Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Миллий қәдириятлар ҳәм үрп-әдетлерди үгит нәсиятлаў илажы шөлкемлестирилди

Көп әсирлик тарийхқа ийе болған қарақалпақ халқының турмыс тиришилиги халық даналығы болған нақыл-мақаллардан баслап миллий үрп-әдетлерде,
ата-бабаларымыздың тутқан буйымларындв, көркем әдебиятларда сәўлеленип, заманнан-заманға, атадан жыраў, қыссақан, ертекши,
шайырлар жетип келмекте. Соның менен бирге, бул мийрасларымыз ҳәм үрп-әдетлеримизди жасларға  жеткериўде нураныйлардың орны айырықша. Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Б.Жамалова тәрепинен
Мойнақ экология музейинде миллий қәдириятларымызды сәўлелендириўши  үгит-нәсиятлаў
илажы шөлкемлестирилди.
Илажға районымыз белсенди  нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты. Музей хызметкерлери тәрепинен ески буйымлар, қара үйге тийисли атамалар ҳаққындағы  сораў-жуўаплар менен қызықлы  басланған илаж айтыслар, қосықлар, ойын-заўық пенен кеўилли даўам етти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Сегиз қырлы, бир сырлы өнер ийеси менен сәўбет

Айтбийке Тәжимуратова Мойнақ районы "Тик өзек" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасайды. Жасы жетписке жақынласа да, қартайдым, демейди. Қолы ҳәмийше мийнетте.

Шарўашылық, дийханшылық пенен шуғылланады. Буларға қоса биогумус та ислеп шығарып атыр. Ол бул жумыслардан да бос ўақыт таўып, тоқыма тоқыйды. Оларды сатып дәрамат табыў менен бирге, үйиниң ҳәр қәдемине безек сыпатында пайдаланады.

Мине усындай сегиз қырлы, бир сырлы инсанлардың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы жумыслары арқалы Сайҳунабад тәжирийбеси Мойнақ районында еле де ғалабаласыўы анық.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналы
🏃🏻‍♂️Арал теңизи бойлап 42 км: Аралбойы аймағында ашық Эко-марафон болып өтеди Бул марафонды өткериўден мақсет Арал теңизиниң экологиялық апатшылығын ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас түрде пайдаланыў зәрүр екенлигине кең жәмийетшиликтиң итибарын тартыўдан…
🏃🏻‍♂️Эко-марафон қатнасыўшылары Мойнақ районы орайына жетип келди

Оларды район ҳәкиминиң орынбасары М.Жумабаев күтип алды ҳәм илаж қатнасыўшыларына әўмет тиледи.

Олар "Арал теңизи тарийхы музейи", Кемелер музейи комплексинде болып, теңиз бенен байланыслы мағлыўматларға ийе болды ҳәм ҳүжжетли фильм ушын әмелге асырылған сёмка жумысларына қатнасты.

Бул марафонды өткериўден мақсет Арал теңизиниң экологиялық апатшылығын ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас түрде пайдаланыў зәрүр екенлигине кең жәмийетшиликтиң итибарын тартыўдан ибарат. Марафон маршруты Аралдың қурыған ултаны бойлап ҳәзирги суў ресурслары сақланып қалған аймағына шекем даўам етеди.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қазақдәрьялы Манзура Қаржаўбаева мектепти алтын медаль менен питирди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен оқыўшыларды ҳәм олардың устазларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2023-2024-оқыў жылында 11-класс оқыўшылары арасында өткерилген тийкарғы пән олимпиадасының IV жуўмақлаўшы басқышында сыйлы биринши орынды ийелеген оқыўшы ҳәм оның устазы сырт елге бир ҳәптелик саяхатқа барыў мүмкиншилиги жаратылған еди.

Усыған муўапық  IV басқыш жуўмақлаўшы пән олимпиадасында биринши орынды ийелеген Мойнақ районы "Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшысы Манзура Қаржаўбаева ҳәм оның устазы Бирлескен Араб Әмирлигиниң Дубай қаласына тәлим саяхатында болды.

Ол буннан басқа да көплеген жарыс ҳәм таңлаўлардың жеңимпазы.

#миннетдаршылық #мақтаныш

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Көшпели қабыллаў

Мойнақ районындағы Жаслар орайы имаратында Қарақалпақстан Республикасы Ҳуқық қорғаў ўйымлары басшыларының ҳәм Мойнақ районы ҳәкиминиң көшпели қабыллаўы болып өтти.
Жәмлескенлик пенен өткерилген бул қабыллаўға мүрәжатлары менен келген пуқаралардың машқалалары басшылары тәрепинен айырықша дыққат, итибар тыңланды. Сол жердиң өзинде шешим тапқан мүрәжатшылардың талаплары орынланып, шет тилин үйрениў курсларына бий пул баучерлер,
исбилерменлигин баслаўы ушын керек болған әспаб-үскенелер, сондай-ақ, шаштәрезхана ушын зәрүр буйымлары, тигиў машинасының  барлық топламлары, печкалар ҳәм музлатқышлар тапсырылды.
Мүрәжжатлары унамлы шешим тапқан пуқаралар өз интервьюлеринде миннетдаршылықларын билдирди.
Буннан басқа да орынланыўы ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды, айрымларына ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип өтти.

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
🏆 Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы.
🏵️Мини-футбол қызлар "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы" ның Қарақалпақстан Республикалық басқышы
⚡️Мойнақ 3:2 Беруний

👆Қызларымыз группадағы 3-ойында да жеңиске ерисип, 1-орын менен кейинги басқышқа шықты

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақта бетон өнимлери ислеп шығарылмақта

muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter