмайық, мейли ол денсаўлықты сақлаў, мейли билимлендириў тараўы болсын, ҳәр бир қәдемде көзге тасланып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар халқымыздың турмыс пәраўанлығына хызмет етпекте.

Бүгинги күнде, мәмлекетимизде көркем өнер ҳәм спортқа берилип атырған үлкен итибар, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме саламат әўлад болып жетилисиўи, олардың тек руўхый жақтан ғана емес, ал физикалық жақтан да күшли раўажланыўына тийкар болмақта.

Буның нәтийжесинде, районымыздың билимлендириў тараўындағы белсендилеримиз, спортшыларымыз мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған түрли жарысларда үлкен жетискенликлерге ерисип келмекте.

Бундай жетискенликлер реформалардың ҳәр бири бизге үлкен күш бағышлап еле де нәтийжели жумысларға бағдарлаўы сөзсиз! Солай екен, елимиз ушын хызмет етип атырған районымыздың ҳәр бир пуқарасын өз кәсибиниң маманы болып, өз ўазыйпасын жигерлилик пенен атқарыўға шақыраман.

Ҳүрметли дослар, әзиз жерлеслер!

Сизлерди және бир мәрте кирип келген Жаңа 2024-жыл менен шын-жүректен қутлықлайман, Сизлердиң ҳәр бириңизге денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, районымыздың социал-экономикалық жақтан раўажланыўында әмелге асырып атырған жумысларыңызға тасқын табыслар тилеймен.

Байрамыңыз мүбәрек болсын Әзиз жерлеслер!

Бахтияр Менглибеков
Мойнақ районы ҳәкими
❗️2024-жыл — “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” деп жәрия етилди.

Бул ҳаққында Шавкат Мирзиёев халқымызға жоллаған жаңа жыл қутлықлаўында атап өтти.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🟢Foydali ma'lumot!

"E-auksion" platformasida elektron raqamli imzo kalitini bepul olish mumkinligini bilarmidingiz?

Ma'lumot uchun videoni oxirigacha ko'ring!

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Қарақалпақстан Республикасы жаслар санаат зоналарында жер майданлары ижара ҳуқықы менен саўдаға шығарылады

☎️
Мағлыўмат ушын телефон: (55) 101 54 75.


Беруний районы
(Көриў)
Қоңырат районы (Көриў)
Қанлыкөл районы (Көриў)
Мойнақ районы (Көриў)
Тақыятас районы (Көриў)
Тахтакөпир районы (Көриў)
Хожели районы (Көриў)
Шымбай районы (Көриў)
Шоманай районы (Көриў)
Нөкис қаласы (Көриў)

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
2024-JIL 4-YANVAR KÚNI MOYNAQ RAYONÍNÍŃ BARLIQ AYMAǴINDA TÁBIYǴÍY GAZ TÁMIYINATÍ WAQÍTShA TOQTATÍLADÍ

«Urgenchtransgaz» unitar kárxanasınıń 2024 jıl 3-yanvar kungi 10-d sanlı telefonogrammasına tiykarlanıp Moynaq rayonı aymaǵın tábiyǵıy gaz benen támiyinlep turǵan «Moynaq», «Shaǵırlı» hám «Doslıq» avtomatlastırılǵan gaz bólistiriwshi stanciyalarında gaz tarmaqlarında profillaktikalıq hám ońlaw jumısları alıp barılıwına baylanıslı 2024-jıl 4-yanvar kúni saat 11:00 den 18:00 ge shekem rayon aymaǵındaǵı "Úshsay" APJdan basqa barlıq jerlerde tábiyǵıy gaz jetkerip beriw waqıtsha toqtatıladı.
Ońlaw jumısları juwmaqlanǵannan soń tábiyǵiy gaz támiyinatı qayta tiklenedi.
Ońlaw hám profillaktikalıq jumıslar sebepli jetkizilip atırǵan qolaysızlıqlar ushın «Moynaqtumangaz» gaz támiynatı bólimi tutınıwshılardan keshirim soraydı.

✍️ «Moynaqtumangaz» GTB

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📹Мойнақтағы «POLYBAG» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (қалта ислеп шығарыўшы кәрхана) ҳаққында нелерди билесиз?

Толық: Қарақалпақстан телеканалы арқалы эфирге берилген нәўбеттеги репортажда👆👆👆

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🐫Мойнақта түйе шарўашылығы раўажланбақта

Ҳүрметли Президентимиздиң фермерлерге, шарўашылыққа болған айырықша, дыққат итибары нәтийжесинде Мойнақ районы "Ҳәким ата" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында "Мўйноқ-Янги йўл чорвадор"  жуўапкершилиги шекленген жәмийети фермер хожалығы дүзилди. Фермер хожалығы түйешиликти раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилип, 3 мың гектар жер жайлаў ушын ажыратылған. Алдағы ўақытта жылқы ҳәм ешкилерди көбейтиў режелестирилип, ҳәзирги ўақытта 45 бас түйе бар. Оларды бағыўға, жайып келиўге еки пуқара бәнт етилген. Быйыл бәҳәр мәўсиминде түйелердиң боталаўы күтилмекте ҳәм сол ўақытта оларды саўыўға мәўсимий ҳаял-қызлардың жумысқа алыныўы жобаластырылмақта.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
“Жаслар туризми ҳәптелиги” күнлери қандай байрам илажлары болып өтпетке?

Бүгин Мойнақ экология музейинде “Музейде жаӊа жыл” атлы кеўилашар илажы болып өтеди.

Басланыў ўақты саат 11.00де

👉 t.iss.one/turizm_kr

Web-site|Telegram|Facebook|Instagram|Twitter|YouTube
🔊Shet tillerin biypul meńgeriwdi qáleysiz be

Jaslar arasında shet tillerin en jaydırıw maqsetinde
Moynaq rayonı hákimligi hám Jaslar isleri agentligi Moynaq rayonı bólimi menen birgelikte Mektep hám mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemine qaraslı bilim beriwlendiriw mekemeleri arasında #Ibrat_academy 📱mobil baǵdarlaması arqalı shet tilin úyreniw boyınsha tańlaw shólkemlestirilmekte.
Bunda shet tilin úyrengenligin tastıyıqlawshı sertifikat alıw jetkilikli.

Jarıs usı jıldıń 2️⃣4️⃣yanvar kúnine shekem dawam etedi.

Eń kóp sertifikatdı qolǵa kiritip:
🥇-🥈hám🥉 orın alǵan bilimlendiriw mekemelerine Moynaq rayonı hákimligi tárepinen Húrmet jarlıǵı hámde kitaplar 📚toplamı tapsırıladı.

Baylanıs ushın telefon ☎️: 93 771 94 94, 90 420 22 96

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Мойнақ районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы ескертеди, себеби 110/10кВ Арал подстанциясынан шығыўшы 10кВ Уч-сай фидери хаўа линиясында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы "Үшсай" АПЖ ҳәм "Дослық" МПЖ аймақларында 4-январь күни саат 10:00ден 13:00ге шекем электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
🔴Live
#Мәҳәлледе_дуў_дуў_гәп
#Мойнақ_районы

Бүгин "Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратына мәҳәлле турғынлары жәм болды. Себеби бул билимлендириў мәкемесинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астындағы «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында руўхый-ағартыўшылық мәдений илажлары болып өтпекте.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
#Мәҳәлледе_дуў-дуў_гәп
#Мойнақ_районы

Бүгин "Мойнақ" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратына мәҳәлле турғынлары жәм болды. Себеби бул билимлендириў мәкемесинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астындағы «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында руўхый-ағартыўшылық мәдений илажлары болып өтти. Онда сөзге шыққанлар соңғы жылларда Президентимиздиң айырықша дыққат, итибары нәтийжесинде Мойнақ районында әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар ҳаққында атап өтти. Илаж шеңбериндеги Мойнақ районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшыларының таярлаўында өткерилген концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады. Сондай-ақ, викториналық ойынлар шөлкемлестирилип, жеңимпазларға көркем әдебий китаплар саўға етилди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter