⚡️ДЫҚҚАТ, МОЙНАҚТА ҚОСЫМША КАРАНТИН ШЕКЛЕЎЛЕРИ ЕНГИЗИЛДИ

Соңғы ўақытларда пуқараларымыздың карантин қағыйдаларына бойсынбай медициналық маскасыз жүриўи, қол берисип (бас дүгистирип) ҳәм социаллық аралықты сақламаўы ақыбетинде Мойнақ районында коронавирус инфекциясы менен кеселлениў ҳалаты өсип бармақта.

Коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Мойнақ районы арнаўлы комиссия жыйналысы баянламасына тийкар район аймағында қосымша карантин шеклеўлер енгизилди:

🚶 а) пуқаралардың сутка даўамында район аймағында мақсетсиз (жумысқа, жақын аймақтағы азық-аўқат дүканларына, аптекаға ҳәм шыпакер көригине барыў ҳәм қайтыўдан тысқары) ҳәрекетлениўи;

🚘🏍🚲 🚫 б) автотранспорт, мототранспорт (скутер) ҳәмде велосипед қуралларының сутка даўамында район аймағында ҳәрекетлениўи;
(жоқарыдағы шеклеўлер арнаўлы рухсатнама (стикер)лар тийкарында ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларына ҳәмде Республика арнаўлы комиссиясының усы жыл 8-июлдағы қарары менен тастыйықланған автотранспорт қураллары ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын автотранспорт қуралларына тийисли емес).

в) шемби ҳәм екшемби күнлери дийхан базары аймағында саўда-сатық ислери ўақтынша тоқтатылады.

👆 Ҳүрметли район турғынлары, шеклеўлерге сөзсиз әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатылды ҳәм бул талапларды бузған шахсларға белгиленген тәртипте жуўапкершилик шаралары қолланылады.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.
@MuynakPress
ҚӘЎЕНДЕРЛИК ҚАЙЫРҚОМЛЫҚЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Мойнақ районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими жанынан шөлкемлестирилиген «Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайы»на аймақтағы пуқаралар ҳәм исбилерменлер тәрепинен азық-аўқат өнимлери жардем есабында келип түспекте.

Райондағы 1197 қысқа номерли «call-centr» шөлкемлестирилген болып, усы күнге шекем 32 пуқарадан мүрәжәәт келип түсти. Соннан 26 пуқараның мүрәжаты толығы менен қанаатландырылып, 6 пуқараның мүрәжаты үйренилип шығылмақта.

Сондай-ақ, социаллық жәрдемге мүтәж 60 хожалыққа карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда азық-аўқат өнимлер жеткерилип берилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.
@MuynakPress
💧МОЙНАҚТА ИШИМЛИК СУЎЫ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИНЕ НЕЛЕР СЕБЕП БОЛМАҚТА?

💧АЛДАҒЫ ЎАҚЫТТА БУЛ МӘСЕЛЕ БОЙЫНША ҚАНДАЙ ИЛАЖЛАР ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛАДЫ?

💧СУЎ МАШҚАЛАСЫ ШЕШИЛЕ МЕ ЯКИ ЖОҚ!?
ТАРАЎ ҚӘНИГИЛЕРИНЕН РӘСМИЙ ЖУЎАП

Толық оқыў ушын:
👉 https://moynaq.rk.uz/?p=2329&lang=kk

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналына ағза болың: 👉 @MuynakPress
💧МОЙНАҚТА ИШИМЛИК СУЎЫ ЖЕТИСПЕЎШИЛИГИНЕ НЕЛЕР СЕБЕП БОЛМАҚТА?

💧АЛДАҒЫ ЎАҚЫТТА БУЛ МӘСЕЛЕ БОЙЫНША ҚАНДАЙ ИЛАЖЛАР ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛАДЫ?

💧СУЎ МАШҚАЛАСЫ ШЕШИЛЕ МЕ ЯКИ ЖОҚ!?
ТАРАЎ ҚӘНИГИЛЕРИНЕН РӘСМИЙ ЖУЎАП

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң «@muynakpress_bot»ына ҳәм басқа да социаллық тармақлар арқалы пуқараларымыз тәрепинен ишимлик суўға мүтәжлиги ҳаққында мүрәжатлары келип түспекте.
Мәселе район ҳәкимлиги менен биргеликте тийисли қәнигелер тәрепинен үйренилип шығылды ҳәм төмендегилерди мәлим етип билдиреди.
Ҳәзирги жаз мәўсиминде климатымыздыӊ кескин ыссы болыўы, ирригация система жоқлығы себепли пуқараларымыз өзлериниӊ қыйтақ жерлерин ишимлик суўынан пайдаланып суўғарып атырғанлығы ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың бой тиклениўине байланыслы базыбир аймақларға ишимлик суўының жетип барыўы машқала болып келмекте.
Бул мәселени унамлы шешиўде «Қарақалпақ суў тәмийинаты» жуўапкершилиги шекленген жәмийети Мойнақ районлық филиалы тәрепинен тийисли илажлар көрилип, «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағы «Алимбетов» көшеси турғынларына тасымалы турде арнаўлы исузи автомашинасы менен ишимлик суўын жеткерип берилмекте.
2020-жыл Азия раўажланыў банки тәрепинен баҳасы 14014,1 млн АҚШ доллар муғдарында бөлинген бир қатар усыныслар киритилген. Атап айтқанда «Ушсай» аўылы, «Арал» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «А.Тлеўов», «Хамза» көшелери, «Жайҳун» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Сапарниязов», «А.Темур», «Өзбекстан» көшелери, «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жиемуратов» көшеси, «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бердақ», «Қазақбаев», «Абай» көшелери, «Таллы-өзек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Нурмуханов» көшеси, «Мадели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Шеге» аўылы, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қыпшақдарья» аўылы, «Ҳәким-ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Алиаўыл», «Дослық» аўылларына тазадан ишимлик суў тармақларын тартыў бойынша усыныслар киритилген.
Бул бағдарлама бойынша район халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде тазадан заманагөй трубалар көшеме-көше тартылып, Қоӊыраттан келип турған ишимлик суў муғдарын көбейтиў ушын «Ҳәким-ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дослық» аўылы бурылмасы, «Үшсай» аўылы ҳәм «Мадели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Шеге» аўылы бурылмасы бойынан насос станциялары қурылып, районға ишимлик суўын жоқары басымда жеткерип берилиўи тәмийинленеди.
Район орайындағы насос станцияда қайта реконструкция ислери алып барылады ҳәм таза насослар қойылады. Бул объектлер бойынша смета ҳүжжетлери исленип ҳәзирги күнде тендерге қойылыўы күтилмекте.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.
@MuynakPress
Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығына қараслы тоғай фонды жерлеринде өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиўди күшейиттириў илажлары ҳаққында

МОЙНАҚ РАЙОНЫ ҲӘКИМИНИҢ ШЕШИМИ


Толық оқыў ушын:
👉 https://moynaq.rk.uz/?p=2332&lang=kk
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң рәсмий каналына ағза болың: 👉 @MuynakPress
ӨМИР ӨТЕ БЕРЕР, ЗЫРЛАП УСЫЛАЙ!

Дүньяға келемиз болып нәресте,
Ана ҳәййиўине қанып бесикте.
Иңгәлап сес берип анаң кешиксе,
Ўақыт өте берер, зырлап усылай.

Балалық гирбиңсиз, сумлық жоқ ҳеште,
Ойнаймыз алаңсыз түс мейли кешпе.
Жети жаста барып туңғыш мектепке,
Күнлер өте берер, зырлап усылай.

Мектепте туңғыш «Әлипбе» услап,
Есейемиз кластан-класқа атлап,
Баслаўыш класты кейинге таслап,
Өмир өте берер, зырлап усылай.

Шоқлық, еркеликке толы ҳәр күни,
Естен кетпес оқыўшылық дәўири,
Жаслық сезимлердиң бурқып ҳәўири,
Өмир өте берер, зырлап усылай.

Аттестатты алып, мектеп питкерип,
Ойланамыз түрли әрманлар етип,
Ул уяға, қызлар қыяға кетип,
Өмир өте берер, зырлап усылай.

Студентлик алтын дәўир басланар,
Еске алсаң қара көзиң жасланар,
Сессиясы, диплом иси, басқа бар,
Дәўир өте берер, зырлап усылай.

Ержетемиз бир кәсипти меңгерип,
Үй боламыз, турмыс қурып, үйленип,
Гә үйшилик, гә жумысқа үлгерип,
Өмир өте берер, зырлап усылай.

👉👉👉
👈👈👈 Дүньяға келгенде туңғыш перзентиң,
Артар және ата-аналық миннетиң,
Улың-қызың, келешегиң, дәўлетиң,
Өмир даўам ете берер усылай.

Ул-қызыңның келешегин ойлайсаң,
Зыр жуўырып сирә тыным таппайсаң,
Жары жаста сәл кейниңе қарайсаң,
Күнлер өте берер, зырлап усылай.

Ақлық көрдим, ай көрдим деп қуўанып,
Жуп жағаңа түпирерсең жубанып,
Сәл нәрсеге қапа болып муңайып,
Өмир өте берер, мине усылай.

Өмир мисли жазылмаған әпсана,
Күнлер өтер, арта берер машқала,
Көз көреди, не түссе де бул басқа,
Өмир өте берер, зырлап усылай.

Тезде зырлап өтип жыллар дизбеги,
Жемисин терерсең алтын гүздеги,
Қыс паслында қарда қалған из киби,
Өмир өтип кетер, зырлап усылай!!!

©️Алия БЕКМАҒАНБЕТОВА, Мойнақ районы 15-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.
⚡️ДЫҚҚАТ, МОЙНАҚТА ҚОСЫМША КАРАНТИН ШЕКЛЕЎЛЕРИ ЕНГИЗИЛДИ

Соңғы ўақытларда пуқараларымыздың карантин қағыйдаларына бойсынбай медициналық маскасыз жүриўи, қол берисип (бас дүгистирип) ҳәм социаллық аралықты сақламаўы ақыбетинде Мойнақ районында коронавирус инфекциясы менен кеселлениў ҳалаты өсип бармақта.

Коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Мойнақ районы арнаўлы комиссия жыйналысы баянламасына тийкар район аймағында қосымша карантин шеклеўлер енгизилди:

🚶 а) пуқаралардың сутка даўамында район аймағында мақсетсиз (жумысқа, жақын аймақтағы азық-аўқат дүканларына, аптекаға ҳәм шыпакер көригине барыў ҳәм қайтыўдан тысқары) ҳәрекетлениўи;

🚘🏍🚲 🚫 б) автотранспорт, мототранспорт (скутер) ҳәмде велосипед қуралларының сутка даўамында район аймағында ҳәрекетлениўи;
(жоқарыдағы шеклеўлер арнаўлы рухсатнама (стикер)лар тийкарында ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларына ҳәмде Республика арнаўлы комиссиясының усы жыл 8-июлдағы қарары менен тастыйықланған автотранспорт қураллары ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын автотранспорт қуралларына тийисли емес).

в) шемби ҳәм екшемби күнлери дийхан базары аймағында саўда-сатық ислери ўақтынша тоқтатылады.

👆 Ҳүрметли район турғынлары, шеклеўлерге сөзсиз әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатылды ҳәм бул талапларды бузған шахсларға белгиленген тәртипте жуўапкершилик шаралары қолланылады.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.
@MuynakPress
Бүгин 24-июль ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң туўылған күни

ПРЕЗИДЕНТИМ

Әдеп сақлап, хүрмет пенен сәлем берер,
Мен Мойнақтың қарапайым баласыман,
Мойнақ халқы, сизди жаннан артық көрер,
Соны айтып, шыққан елдиң арасынан.

Келешеги не болады, Мойнақтың деп,
Ынжылып көп, халқымыз да тартты жәбир,
Үмитсизлик, ҳәр қыялды ойлаттың көп,
Шешим таппай, машқалалар артты не бир.

Көшип кетти, не адамлар елден безди,
Кетпегенлер қалды елде, жанын жағып,
Тәбияттың сынағына, үнсиз төзди,
Сабыр етти, жақсылыққа қарай бағып.

Әйне күнде, сиз келдиңиз бахтымызға,
Халық үмитин ақладыңыз меҳир берип,
Мойнағыма ҳәр бир келген ўақтыңызда,
Күтип алар халқыңыз бар, меҳирленип.
👉👉👉
👈👈👈 Кеўип қалған, теңиздиң кең ултанына,
Үлкен күшти, итибарды қараттыңыз,
Техниканың бәрин айдап, қум кәнине,
Сексеўилден, тоғайзарлық жараттыңыз.

Дузлы шаңғыт, басылды да,тарқап думан,
Таза хаўа, суў атлығып өмир келди,
Ким болмасын, күшиңизге етсе гүман,
Көрсин мине, жаңа Мойнақ деген жерди.

Питип турған, аэропортым сән бергендей,
Зәўлим жайлар саўлат төгип, нур таратар,
Шырақлары жымыңласып, тән бергендей,
Кешке қарай қаламызды жарқыратар.

Дем алыста балаларға лагерь тайын,
Ертектеги шаҳзадалар, сарайындай,
Жол бойында, теплицаны көрген сайын,
Мойнақ енди, көклемзарлар орайындай.

Пандемия, тәшўиш бастан асса-дағы,
Ҳеш бир нәрсе, нәзерден тыс, қалған емес,
Тәбийий апат елге араласса-дағы
Өзбекстан жеңип өтер, жалған емес.

Халық пенен бирге, бәрҳә қасындасыз,
Пүткил жәҳән, ҳәўес етер бизлер таман,
Мойнақ десе, уллы ислер басындасыз,
Бахтымызға Президентим, болың аман!

Еркинбай НАМЕТОВ, Мойнақ 2020-жыл, 15-июнь.

@MuynakPress
Forwarded from Tez yordam
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Kasallikdan sog'aygan odam muzdek ichimlik ichsa yoki muzqaymoq yeb qo'ysa, koronavirus yana qaytalashi mumkinmi?
Immunolog-infeksionist Aziza Xo'jaeva javob beradi va virusolog Ra'no Qosimova javob berishadi.

📹Hajmi: 7 Mb

#tezyordam #5son #maslahatlar

@tezyordamlive
#жоғалтыў

Бүгин Қанлыкөл районы ҳәкими Дәўлет Аяпбергенович Толыбаев дүньядан өтти.

Мойнақ районы ҳәкимлиги атынан марҳумның жақынларына, шаңарақ ағзаларына терең қайғырыӯ менен кеўил айтамыз.

Мойнақ районы ҳәкимлиги жәмәәти
⚡️ДЫҚҚАТ, МОЙНАҚТА ҚОСЫМША КАРАНТИН ШЕКЛЕЎЛЕРИ ЕНГИЗИЛДИ

Соңғы ўақытларда пуқараларымыздың карантин қағыйдаларына бойсынбай медициналық маскасыз жүриўи, қол берисип (бас дүгистирип) ҳәм социаллық аралықты сақламаўы ақыбетинде Мойнақ районында коронавирус инфекциясы менен кеселлениў ҳалаты өсип бармақта.

Коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Мойнақ районы арнаўлы комиссия жыйналысы баянламасына тийкар район аймағында қосымша карантин шеклеўлер енгизилди:

🚶 а) пуқаралардың сутка даўамында район аймағында мақсетсиз (жумысқа, жақын аймақтағы азық-аўқат дүканларына, аптекаға ҳәм шыпакер көригине барыў ҳәм қайтыўдан тысқары) ҳәрекетлениўи;

🚘🏍🚲 🚫 б) автотранспорт, мототранспорт (скутер) ҳәмде велосипед қуралларының сутка даўамында район аймағында ҳәрекетлениўи;
(жоқарыдағы шеклеўлер арнаўлы рухсатнама (стикер)лар тийкарында ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларына ҳәмде Республика арнаўлы комиссиясының усы жыл 8-июлдағы қарары менен тастыйықланған автотранспорт қураллары ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын автотранспорт қуралларына тийисли емес).

в) шемби ҳәм екшемби күнлери дийхан базары аймағында саўда-сатық ислери ўақтынша тоқтатылады.

👆 Ҳүрметли район турғынлары, шеклеўлерге сөзсиз әмел етилиўи үстинен қатаң қадағалаў орнатылды ҳәм бул талапларды бузған шахсларға белгиленген тәртипте жуўапкершилик шаралары қолланылады.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.
@MuynakPress
Forwarded from Xolis nazar | Расмий канал (mahalladosh_bot)
Мўйноқда ишсиз ёшлар муаммосига қандай ечим топилди?

https://mahalladosh.uz/post?id=8710